Қантар аўып, шопанның ийнине қуяш тийди. Аппақ қар менен қапланған төбеликлерде ериў басланды. Жер қызып, ҳәўири аспанға көтерилип атыр. Әлле қашан қозылап болған падасын байшешек бой көрсеткен кең далаларға айдаўға асыққан шопан малдың жылы келгенинен ырза. Таяғына сүйенип берекени шамалап көреди. Өзинше есабынан тәселле табады. Кеўли қуяшта ериген қардай жибисип, қызған тастың үстине бир майдан отырады. Анасының изинен ерип киятырған егиз қозыларға қарап кеўли жайнайды. Қойнына салып жүрген, атасынан қалған шыңқобызды алып, ернине тийгизеди. Өзинше шертпеге қолайласады. Саздың сести бираз келиспей қалады. Өткен жылы бәҳәрден бери қолына алмаған еди. Азғана ядынан шығыпты. Жалпақ тасқа орналасып алып, қайтадан урынады.
Ғың-ғың, деген сес жаңлап баслайды. Саз дәслеп бираз пәсейип, кейин көтериледи. Әтирапқа өзгеше нама таралады. Бул намадан төбениң күн тийетуғын тәрепиндеги жартастың қары ерип, жаңа ғана баўырына ыссылық тийген қуўраған шөп сергекленгендей бас көтереди. Жағымлы самалдың тәсиринен бе ямаса шыңқобыздың сестине үнлес пе, теңселип, ойынға түскен болады. Анадай жерде бийениң изинен ерип жүрген, еле туўылғанына көп болмаған тай бул ырғақты биринши мәртебе еситип атырған болса керек, қулақларын тикирейтип үнсиз қарап қалады. Мүмкин қулағына жумсақ жағып атырған шығар.
Бир-бирине тығылысып турған еки жуп бүлбил де ҳәрекетке түседи. Нәзик нама қайдан киятырғанына қызықсынып, үлкен тастың үстине қатарласып қонып алады. Усы ўақытқа шекем кеўип қалған кекликтиң көзиндей ғана булақ та ҳәрекетке келеди. Оннан мөлдир суў сорғалап шығып, ойға қарай аға баслайды. Шулдырлаған сайға қосылып, сайға қарай ағады. Сырқыраған даўыс шығарып, тап шопанға қосылып қосық айтып атырғандай. Хабаршы қуслар ушып, қосық айтыўға кириседи. Пүткил барлық ояна баслайды. Демек, бәҳәр кирип киятыр.
Ҳақыйқатында да ерте бәҳәрди шарўалар күтип алып, соң нәўбет дийқанларға өтеди. Қолына кетпен алып иске кирискен дийханлар ҳаўа райының жақсы болыўына үмит етип, жерге туқым шашады. Жыл берекетли болыўын тилеп кекселер пәтияға қол жаяды. Нураныйлар қолына бир түп болса да нәл алып егиўди баслайды.
Ояныў мәўсими барлық жанзатты ҳәрекетке келтиреди. Атызларда жумыс, қызғын турмыс басланады. Және бир мәҳәлледе көмек шөлкемлестириледи. Ҳәўлилердеги тереклер ҳәкленип, асты жумсартылады. Ҳаял-қызлар үлкен қазан орнатып, сүмелек писириўди баслап жибереди. Қолына уршық алған мамалар жасыл майсаға көрпеше салып, өтмиш лапарларын жырлаўға кириседи. Гүлден шеңбер кийген қызлар апасының қолындағы уршықтың айланыўына ҳәўес пенен қарайды. Қолына қайшы алған ата ақлығын жетеклеп бағ аралайды. Бой көрсеткен шөплерди алып: "аманлық, аманлық, ҳеш көрмейик жаманлық", деп жеткергенине шүкиршилик етеди. Ғаррының ҳәрекетине таңланып тигилип, көзлери жайнап турған балаға ата рәўиятлар айтады. Бундай көринис ҳәр бир шаңарақта, ҳәр бир аўылда тәкирарланады. Қулласы, жақын арада жасарыў әййямы - Наўрыз кирип келеди. Жаңа күнге жақсы нийетлер менен таярлық көриў керек.
Көкдала районындағы Чиял халқы ҳәр жылғы Наўрызды өзгеше күтип алады. Аймақ дәстүрине бола, бәҳәр байрамын өткериўди аўылдағы мектепти қайсы бир жылы питкерген классласлары мойнына алады. Дәслеп ақсақаллардың алдынан өтип, разылық сорайды. Режелери тийкарында исленетуғын қайырлы басламалары ҳаққында толық айтып береди. Буннан соң келеси жыл байрам шөлкемлестириўшилери - мәселен, 1987-жылы туўылған класслас жигитлер екени жәрияланады. Өз мойнына үлкен жуўапкершиликти алған классласлар сол күнниң ертеңине-ақ жумысқа кириседи. Ең әҳмийетлиси, олардың өз нийетлерине бола, аўылда жақсы абаданластырыў басланады. Яғный, кейинги Наўрызға шекем өзлериниң есабынан белгили бир қаржы жыйнап, қәўендерлик есабынан көпир ямаса жолға асфальт жатқарады. Өзлери билим алған мектепке китап саўға етеди. Оқыў имаратын оңлап береди.
Быйылғы жылы да Чиялда әдеўир үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, ҳәзирги күнлерде аўыл балаларының мектепке қатнаўы ушын пиядалар жоллары қурылмақта.
- Чиялда ҳәзир 12 мәҳәлле бар, - дейди аймақ белсендиси Алламурат Келдиев. - Солай болса да, ҳәр бир мәҳәлледе дәстүр бар. Соның нәтийжесинде аўылларымыз абат мәканға айланбақта. Жолларымыз жақсыланып, машқалалар сапластырылмақта. Жаслардың бул ийгиликли басламасы арқалы кәмбағал шаңарақлардың бәнтлиги тәмийинленип, абаданлыққа қәдем таслаўына шараят жаратылмақта. Әсиресе, жоқары оқыў орынларында билим алып атырған, имканияты жетпейтуғын айырым студентлерге контракт пулларын төлеп бериўде үлкен жәрдем берилмекте. Буннан тысқары, мектеплеримиздиң жағдайы әдеўир жақсыланбақта. Китапханаларымыз китапларға толып атыр.
Аўыл ақсақалларының айтыўынша, бурынғы класслас жигитлер ҳәр бир мәҳәлле турғынларын бириктирип, өз есабынан Наўрыз сейилин шөлкемлестиреди. Байрам алдынан жаслар арасында волейбол, футбол, миллий гүрес, арқан тартыў, тас көтериў сыяқлы спорт жарыслары өткерилип, жеңимпазлар мүнәсип сыйлықланып барылады. Және бир тәрепи, спорт беллесиўлеринде тек ғана жаслар емес, ал жасы үлкенлердиң де қатнасыўы тәмийинленип, илаждың қызықлы өтиўине имканият жаратылады.
Чиялда отыз жылдан аслам ўақыт даўамында қәлиплескен бул ийгиликли дәстүрди басқа жерде ушыратыў қыйын. Егер улыўмаластыратуғын болсақ, өткен жыллар даўамында әйне усы баслама себепли аймақта бир қанша унамлы жумыслар әмелге асырылды. Мәселен, усы ўақытқа шекем аўыллар арасындағы мәўсимде толып ағатуғын Қумдәрьядан бәҳәр мәўсимлеринде өтиў қыйын болып келген. Әсиресе, оқыўшылардың мектепке қатнаўы әдеўир қыйынласып қалған еди. Бул машқаланы сапластырыў ушын халық "кимдур ислеп берер" түринде жумыс ислемей, "көмек"ти баслап жиберген. Онда әйне Наўрыз шөлкемлестириўшилери тийкарғы қәўендерлик еткен. Нәтийжеде кейинги бес-алты жылда үш-төрт көпир қурылды. Узақ жыллық тәшўиш арыды. Оқыўшылардың узағы жақын болды.
