Ояныў мәўсиминиң кеўиллерге әжайып жыллылық ҳәм көтериңкилик бағышлап атырған усы күнлерде елимизде тәбияттың үстин қүдирети ҳәм шексиз сақаўаты тымсалы - Наўрыз улыўмахалықлық байрамын белгилеўге қызғын таярлық көрилмекте. Бул әййям ҳәр жылы тәкирарланса да, үлкен-киши оны әжайып нәрсени күткендей ынтықлық пенен күтип алады. Себеби жасымыз ҳәм кәсип-кәримизге қарамастан, барлығымыз бәҳәрди, бәҳәр жемислерин, бәҳәр нәпесин сағынып жасаймыз.
Шығыс халықларының мәңгилик руўхый қәдириятларынан бирине айланған Наўрыз бир неше мың жыллық тарийхқа ийе. Жазба дәреклерде атап өтилиўинше, бул байрамның жүзеге келиўи әлем ҳәм тәбият сырлары ҳәм нызамларына, яғный қуяштың ҳамал жулдызына кириўи, күн ҳәм түнниң ўақыт жағынан теңлесиўи, бәҳәрдиң келиўи, тәбияттың ояныўы менен байланыслы.
Абу Райхан Беруний буннан мың жыл бурын "Әййемги халықлардан қалған естеликлер" шығармасында Наўрызды тәрийиплеген еди. Омар Ҳайямның "Наўрызнама" шығармасында болса Наўрыздың келип шығыўы, ата-бабаларымыздың усыған байланыслы үрп-әдетлери, сондай-ақ, сүмелек ҳаққында толық мағлыўматлар бар.
Уллы алым Беруний "Қуяш ҳәм Ай аспанның еки көзи болғанындай, Наўрыз ҳәм Меҳиржан заманның еки көзи", деп тәрийплеген еди. Наўрыз бәҳәрде күн ҳәм түнниң тең келиўинде, Меҳиржан болса гүзде тап сондай жағдайда белгиленеди. Наўрызды Беруний "дүньяның басланыўы", Фердаўсий болса "байрамлардың шаҳы", деп атайды.
Юсуф Хас Ҳажиб "Қутадғу билиг" шығармасында төмендегише тәрийп берген: "Шығыстан бәҳәр самалы есип келди, әлемди безеў ушын фирдаўс жолын ашты. Ақ рең кетип, боз жерди қызыл рең қаплады, әлем өзине пардоз берип безениўге таярлана баслады. Зеригерли қысты бәҳәр нәпеси айдады, таза бәҳәр және өз ҳүкимине кирди. Қуяш және қайтып өз орнына келди, Балық (ҳут) қуйрығынан қозы (ҳамал) жулдызына көшти. Уйқыға кеткен тереклер және жасыл шапан кийди, ол, сары, көк, қызыл реңли жипек жабыўлар менен безенди".
Байрамлардың ең әййемгиси, гөззал ҳәм уллысы болған бәҳәр ҳәм жаңаланыў әййямы - Наўрыз әсирлер даўамында сайқалланып, жаңаша мазмун-мәнис алып келеди. Миллий байрамлар ҳәр бир халықтың мақтанышы болып есапланады. Биз ушын да халқымыздың Наўрыз сыяқлы миллий қәдириятлары әзиз ҳәм теберик болып есапланады. Бирақ советлер дәўиринде коммунистлик идеология тәрепдарлары Наўрызға диний илаж, ескиликтиң қалдығы, деп қараўға шекем барды. Оны халық турмысынан, ядынан өширип таслаўға, басқа илажлар менен алмастырыўға урынып көрди.
Ғәрезсизлик халқымызға өтмиште аяқ асты етилген үрп-әдет, дәстүрлеримиз, қәдириятларымыз қатарында Наўрызды да қайтарып берди. Беккем тамырларға ийе болғаны ушын да Наўрыз үрп-әдетлери, дәстүрлери, наўрыз үрп-әдетлери елеге шекем даўам етип, сайқалланып, жетилисип келмекте. Ол әййемги заманлардан бизге шекем жетип келген уллы қәдириятларымыздан бири, шын мәнисиндеги улыўма халықлық байрам болып есапланады.
Өзбеклер ҳәм Орайлық Азиядағы басқа халықлардың тарийхый сынағынан өткен байрам ҳәм мәресимлер адамлардың өз-ара мүнәсибетиндеги пазыйлетлерди, ҳақыйқый халықшыл, улыўма инсаныйлық қәдириятларды сәўлелендиреди. Бундай миллий үрп-әдет ҳәм мәресимлерде өзбеклердиң миллий руўхыяты, мәнаўияты ҳәм минез-қулқының өзине тән, уллы тәреплери де көринеди.
- Наўрыздың тарийхы ҳәм белгилениў усылларына нәзер тасласақ, ондағы әпиўайы халыққа тийисли үрп-әдетлер итибарды тартады. Әййемде байрам күни адамлар өмириңиз шийрин болсын, деп бир-бирине мазалы затлар үлестирген. Гөззал болың, деген мәниде гүллер инам еткен, басланып атырған жылда суў көп болып мол зүрәәт өсиўин тилеп, бир-бирине суў сепкен. Ата-бабаларымыз әсирлер даўамында Наўрыз қарсаңында үлкен қазанда сүмелек қайнатып, кирип киятырған жаңа жыл берекетли, пайызлы ҳәм зүрәәтли болыўына үмит еткен, - дейди тарийхшы илимпаз, Өзбекстанда хызмет көрсеткен жаслар устазы Дилшодхон Қурбонова. - Халқымызда сүмелек нандай қәдирленеди. Оны таярлаўда айрықша тәртип-қағыйдаларға, руўхый өлшемлерге әмел етиледи. Ҳәтте сүмелек писирилген қазан жуўылған суў да дус келген жерге емес, мийўели теректиң түбине төгиледи.
Нешше мың жыллық тарийхқа ийе бул байрам инсан ишки дүньясы ҳәм тәбият пенен үнлеслик белгиси болып есапланады. Бул дәўирде тек ғана тәбиятта емес, ал адамлардың кеўлинде де жаңа үмит ҳәм арзыўлар бүртик жарады. Жүреклер тазарады, өз-ара мийрим-шәпәәт сезимлери көринеди.
Халқымыздың "Ҳамал кирди - әмел кирди" деген нақылы жүдә белгили екенлиги бийкарға емес. Наўрыз келиўи менен бәҳәр нәпесинен барлық денеге қайта жан киреди. Жасы үлкенлер елде тынышлық-татыўлық болсын, дийқаншылығымыз раўажлансын, деп пәтияға қол жаяды. Қарлы-қыраўлы күнлерде атызларын сағынып өткерген өзбек дийқаны берекетли ҳәм мол зүрәәт алыў үмитинде Наўрыз мәўсиминде жерге туқым салады, нәл отырғызады, қоршаған орталықты абаданластырыўға умтылады.
Баба дийқанның биринши мәрте атызға қос шығарыўы да Наўрыз бенен басланған. Атызға қос шығарыўдан алдын оның менен байланыслы түрли дәстүр, мәресимлер өткерилген. Курбанлықлар исленип, қосқа қосылатуғын өгизлер шақы майланған. Бул "шах майлар" мәресиминен мақсет жылдың қут-берекетли келиўине, молшылық болыўына үмит етилген.
Президентимиздиң "2025-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында"ғы қарарына муўапық, быйылғы байрам мәмлекетимизде "Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!" деген бас идея тийкарында улыўмахалықлық сейиллер түринде жоқары дәрежеде белгиленеди. Муқаддес Рамазан айында белгилениўин есапқа алып, кексе әўлад ўәкиллерин, атап айтқанда, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм мийнет фронты ветеранларын ҳәр тәреплеме ҳүрметлеў, Меҳрийбанлық, Сақаўат ҳәм Мүриўбет үйлеринде жасап атырған шахслар, социаллық дәптерлерге киргизилген ҳәм жәрдемге мүтәжлердиң ҳалынан хабар алып, олар ушын байрам дастурханы жайылады ҳәм ҳәр қыйлы қайырқомлық илажлары өткериледи.
Қала ҳәм аўылларымызда Наўрыз алды қайырқомлық шембиликлери, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын шөлкемлестириў процесинде жасларда ана жерге, тәбиятқа меҳир сезимлерин жетилистириў, экологиялық мәдениятты қәлиплестириў мақсетлери де нәзерде тутылады. Наўрыз дәстүрине айланып кеткен бундай илажлар жас әўлад қәлбинде жақсылыққа, дөретиўшиликке дослық сезимин раўажландырады. "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарында белгиленген илажларды әмелге асырыў, байрам алдынан барлық аймақта, көше, мәҳәлле, район ҳәм қалаларда абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў акцияларын, улыўма халықлық шембиликлерди өткериўге айрықша итибар қаратылады. Байрам илажлары себепли халқымыздың аўызбиршилик, мийрим-шәпәәт сыяқлы бийбаҳа пазыйлетлери және де сайқал таўып бармақта.
Тәбият оянып атырған усы күнлерде ана жер баўырынан сызып шығып атырған мөлдир суў, оянып атырған бағлар, ырысқы-несийбемиз өсип атырған шексиз далаларға қарап жәннет тәризли ел перзенти екенимизден кеўиллеримиз мақтанышқа толады.
Бәҳәр ҳәм жаслық - жақсы түсиниклер. Жаслықты өмир бәҳәри деп те атайды. Соның ушын да Наўрыз мүнәсибети менен ислеп атырған жумысларымыздың барлығы уллы келешек дөретиўшилери болған жасларды ғәрезсизлик идеяларына садықлық ҳәм миллий руўхый қәдириятларымызды қәдирлеў руўхында тәрбиялаў, жаңа Өзбекстан жериниң гүллеп-жаснаўы ушын ҳәр биримиз жуўапкер екенимизди сезиниўине ерисиўге қаратылған.
Халқымыздың байрамлары бәрқулла нама-қосыққа, ҳәзил-дәлкекке қосылған. Байрам күнлери ҳәр қыйлы әўлад ўәкиллериниң бәҳәр тағамлары қойылған дастурхан әтирапында жәмлескени де жасларға Наўрыз бенен байланыслы үрп-әдетлер, дәстүрлер ҳаққындағы түсиниклерди сиңдириўге хызмет етеди.
Әйне бәҳәр мәўсиминде инсан өзин тәбияттың ажыралмас, үзликсиз бөлеги сыпатында сезиўин билдиретуғын, қоршаған орталықты, ана жерди қәдирлеп, жемислерин, бүгинги тыныш турмысты қәдирлеп, шүкиршилик сезими менен жасаўға шақыратуғын руўхый-ағартыўшылық илажлар шөлкемлестириледи.
Наўрыздың келиўи тек ғана тәбияттың жайнаўы, жаңаланыўы емес, ал инсан санасы ҳәм ой-пикириниң де жаңаланыўы дегени. Быйылғы Наўрыздың ҳәр бир салтанатында елимизде жүз берип атырған реформалар менен бирге, халқымыздың санасында, ой-пикиринде жүз берип атырған өзгерислер өз көринисин табады.
Ғәрезсизликтиң отыз төртинши жылы бәҳәрин ўатанласларымыз көтериңки руўх, жаңадан-жаңа арзыў-нийетлер менен күтип алмақта. Үлкемизде Наўрыз нәпеси гезип жүр. Жаратқанға шүкирлер болсын, елимиз тыныш, аспанымыз ашық, дөретиўши халқымыз ертеңги күнге исеним менен қәдем тасламақта. Жаңаланыў ҳәм жасарыў әййямы болған бәҳәр байрамының заўқы ҳәм ырғағын толық сезиў ҳәм сезе алыўдың кепили де әне сонда. Себеби тыныш ҳәм татыў, турақлы ҳәм абадан елге ғана байрамлар жарасады.
Әсирлер даўамында биз ушын жақсылық тымсалы болып келген Наўрыз дүнья жәмийетшилигине биз кимлердиң әўлады, қандай уллы тарийх ҳәм бай руўхый мийрастың мийрасхорлары екенимизди айқын көрсетиў имканиятын береди.
Наўрыз тек ғана көргизбе, тек ғана байрам емес, ал инсаныйлық сезимлерге, мийрим-шәпәәт сезимлерине күш-қуўат бағышлайтуғын, адамларды бирлестиретуғын ҳәм олардың қәлбинде және санасында бирден-бир Ўатан сезимин беккемлейтуғын фактор болып есапланады.
Соның ушын да уллы бабамыз Ҳәзирет Наўайының "Ҳәр түниң Қәдир болсын, ҳәр күниң Наўрыз болсын!" деген гөззал қатары бир-биримизге жақсы тилек болып тилимизде, кеўлимизде тез-тез тәкирарланады.
Халқымыздың руўхый булақларынан азықланатуғын, турмысымызды заман менен үнлес жаңаша мазмун-мәнис пенен байытып баратуғын тийкарғы қәдириятларымыз мәңги жасап атырған екен, мине усындай тилеклер, жақсы үмитлер қәдди-қымбаты жоқарылап атырған жаңа Өзбекстан перзентлерине жолдас бола береди.
Ҳабиб СИДДИҚ,
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы