Онда сенаторлар, Сенат комитетиниң экспертлери, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университети Қурғақлықтағы әскерлер институты, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Бажыхана институты, Жәмийетлик қәўипсизлик университети академияларының курсантлары, Өзбекстан Миллий университети ҳәм Ташкент мәмлекетлик педагогика университетиниң студентлери, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Конференцияда Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң баслығы Қутбиддин Бурхонов шығып сөйлеп, Өзбекстан халқының Екинши жер жүзилик урыс жылларында фашизмге қарсы гүресиўге қосқан мүнәсип үлеси, мәртлиги ҳәм пидайылығын айрықша атап өтти. Сондай-ақ, барлық қатнасыўшыларды жақынласып киятырған 9-май – “Еслеў ҳәм қәдирлеў күни” ҳәм “Жеңистиң 81 жыллығы” менен қутлықлап, урыс қурбанларын еслеў ҳәр бир әўладтың муқаддес миннети екенин атап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда әмелге асырылған илимий изертлеўлер нәтийжесинде урыста қатнасқан өзбекстанлылардың саны бойынша жаңа мағлыўматлар анықланды. Атап айтқанда, фронтқа мобилизацияланғанлар саны 1 миллион 951 мың адамды қурағаны, бул сол дәўирдеги халықтың дерлик үштен бир бөлегин қурағаны атап өтилди. Ҳәзирги ўақытта қайтыс болғанлардың саны 538 мыңнан, бийдәрек жоғалғанлардың саны болса 158 мыңнан артқан.

Сөзге шыққанлар халқымыздың урыс жылларындағы фронт артындағы мийнетин, экономиканы әскерий жолға қойыўдағы пидайылығын айрықша атап өтти. Өзбекстан фронт ушын әҳмийетли таяныш базаға айланғаны, әскерий техника, қурал-жарақ, азық-аўқат ҳәм басқа да зәрүр өнимлер менен тәмийинлеўге үлкен үлес қосқаны атап өтилди. Сондай-ақ, республика аймағына эвакуация етилген кәрханалар ҳәм халыққа көрсетилген гуманитарлық жәрдем жоқары баҳаланды.

Әнжуман шеңберинде урыс қатнасыўшылары ҳәм мийнет фронты ветеранларының мәртлигин мәңгилестириў, жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, тарийхый естеликти қәстерлеп сақлаў мәселелери додаланды. Президентимиздиң басламасы менен шөлкемлестирилген "Жеңис парки" ҳәм әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар бул бағдарда үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Конференция қатнасыўшыларының атап өткениндей, тарийхый естеликти қәстерлеп сақлаў, қаҳарманлардың мәртлигин мәңгилестириў, тынышлықты қәстерлеп сақлаўға умтылыў бүгинги ҳәм келешек әўладлар алдында турған әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланады.

Илаж шеңберинде Италияда басып шығарылған «IL Contributo del Popolo Dell'Uzbekistan alla vittoria nella seconda guerra mondiale» (Өзбекстан халқының Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңиске қосқан үлеси) китап-альбомының презентациясы өткерилди.

Конференция жуўмағында қатнасыўшылар Екинши жер жүзилик урыс тарийхы бойынша илимий изертлеўлерди буннан былай да кеңейтиў, архив материалларын терең үйрениў ҳәм жәмийетшиликке жеткериў бойынша пикир-усыныслар ислеп шықты.