- Бул дәстүр нәўбет пенен алмасып бара береди, - дейди Қумдәрья мәҳәллесиниң баслығы Ўктам Соипов. - Быйыл бизде 1984-жылы туўылған класслас жигитлер байрам илажларына басшылық етпекте. Берекет тапсын. Ҳәзирге шекем мәҳәллемиздиң ишки көшеси жанынан 3 километр пиядалар жолын қурып берди. Бурын балаларымыз мектепке үлкен асфальт жолдан баратуғын еди. Машиналар ҳәрекетине мөлшерленген жолдан жүриў бираз қәўипли. Ата-аналардың қәўетери артып, перзентлери үйге қайтқанша көшеге телмирип отырды. Ҳәзир тегис жолдан арқайын пайдаланбақта. Соның менен бирге, қуяш нурынан қуўат алатуғын көше шырақларын да орнатып берди. Усының есабынан жолларымыз жақты болды. Өткен жылғы баслама көтергенлер көпир қурып берген еди. Оннан алдынғы жылы мектебимизде артезиан қудығы қазылып, ишимлик суў менен тәмийинленди. Әйне Наўрыз байрамы бәнеси менен ҳәр жылы жаңалықларға қол урылмақта. Мәнзилимиз абат мәканға айланбақта.
Ийгиликли баслама усы аймақта жайласқан "Чувуллоқ" мәкан пуқаралар жыйынында да кең ен жайған. Мәҳәлле нураныйларының айтыўынша, класслас жигитлердиң басламасы менен быйыл социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларға үлкен жәрдем берилген. Соның менен бирге, Наўрызды өткериўди мойнына алған жигитлер өзлери оқыған мектеп китапханасына көркем әдебиятлар саўға еткен. Өткен жыллар даўамында исленген бундай жумыслардың санына жетип болмайды.
- Әзелден жаңаланыў байрамы өзгеше күтип алынған, -дейди "Тоқмар" МПЖ баслығы Шерали Мирзаев. - Наўрыз халқымыз ушын ең қәдирли байрамлардан бири. Буған бәрқулла айрықша таярлық көрилген. Ата-бабаларымыз тазалыққа итибарды, бәринен бурын, ҳәўлисинен баслаған. Соннан кейин көшелер тазаланған. Көмек салынып, орынларға тереклер отырғызылған. Наўқаслардың жағдайынан хабар алған. Ғаррылардың пәтиясы алынған. Бул дәстүр бүгин де даўам етип киятырғаны қуўанышлы. Адаспасам, бизде биринши мәрте 1996-жылы класслас жигитлердиң басламасы менен Наўрыз өткериў басланған еди. Соннан берли ҳәр жылы усы тәризде өткерилип келинеди. Ҳәзирге шекем бул баслама себепли аўылымызда жаңа спорт майданшасы қурылды. Ишки жолымыздың 1 километр бөлеги асфальтланды. Еки километр жолға шебень төселди. Буннан тысқары, 68-мектебимизге қудық қазылды. Ҳәр жылы жүзден аслам терек нәли егилип бериледи.
Басқа орынлардағыдан өзгеше түрде, бул жерде "Наўрыз жылнамасы" китабы да енгизилген. Усы китапқа 1996-жылдан баслап класлас жигитлер тәрепинен ҳәр жылы Наўрыз алдында исленген жумыслар жазып барылады. Китапты бетлер екенбиз, ҳеш бир бетинде бос орын жоқ екенлигиниң гүўасы болдық. Дизимлер кейинги жылларда және де кеңейгенин көриў мүмкин. Бул жылнамада жақсы ат қалдырыў мәҳәлле жаслары ушын үлкен мақтаныш.
Айтыўларына қарағанда, кейинги жыллары Чиял дәстүри ойпатлық бойлап кең тарқала баслаған. Соның есабынан Наўрыз байрамы салтанатлары орынларда және де қәдириятларға бай, миллий үрп-әдетлер тийкарында өтпекте. Бул болса тек ғана аймақлардың абатлығына емес, ал кеўиллердиң нурланыўына да себеп болмақта. Бундай ийгиликли басламалар және де кеңнен ен жайса, бәҳәр әййямы ҳәр бир мәнзилде және де гөззал болатуғыны сөзсиз.
Акбар РАҲМОНОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы