Reportтың ТАССқа тийкарланып хабар бериўинше, бул ҳаққында авария жүз берген Чатра районы полициясының тарқатылған хабарында айтылады.
Самолёт Нью-Делиге 41 жаслы ер адамды алып кетип баратырған еди, ол бахытсыз ҳәдийсе ақыбетинде дене майданының 60 процентинен асламы күйген. Оннан тысқары, самолёт апатында қайтыс болғанлар арасында еки ушыўшы, еки медицина хызметкери, наўқасты алып жүрген еки жолаўшы да бар.
Ҳиндстан пуқаралық авиациясы бас басқармасы алдынырақ Redbird Airways авиакомпаниясының Beechcraft C90 самолёты Ранчи қаласынан Нью-Делиге жол алғанын мәлим еткен еди. Ушыўдан шама менен 23 минут өткеннен кейин экипаж бенен байланыс үзилип, борт радардан жоғалды. Дәслепки мағлыўматларға бола, авария қолайсыз ҳаўа-райы шараятында жүз берген. Ҳәзирги ўақытта авиаавария бойынша тергеў басланған.