Төлемлерди төлеў, валюта алмастырыў, қандай да бир түрдеги кредитти рәсмийлестириў ҳәм басқа көплеген мәселелер себепли қәлеген ўақытта коммерциялық банклерге кириўимиз мүмкин. Олар усыныс етип атырған хызметлер таңлаўында болса имканиятымыз бираз кең. Соған қарамастан, бул бағдарда жаңа түрдеги усынысларға да талап үлкен.

Кейинги ўақытларда Өзбекстанға ислам қағыйдаларына тийкарланған финанс системасы кирип келгени ҳәм оны әмелиятқа енгизиў басланғаны ҳаққындағы хабарлар ўатанласларымыз арасында қызғын күтип алынып, кеңнен додаланып атырғанының себеби сонда. Көпшилик буны узақ ўақыттан берли күтип атырғанын айтса, айырымлар толық ислам принциплерине тийкарланған банклердиң ашылыўына исенимсизлик пенен қарамақта. Бирақ бәрибир елимизде ислам финанс системасын басқышпа-басқыш раўажландырыўға қаратылған ҳәрекетлер жеделлескени адамларда айрықша қызығыўшылық оятпақта.

Негизинде елимизде ислам финанс системасын енгизиў ҳәрекетлери 2020-жылдан басланған. Өткен жыллардағы үйрениў ҳәм таллаўлардан соң ғана анық әмелий жумысқа өтилмекте. Енди елимизге ислам финанс системасы тек ғана кирип келмеди, ал әмелиятта шөлкемлестириў жумыслары баслап жиберилген. Ҳәттеки 2027-жылы елимизде биринши ислам банки ашылыўы күтилмекте. Ҳәзирги ўақытта болса бир қатар коммерциялық банклер ислам финанслық хызметлерин көрсетиўге таярлық көрмекте.

Биз ушын салыстырмалы жаңа болған бул система усы жыл 27-март күни қабыл етилген "Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине Өзбекстанда ислам банкиниң жумысын енгизиўге қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам менен тәртипке салынады. Оның қабыл етилиўи ислам финансын шөлкемлестириў жолында тасланған әҳмийетли қәдемлерден болып, мәмлекетимиз финанс системасында жаңа басқышты баслап беретуғыны айтылмақта. Гәп тек ғана көплеген мәмлекетлердеги сыяқлы елимизде де ислам финансының қолланылыўында емес, ал заманагөй механизмлерди иске қосыў арқалы халықтың банк-финанс бағдарындағы хызметлерден пайдаланыў имканиятларын және де арттырыў ҳәм таңлаўын кеңейтиў ҳаққында бармақта.

Мағлыўматларға қарағанда, айырым мәмлекетлерде адамлар дәстүрий коммерциялық банклердиң хызметлеринен пайдаланбайды, финанслық алмасыўлардан узақ жүреди. БМШ Раўажланыў бағдарламасының таллаўларына бола, бундай факторлар Өзбекстанда да бар. Атап айтқанда, халықтың дерлик 68 проценти ҳәм исбилерменлердиң 60 проценти белгили бир себеплерге бола дәстүрий банк хызметлеринен пайдаланбайды. Олар ушын ислам банк хызметлериниң усынылыўы бул бослықты толтырыўы мүмкин. Қабыл етилген жаңа нызам әйне усы талапты қанаатландырыў менен бирге, мәмлекетимизге жыллық 5 миллиард долларға шекем баҳаланып атырған ислам капиталын тартыў имканиятын ашыўы күтилмекте.

Пайда неден алынады?

Ислам банклерин шөлкемлестириў ҳаққында сөз болғанда не ушын бул процесс елимизде әдеўир созылғаны, анық ўазыйпалар белгиленгеннен кейин де әмелий ҳәрекетлерге тез өтилмегени көпшиликти қызықтырады. Экономист қәнигелерден бири менен сәўбетлесиў даўамында усы мәселе ҳаққында сорадым. Оның айтыўынша, бул механизмди енгизиў көпшилик ойлағандай аңсат емес. Ислам қаржысы оғада үлкен система ҳәм оны әмелиятқа енгизиў қатаң финанслық ҳәрекетлер, илимий тийкарлар ҳәм анық реформаларды талап етеди. Өзбекстан әмелиятында да буған бир қанша ўақыт керек болғанының себеби сонда. Өткен дәўир даўамында бир қатар мәмлекетлердиң тәжирийбеси үйренилип, халықаралық қәнигелердиң қатнасыўында таллаўлар өткерилген. Сырт мәмлекетлерде бақланған кемшилик ҳәм қыйыншылықлар бизде де тәкирарланбаўына итибар қаратылған. Мине, усы тәреплерди өзинде жәмлеген нызам қабыл етилгеннен соң, елимизде ислам банкиниң жумысын жолға қойыўға рәсмий түрде кирисилди.

Нызам шеңберинде Салық ҳәм Пуқаралық кодекслери ҳәм және 7 нызам ҳүжжетлерине тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Миллий нызамшылыққа "ислам банк жумысы", "ислам финанс операциялары" ҳәм "инвестициялық аманат" сыяқлы әҳмийетли түсиниклер қосылды.

Нызамда келтирилген анықламаға муўапық, ислам банк жумысы ислам ҳуқықы (шәрият) нормалары ҳәм принциплери бойынша көрсетилетуғын банк хызметлери болып, онда дәрамат "пулға пул" емес, ал реал активлер (саўда, лизинг, пайда ҳәм тәўекелшиликти бөлистириў менен бирге ислесиў) ден келип шығады. Онда процентлер, ҳәдден тыс анықсызлық, қумар ойнаў, қаржыландырыў, қарызды шегирме менен сатыў ҳәм сатып алыў, жәриймаларды монетизациялаў тиккелей қадаған етиледи. Сонда банклер ислам финансынан қандай пайда көреди?

— Ислам банкирлигинде финанслық операциялардың бир неше түрлери бар ҳәм олардың ҳәр бири пайда алыўдың түрли бағдарларын нәзерде тутады, — дейди "Мезон" билимлендириў компаниясының директоры Мухторжон Акрамов. — Мәселен, мурабаҳа, яғный алдыннан төлем тийкарында қаржыландырыўды алайық. Бунда реал финанс пенен исленеди. Айтайық, исбилерменге жумыс искерлиги ушын қандай да бир техника зәрүр. Ислам банки әне усы техниканы сатып алып береди ҳәм оған өзиниң қәрежети ямаса пайдасын қосқан ҳалда исбилерменге сатады. Мәселен, 100 миллион сумға техника алса, оны 125 миллион сумға береди. Бунда 25 миллион сум ислам банкиниң пайдасы ҳәм бул сумма қарыз төленбегенше өзгермейди. Келисим тийкарында төлем мүддети белгиленеди ҳәм исбилермен техника ушын белгиленген сумманы сол дәўир ишинде айма-ай төлеп береди. Бул жерде ҳеш қандай қосымша үстеме, жыллық процент болмайды.

Нызамға бола, банклер 6 түрдеги ислам финанслық операцияларды әмелге асырыўы нәзерде тутылмақта. Бул операцияларға пайданы бөлистириў шәрти тийкарында қарыйдарды қаржыландырыў ямаса пул қаржыларын инвестициялық аманатларға тартыў (мудараба), ўәкиллик шәртнамасы арқалы пул қаржыларын бериў ямаса инвестициялық аманатларға тартыў (вакала), товарды кредитке сатыў арқалы қарыйдарды қаржыландырыў (мурабаҳа), товарлар ушын алдыннан төлеў арқалы қарыйдарды қаржыландырыў (салам), биргеликтеги жумысты әмелге асырыў (шериклик) ямаса юридикалық шахслардың устав капиталында қатнасыў арқалы қарыйдарды қаржыландырыў (мушорака) ҳәм де мүлкти кейин ала сатып алыў ҳуқықы менен ижараға бериў (лизинг) киреди.

Бул финанслық операцияларды нызамда белгиленген тәртипте дүзилген ҳәм Орайлық банк тәрепинен берилетуғын тийисли лицензияға ийе болған юридикалық шахслар әмелге асырыўға ҳақылы. Яғный нызам менен ислам банк жумысы ушын айрықша лицензия енгизилмекте. Бунда тийкарынан еки модель нәзерде тутылған. Бириншиси, пүткиллей жаңадан шөлкемлестирилетуғын ислам банклери лицензия тийкарында жумыс баслайды. Екиншиси болса, әмелде ислеп атырған банклер де ислам банк жумысын әмелге асырыўшы лицензия арқалы бир ўақыттың өзинде еки бағдардағы хызметлерди көрсетиўи мүмкин. Әпиўайы банклерде ислам хызметлери ушын өз алдына "ислам айна"лары ашылады.

Лицензияға ийе банклер тиккелей ислам финансы тийкарында белгиленген хызметлерди көрсетиўи мүмкин. Оларға айрықша салық жеңилликлери берилиўи де нәзерде тутылған. Лицензияны алыўдың болса анық талаплары белгиленген болып, бул ҳүжжеттиң әмел етиў мүддети шекленбеген ҳалда бериледи ҳәм лицензияларды ямаса оларға байланыслы ҳуқықларды басқа шахсларға өткериў қадаған етиледи.

Демек, лицензия банклерге ислам финанс операцияларын әмелге асырыў ҳуқықын береди. Бул - жумыс ислеў ушын рухсатнама дегени. Бирақ банклер бул жумысты қалай алып барыўы болса өз алдына мәселе. Яғный, шәрият қағыйдаларына тийкарланған финанслық хызметлер көрсетиў талаплары нызамда белгиленген болса да, әмелиятта оның қолланылыўын қадағалаў да әҳмийетли. Болмаса, адамларда ислам банклери де дәстүрий финанс шөлкемлери сыяқлы ислейди, деген пикир пайда болыўы мүмкин.

— Ислам финансын енгизиўде халықаралық тәжирийбе ҳәм шәрият стандартлары үйренилгени бийкарға емес. Мине, усы стандартлар тийкарында миллий бағдарлама ислеп шығылады ҳәм халыққа усынылып атырғанда бар нормаларға әмел етилиўине айрықша итибар қаратылмақта, — деди Мухтаржан Акрамов. — Бул талаплардың орынланыўын Орайлық банк ҳәм коммерциялық банклерде шөлкемлестирилетуғын Шәрият кеңеслери қадағалайды. Бул кеңеслерде Өзбекстан мусылманлары мәкемеси Фатво орайы қәнигелеринен ибарат топар тиккелей ислейди. Яғный ислам банклериниң тек ғана атамасы емес, ал талап ҳәм механизмлери де әйне шәрият қағыйдаларына бейимлестириледи. Әлбетте, ислам банклеринде де пайда көриў, деген принцип бар, бирақ бул шәрият қағыйдалары, нормаларына тийкарланады.

Нызам менен ислам банклери ҳәм коммерциялық банклердеги “ислам айналары”нда көрсетилетуғын ислам финанс операциялары, оларды әмелге асырыў тәртиплери белгилеп қойылған. Мине усы талаплардан шетке шыққан қаржы шөлкемлерине тийисли тәртипте илажлар көриледи. Яғный, шәрият кеңеслериниң қадағалаўы арқалы ислам банклеринде жүз бериўи мүмкин болған надурыс ҳәрекетлер, түрли финанслық қәўип-қәтерлерде мәмлекет ортада турып, кепил болады.

Исбилерменлер ушын пайдалы ма?

Нызам үш айдан кейин рәсмий күшке киреди ҳәм елимиздиң коммерциялық банклеринде избе-из "ислам айналары" жумыс баслайды. Ҳәзир 10 нан аслам банк ислам финанслық хызметлерин енгизиўге таярлық көрмекте. Айырымларында болса сынақ тәризинде "исламлық айна"лар ашылып, оның функцияларына қызыққан халық ҳәм исбилерменлерге түсиниклер берип барылмақта.

Финанслық хызметлердиң бул түрине, әсиресе, бизнес ийелери үлкен қызығыўшылық билдирмекте. Бирақ көпшилигимиз ислам финансы шәрият қағыйдаларына тийкарланыўын ғана билемиз, бирақ бул қандай талап ҳәм шәртлер екени, қолланыў механизмлери ҳаққында дерлик түсиникке ийе емеспиз. Сол себепли, ҳүкимет тәрепинен қабыл етилген жойбар басқарыў режесинде халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ислам қаржылары тараўындағы саўатлылығын арттырыў, ислам банкиниң өнимлери ҳәм хызметлериниң мазмунын түсиндириўге қаратылған кең көлемли финанслық үгит-нәсиятлаў ҳәм оқыў бағдарламаларын алып барыў ўазыйпалары белгиленген.

Онда қәнигелер халық ҳәм исбилерменлер менен сөйлесиўлер даўамында ислам банкшылығы ҳәм инструментлериниң әмелиятта қолланылыў өзгешеликлери ҳаққында түсиник бермекте. Өзбекстан банклери ассоциациясында бир қатар шөлкемлер менен биргеликте өткерилип атырған оқыў семинарларында да ҳәр сапары жүзлеген исбилерменлер қатнасып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алмақта.

Ашығын айтқанда, ислам қаржысы ҳаққында еситкенмен, бирақ ҳеш қандай түсиник жоқ. Сол себепли, көбирек мағлыўмат алыўға қызығаман. Себеби исбилермен болғаным ушын, финанслық хызметлерден көп пайдаланаман ҳәм бул бағдарда бәрқулла қолайлы шәртлердеги усынысларды излеўге умтыламан, — деди Ташкент қаласындағы "Ауксин" ЖШЖ баслығы Умаржон Очилов. — Ҳәзирше ислам қаржысы ҳаққындағы мағлыўматларды үйренип, таллап атырман. Жуўмақлар бәрибир әмелиятта пайдаланыўды баслағаннан кейин пайда болады. Егер шәртлери бизге қолайлы болса, әлбетте, ислам финанс хызметлеринен пайдаланаман. Бул да финанслық хызметлер бағдарында таңлаў имканиятымызды арттырады. Қалаберди, басқа коммерциялық банклерде де жаңа усынысларды қәлиплестиреди. Мәселен, соңғы мәрте коммерциялық банктен 18 процентлик жеңиллик тийкарында 450 миллион сум кредит алғанман. Негизинде, 24 процент, бирақ оқыўды питкерген жасларды жумыс пенен тәмийинлегеним ушын жеңиллетилген процентте берилген. Усы сыяқлы усыныслар да исбилерменлерди қызықтырады. Жақында көмирди қайта ислеў бойынша жаңа жойбар баслаў алдында турман ҳәм оның ушын қаржы зәрүр. Ислам финанс хызметлери ашылғаннан соң, усыныслары мақул болса, олардан да пайдаланыў нийетим бар.

Ислам банклери де, әпиўайы коммерциялық банклер де өз талаплары шеңберинде усыныс береди, адамлар болса өзине мақулын таңлайды. Бунда финанслық хызметлердиң еки түри бир-бирине қәўип сыпатында қәлиплеспейди. Керисинше, адамларға берилетуғын финанслық усынысларды арттырады. Усыныс түри қанша көп болса, хызметлер сапасы сонша артып барады. Бул еркин базар экономикасы ҳәм саламат бәсеки принциплеринен бири.

Ирода ТОШМАТОВА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы