Наманган ҳәм Жиззақ ўәлаятларында заманагөй пал ҳәррешилик орайлары шөлкемлестириледи

    Өзбекстан елшиханасы хызметкерлери Египеттиң Танта провинциясында жайласқан “Al-Aseal” пал ислеп шығарыў кәрханасының жумысы менен танысты.

    "Дунё" ХАның хабар бериўинше, “Al-Aseal” пал ислеп шығарыў кәрханасының басшысы Фатхи Бехейри менен сөйлесиў өткерилди. Онда Наманган ҳәм Жиззақ ўәлаятларында пал заводын шөлкемлестириў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў додаланды.

    Соның ишинде, қурылысы режелестирилип атырған имаратлар, палды қайта ислеў, тазалаў ҳәм байытыў системасы бойынша режелер көрип шығылды.

    Сөйлесиўлерден соң палды қайта ислеў ҳәм қадақлаў орайы және пал жыйнаў майданына экскурсия шөлкемлестирилди. Дипломатлар жаратылған шараятлар ҳәм өндирис процеси менен жақыннан танысты.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates