Президенттиң 24.05.2024-жылдағы ПҚ-193-санлы қарарына муўапық Мәмлекетлик қоллап-қуўатлаў илажларының нәтийжелилигин мониторинг етиў ҳәм баҳалаў нәтийжелери бойынша тийкарсыз алынған ҳәм мақсетсиз пайдаланылған субсидияларды қайтарыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Тараў өзгешелигин есапқа алған ҳалда министрликлер ҳәм уйымлар тастыйықланған Реже тийкарында нәтийжелиликти баҳалаў бойынша өз методикаларын ислеп шығады. Бул ҳүжжетлер тийисли уйымлар, сондай-ақ, Саўда-санаат палатасы ҳәм Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкилдиң рәсмий веб-сайтларында жәрияланады.
Усыллар жәрдем алыўшылар ушын анық мақсетли көрсеткишлерди белгилеў, қаржылардан мақсетли пайдаланыўды турақлы мониторинг етиў, нәтийжелиликти дәслепки баҳалаў, қағыйдабузарлықларға жол қойған хожалық жүргизиўши субъектлердиң дизимин қәлиплестириў, тийкарсыз алынған субсидияларды тийисли қаржыландырыў дәреклерине қайтарыў тәртибин нәзерде тутады.
Сондай-ақ, 2026-жыл 1-мартқа шекем барлық мәмлекетлик қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққындағы мағлыўматлар subsidiya.mf.uz платформасындағы бирден-бир реестрге киргизилиўи керек. 2026-жыл 1-июньге шекем субсидия ажыратыў процесслерин толық санластырыў ҳәм мәлимлеме системаларын интеграциялаў режелестирилген.
Сондай-ақ, қарар менен субсидия, жеңиллик ҳәм преференциялар берилиўин мониторинг етиў ҳәм олардың нәтийжелилигин баҳалаўға жуўапкер болған министрликлер ҳәм уйымлардың дизими тастыйықланды.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 13.03.2026-жылдан күшке киреди, деп жазады «Norma».