Бул майданда
соңғы ўақытлары ең көп тартысқа себеп болып атырған, теманың тийкарғы мәнисин
билип-билмей, түсинип-түсинбей, ҳәр ким әдеп-икрамлылығына жараса пикирлерин,
анығырағы, мүнәсибетин билдирип, көбинесе тартысып атырған мәселелерден бири -
гендер теңлик. Оны феминизм деп атайсыз ба, ҳаял-қызлар ҳуқықы ма ямаса басқа
бир илимийлеў термин қолланасыз ба - онша әҳмийетли емес, әҳмийетлиси, бир
қазық әтирапында еки тәрепке қарай айланатуғын көзқараслар. Усы күнлерде
ҳәмиледар ямаса 3 жасқа шекемги баласын тәрбиялаў менен бәнт студент
ҳаял-қызлардың билимлендириўди даўам еттириўи ушын имканият бериўди нәзерде
тутыўшы пәрманның қабыл етилиўи артынан интернет бетлеринде және усы тема
жеделлести. Алдын магистратураға оқыўға кирген апа-қарындасларымыздың
төлем-контракт суммасы мәмлекет тәрепинен қаплап берилетуғыны ҳаққындағы
хабарлар, исбилерменлик бойынша берилген айырым жеңилликлер, басшылық
лаўазымларында олардың үлесин арттырыў бағдарындағы басламаларға да сол сыяқлы
ҳәр қыйлы мүнәсибетлерди бақлаған едик. Қысқасы, ҳаял-қызлар ушын гезектеги
жеңилликти де кимдур қанаатланыўшылық пенен қоллап-қуўатлап, қуўанышлы екенин,
және кимдур билимлендириўдиң сапасы ҳаққында өз қәўетерлерин билдирди.
Демек,
бақлаўларымызға бола, көпшилик усындай гендер реформаларды
қоллап-қуўатламайтуғын, кеминде қосылмайтуғын тәрептиң тийкарғы наразылықлары
ҳәм қәўетерлери экономикалық факторлар ҳәм билимлендириўдиң сапасына байланыслы
екен. Хош, шынында да ҳәр қыйлы тармақ ҳәм тараўларда ҳаял-қызларға айрықша
жеңилликлер берилиўи артынан унамсыз ақыбетлер келип шыға ма? Егер солай болса,
неге көплеген алдынғы мәмлекетлер, атап айтқанда, Өзбекстанда да тынымсыз ҳәм
системалы түрде оларға ҳәр тәреплеме жәрдем ҳәм хошаметлеў сиясаты даўам
етпекте? Не ушын ҳаял ҳәм еркек, айтайық, белгили бир орын ушын барлық жағдайда
теңдей гүреспеўи керек?
Сизге де
бундай сораўларға патриархал жәмийетте - "ер адамлар дүньясы"нда
жасап турып жуўап излеў абсурд, логикасыз болып көринбейди ме? Бирақ бул
мәселеде тек ғана интуцияға сүйенип, ишимизден ҳаялларға өзлигин, өзин толық
көрсете алыўы ушын бәрибир көбирек қоллап-қуўатлаў кереклигин сезип атырғанымыз
себепли ғана оптимист пикирлейтуғын тәреп болып қалыў қаншелли дурыс? Ақыры
бундай сораўлардың да сап логикаға сүйенген, илимий изертлеўлер, излениўлер
арқалы табылған, ең болмаса, додалаў ушын усыныс етилген альтернатив
вариантлары бар шығар, солай емес пе? Тап усы темада бундай тартыслар бурын да
ушырасқан ба, нәтийжелери ҳәм ақыбетлери не болған, улыўма, тарийх ҳәм дүнья
тәжирийбесинде қандай жуўаплар бар?..
* * *
Билимлендириў
системасындағы машқалалардың ярымы әйне ҳаял-қызлар менен байланыслы. Айтайық,
мектепте жақсы оқығанлардың "ботаник" ямаса "көзәйнек" деп
кемситилиў жағдайы көп ушырасады. Университетлерде болса тийкарынан қызлардың
жақсы оқыўы, илимге умтылыўы дәстүрге айланған. Жигитлер болса негедур
"оқымай-ақ адам болатуғынын" билетуғындай. Өйткени, тән алыў керек, жәмийетимиздеги
көтерилиў рычаглары, анығырағы, жақсы оқымастан-ақ бай ҳәм табыслы болыў
мүмкинлиги ҳаққындағы дерлик қатып қалған догма ҳәм қәлиплер оған имкан береди.
Ол тайпа буны жақсы түсинеди ямаса ең болмаса санасынан сезеди, аңлап-абайламай
улыўма толқында жүзеди. Бәлким, сол себепли "жигиттиң ҳақыйқый баҳасы -
3" деген стереотип бар шығар.
Қысқа мүддет
болса да, оқытыўшы сыпатында жигитлерге сабақ бериў оғада қыйын екенин ислеп
түсиндим. Себеби олар анық биледи: келешекте мектепте, университетте жақсы
оқыған, айрықша, билимли қызлар менен емес, өзине усаған саўатсызлар менен
бәсекилесе алады ҳәм бул бәсеки билим себепли болмайды. Сумлық, мийримсизлик,
жағымпазлық жарысына қатнасады. Әлбетте, бул гәп ҳәмме жигитлерге де, ҳәзирги
ўақытта барлық мәкеме-шөлкем, жумыс орынларына да тийисли емес. Биз жәмийет,
көпшилик ҳаққында пикир жүргизип атырмыз. Ашынарлысы, айрықша қызлар болса
гейде бүгин вайнерлеримиз ең зор ҳәзил деп халыққа "сиңдирип" сыяқлы сол
"еки алақ" класласының шулығын жуўыў менен қалып кетеди. Таң
қаларлық, ең үлкен трагедиямыздың бири ең зор ҳәзлимиз болып қалған.
Буннан келип
шығатуғын болсақ, ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ең әҳмийетли орынлар ушын бәсекиге
кириспеўи де улыўма раўажланыўға тосқынлық ететуғын, оның тийкарғы шәрти болған
саламат бәсеки принциплери тамырына балта уратуғын баслы факторлардан бири
болып есапланады. Несин айтамыз, жақсы оқыған қызлар "оқып неге ерисесең?",
жақсы оқымайтуғын жигитлер болса "қала алып" атыр - солай екен, шын
кеўилден оқыў ушын ҳеш қандай талап та, зәрүрлик те жоқ сыяқлы...
Бул машқалалар,
сөзсиз, кеше ямаса бүгин пайда болып қалған жоқ. Ағартыўшы Фитраттың
"Шаңарақ" шығармасындағы пикирлерге итибар берсек, мәселениң мәнисине
жетиўимиз аңсатырақ болады. Бул, өз гезегинде, биз пикир етип атырған -
ҳаял-қызлар ҳуқықы, атап айтқанда, билимлендириўи бағдарында исленип атырған
жумыслардың себебин тереңирек түсиниўимизге түртки береди. Ол жәмийеттеги
айырым иллет ҳәм кемшиликлерге ашшы ҳәм ашық баҳа берип, бахыцызлық ҳәм артта
қалыўшылықтың тийкарғы себеплеринен бири сыпатында ҳаял-қызлардың жәмийетлик
турмыстағы орны оғада төмен екенин атап өтип, атап айтқанда былай дейди:
"Мәмлекетимиздеги ҳаял-қызлар ҳәр минутта
қаншадан-қанша кемситиў ҳәм азапларға ушырап жасамақта. Биз, түркстанлылар өз
ҳаялларымызды адамгершилик шеңберинен тысқарыда деп ойлаймыз ҳәм ол
бийшараларға адам еткендей қатнаста болмаймыз...
Олар ҳақыйқаттан да адамгершилик пазыйлетлериниң
көпшилигинен айырылған. Бахыт мейли ҳәм раўажланыў әрманы олардың қәлбинен
пүткиллей шыққан. Жигерлилик ҳәм мәртлик пүткиллей жоқ болып, тәбиятларында
жалқаўлық ҳәм әззилик орын алған. Иззет талабы, ар-намыс қорғаў, ҳуқықларын
қорғаў пикирлерин түсиндирип бергенде де түсинбейди. Талқылаў, таамым
пикирлеўди пүткиллей тәрк етип, бир машина киби ерлериниң ишаратына бойсынып
қалған. Жуўмақлап айтқанда, бахытсзлығымыз ҳәм артта қалыўшылығымыздың ең
әҳмийетли себеплери де усында".
Дурыс, бир
қарағанда бүгинги жағдайымыз бираз басқаша, жақсы тәрепке өзгерген, әлбетте!
Буған қарсы да, гүман да жоқ. Айтпақшы болғанымыз, бүгинги жағдайымыз мине
усындай ағартыўшылардың бир тәреплеме стереотиплерге қарсы аяўсыз ҳәм қатаң
гүреси нәтийжеси. Ҳәзир ҳаял-қызлардың қолайлы билим алыўы жолындағы ҳәрекетлер
де келешекте өз жемисин бериўине исениўимиз керек. Ҳаял-қызлар билимлендириўи
мәселесинде, әсиресе, олар тек үйде отырыўы керек деп ойлайтуғын ҳәм бул тар
дүняқарасын исеним артына жасырыўға урынатуғын айырым адамлар ушын болса Фитрат
устаздың "Мунозара" шығармасындағы бир мударрис ҳәм француз
арасындағы тартыстан үзинди келтириўди мақул көрдик:
"Ференги: Енди айтыңшы, Бухарада ҳаял-қызлар да
билим ала ма ямаса жоқ па?
Муғаллим: Жоқ, ҳаяллар билим алмайды.
Фаранги: Не ушын оларды оқыўдан айырып қойған?
Ҳаялдың ақылы тәлим-тәрбия жағынан еркектиң ақылынан кем болмаса керек. Бизиң
ҳәкимлерден бири айтады: "Биз Америка ҳәм Франция ҳаялларының ойлап
табыўларын бақлаўдан кейин билдик, ҳаялдың түсиниў дәрежеси еркектикинен кем
емес". Ҳәм сизлердиң пайғамбарыңыз да буйырған, "Илим алыў ҳәр бир
мусылман еркек ҳәм ҳаялға парыз", ҳаяллардың тәрбиясы пайдалы болып,
"Ким жақсылық келтирсе, оған он есе..." аятының ҳүкимине бола, жақсы
әмеллерге ийе болыў ўажип. Себеби жақсы әмеллер жақсы әдеп-икрамсыз мүмкин
болмайды.
Жақсы минез-қулыққа кейинирек ийе болыў да
"ўазыйпа болған әмеллердиң бириншилеринен." Ҳеш ким тәрбиясыз жақсы
минез-қулыққа ийе болмайды. Бизиң биринши тәрбиямыз аналарымыз тәрепинен,
олардың өзлери тәрбия көрмеген болса, биз де олардың жаман тәрбиясынан бәрқулла
жаман минез-қулыққа ийе боламыз. Сол себепли даналар бизиң әлемди адамзат шеңберинен
сыртта деп биледи. Журттың бахытсызлығы, жердиң бахытсызлығы сол, ҳаяллар ол
жерди билимлендириў ҳәм тәрбия абырайынан айырады.
Муғаллим: Әжеп сада адам екенсиз. Бийкар ислердиң ғамын жеп атырсыз.
Ҳаяллардың жаратылыўындағы ҳикмет "тавалуд ҳәм таносул" (туўыў ҳәм
нәсил қалдырыў) болып табылады. Мен алдын-ала арыз еткенмен, бизде оқыў 37
жаста тамамланады. Бул пәтте егер ҳаял-қызларды да билимлендирсек, оны
тамамлағаннан соң 37 жасқа жеткенде ҳеш бир еркек оларға ҳәўес етпейди ҳәм сол
ўақытта "силсилаи таносул" (избе-из нәсил қалдырыў) үзилген болады.
Фаранги: Бирақ бул гәпиңиз, яғный егер ҳаял-қызларды билимлендирсек,
танасул силсилеси үзиледи, дегениңиз бийкар. Дәлил сонда, егер сизиң бул
сөзиңиз дурыс болғанда, жетик ақыл ийеси болған, әлемниң дүзилисин сизден
жақсырақ билген пайғамбарыңыз "Илим алыў ҳәр бир мусылман еркек ҳәм ҳаялға
парыз", демес еди. Бирақ сизиң "биздеги оқыў мүддети узын"
дегениниз бир оқыў усылының надурыслығы болып, бул оқыўды қадаған етиўди
келтирип шығармайды. Сизиң бул билим алыў усылыңыз қыйын ҳәм нуқсанлы екен,
басқа усылды таңлаң".
Буннан тысқары, автор
француз тилинен сөйлеп, ҳаял-қызларды оқытпаў динниң тийкарғы ҳақыйқатлығынан
фарсахларға шекем узақласыў, цивилизация раўажланыўының тезлигинен оннан да
узаққа артта қалыў, "басқалардың даңқы, илим ҳәм ағартыўшылығының
дабылының шаўқымын шарапат деп көтерип жүриў, жаўызлық ҳәм апат аяғына жетип
қалыў" екенлигинен қатты ескертеди. Анық болады, қызларды оқытыў мәселеси,
сондай-ақ, билимлендириўди реформалаў ўазыйпасы да ҳәр бир дәўир ушын әҳмийетли
болып келген. Фитрат сыяқлы ойшыллар алға қойған идеялар терең руўхый
булақлардан суў ишкен ҳәм усы тараўдағы кейинги, әсиресе, ҳәзирги қәдем-қәдем
жетилисип атырған билимлендириў системасын заманға сәйкес модернизациялаў ҳәм
онда ҳаял-қызларға айрықша хошаметлеў механизмлерин енгизиў процесслери оның
логикалық даўамы болып табылады.
* * *
Бүгин мәселе тарийхый
бәсеки ямаса ағартыўшылық шақырық дәрежесинен әлле қашан шығып кеткен.
Заманагөй экономика инсан капиталы түсиниги әтирапында қәлиплести.
Мәмлекетлердиң қүдирети жер асты байлықлары ямаса географиялық қолайлық пенен
ғана өлшенбейтуғын, раўажланыў өлшеми жәмийет ағзаларының билим дәрежеси,
маманлығы, пикирлеў кеңлиги, илимий ҳәм технологиялық потенциалы менен белгиленетуғын
бир дәўирде ҳаял-қызлардың билимлендириўи мәселеси де әпиўайы социаллық теңлик
ямаса руўхый әдиллик темасы шеңберинде қалмаўы тәбийғый.
Бул бағдарда бир
әҳмийетли тәрепке итибар қаратыў лазым. Билимлендириў дәрежеси артыўы менен
ҳаял-қызлар мийнет базарында белсене қатнаса баслайды. Бул процесс экономика
ушын әпиўайы статистикалық көрсеткиш емес, ал системалы өзгерис болып
есапланады. Себеби, мийнет базары қаншелли үлкен болса, экономикалық жумыс та
соншелли кеңееди. Өндирис көлеми артады, хызмет көрсетиў тараўлары, жаңа кәсип
ҳәм бағдарлар пайда болады.
Халықаралық
экономикалық изертлеўлер мине усы процесстиң анық көрсеткишлерин атап өтеди.
Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми өткерген таллаўларға бола,
соңғы ярым әсирде раўажланған мәмлекетлерде ҳаял-қызлардың билимлендириў
дәрежесиниң артыўы экономикалық өсиўге сезилерли үлес қосқан. Халықтың орташа
билим алған жыллары бир жылға артқанда халықтың жан басына туўры келетуғын
экономикалық өндирис көлеми орташа он процентке жақын артыўы бақланады. Соның
менен бирге, ҳаял-қызлардың билимлендириў дәрежеси ер адамлар менен теңлесе
барыўы экономикалық өсиў пәтин және де арттыратуғыны анықланған.
Бул санлар артында
әпиўайы экономикалық логика жатады. Билимлендириў инсанның билими, көнликпеси,
мийнет өнимдарлығын арттырады. Билимли қәниге жаңа технологияны тезирек
өзлестиреди, қурамалы процесслерди нәтийжелирек басқарады, жаңалық жаратыў
потенциалына ийе болады. Жәмийетте бундай инсанлар қаншелли көп болса,
экономиканың өндирислик қуўаты соған сәйкес түрде артады. Енди көз алдымызға
келтирейик: халықтың дерлик ярымын қурайтуғын ҳаял-қызлар билимлендириў
имканиятларынан жетерлише пайдаланбаса, бул қандай ақыбетке алып келеди? Бул -
риторикалық сораў. Яғный жуўабы өзинде.
Мийнет базары
көрсеткишлери де усы логиканы тастыйықлайды. Соңғы он жыллықта көплеген
раўажланған мәмлекетлерде ҳаял-қызлардың бәнтлиги кескин артқан. Мәселен, өткен
әсирдиң алпысыншы жылларында Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў
шөлкемине ағза мәмлекетлерде ҳаял-қызлардың мийнет базарындағы қатнасыўы дерлик
қырқ процент әтирапында еди. Бүгин бул көрсеткиш алпыс проценттен жоқары.
Айырым мәмлекетлерде болса ол жетпис процентке жақынласады. Изертлеўшилер мине
усы өсиў экономикалық белсендиликтиң кеңейиўине сезилерли үлес қосқанын атап
өтеди.
Экспертлердиң
есап-санақларына бола, егер ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлардың мийнет базарындағы
қатнасыўы арасындағы айырмашылық келеси он жыллықларда және де қысқарса,
раўажланған мәмлекетлердиң экономикасы қосымша түрде он проценттен зыят
кеңейиўи мүмкин. Еркеклер ҳәм ҳаяллар бәнтлиги толық теңлескенде экономика
көлеми орташа он еки процентке жақын өсиў итималы бар. Усы көзқарастан,
ҳаял-қызлар билимлендириўине итибар мийнет ресурсларының қурамын да
түп-тийкарынан өзгертеди. Бурын тек
еркеклер үстемлик еткен көплеген тараўларда ҳаяллар да белсене қатнаса
баслайды. Илимий изертлеўлер, медицина, инженерлик, басқарыў, технология сыяқлы
қурамалы бағдарларда ҳаял-қызлардың үлесиниң артып барыўы болса экономикалық
жумыс көлеминде сәўлеленеди. Мәселен, айырым раўажланған мәмлекетлерде жоқары
билим алған жаслар арасында ҳаял-қызлардың үлеси елиў проценттен артып кеткен.
Медицина, биология, билимлендириў, социаллық пәнлер сыяқлы тараўларда бул
көрсеткиш айырым орынларда алпыс процентке жақынласады.
Изертлеўшилер және
бир әҳмийетли факторды атап өтеди. Мийнет базарында ҳаял-қызлардың үлеси артқан
сайын бәсеки орталығы да саламатласады. Бәсекиниң күшейиўи болса, өз орнында,
экономикалық нәтийжелиликке унамлы тәсир етеди. Буны түсиниў ушын әпиўайы бир
көринисти көз алдымызға келтириў жеткиликли. Егер жәмийет әҳмийетли лаўазымлар,
илимий излениўлер яки экономикалық басламалар шеңберин тек халықтың бир бөлими
менен шеклеп қойса, бўл майданда бәсеки де тар шеңберде болады. Талантлар саны
азаяды, таңлаў имканияты қысқарады. Ақыбетинде ең жақсы нәтийжеге алып келетуғын идея ямаса көзқарас жүзеге
келмей қалыў итималы артады.
Тарийхый
тәжирийбелер мәселеге және де анығырақ көз-қарас береди. Түрли мәмлекетлердиң
раўажланыў жолына нәзер тасласақ, билимлендириў сиясаты, атап айтқанда, қызлар
билимлендириўиниң кеңейиўи экономикалық модернизация процесслери менен
биргеликте өткенин көремиз. Бул ҳәдийсе тосыннан емес. Инсан капиталына
таянатуғын экономикалар өз имканиятларын кеңейтиў ушын жәмийеттиң барлық
қатламларын билим майданына тартыўға умтылады. Мәселен, Қубла Корея бүгин
жоқары технологиялар ҳәм санаат өндириси менен танылған мәмлекетлерден. Өткен
әсирдиң алпысыншы жылларында болса бул мәмлекет кәмбағал аграр экономикаға ийе
еди. Сол дәўирде халықтың жан басына туўра келетуғын дәрамат 100 доллардан да
кем болған. Кейинги он жыллықларда билимлендириў системасы кескин кеңейтилип,
соның ишинде, қызлардың мектеп ҳәм университетлерге қамтып алыныўы жоқары
пәтлерде артты. Мағлыўматларға қарағанда, бүгин Қубла Кореяда жоқары билим алып
атырған жаслар арасында ҳаял-қызлардың үлеси елиў проценттен жоқары.
Итибарлысы, мәмлекет экономикасы мисли көрилмеген пәтлерде өсти: халықтың жан
басына дәрамат бүгин 30 мың доллардан аслам.
Усыған уқсас
процеслерди Скандинавия мәмлекетлери тәжирийбесинде де көриў мүмкин. Финляндия,
Норвегия ҳәм Швеция сыяқлы мәмлекетлер ең инновациялық экономикалар қатарына
киреди. Бул мәмлекетлерде ҳаял-қызлар билимлендириў дәрежеси жүдә жоқары болып,
университет питкериўшилери арасында ҳаял-қызлар үлеси көбинесе елиў бес
проценттен асламды курайды. АҚШ та айқын мысал. Соңғы он жыллықларда жоқары
оқыў орынларын тамамлап атырған жаслар арасында ҳаял-қызлардың үлеси елиў
проценттен әдеўир жоқары. Медицина,
биология, экономика, социаллық пәнлер, ҳәттеки, технология тараўларында да
ҳаял-қызлардың жумысы кеңейип бармақта. Көплеген изертлеўлер, илимий ойлап
табыўлар, инновациялық стартаплар ҳәм технологиялық идеялардың пайда болыўында
мине усы кең билимли қатлам әҳмийетли роль атқармақта.
Басқа тәрептен,
ҳаял-қызлар билимлендириўи ҳәм бәнтлиги төмен болған жәмийетлер экономикалық
имканиятларының сезилерли бөлегин жоғалтыўы да бақланады. Жәҳән банки ҳәм
халықаралық экономикалық шөлкемлердиң таллаўлары айырым регионларда
ҳаял-қызлардың мийнет базарындағы қатнасыўы ер адамлардың көрсеткишинен дерлик
еки есеге төмен екенин көрсетеди. Бундай жағдайда экономика жумисши күшиниң
үлкен бөлегинен пайдаланбайды.
Усы жерде және бир
сораў туўылады: жәмийетте ҳаял-қызлар билимлендириўиниң кеңейиўи тек ғана
экономикалық нәтийжелиликти арттырады ма ямаса оның басқа да тәсирлери бар ма?
Буны қаран, бул процесс әдеўир терең социаллық нәтийжелерди де жүзеге келтиреди
екен. Демографиялық изертлеўлер пикиримизди анық санлар менен тастыйықлайды.
Жәҳән банки ҳәм БМШ мағлыўматларына бола, ҳаял-қызлардың орташа билим алыў
мүддети артқан сайын туўылыў дәрежеси де турақласады, балалар өлими азаяды,
шаңарақлық саламатлық көрсеткиши жақсыланады. Мәселен, баслаўыш билим алған
аналардың перзентлери арасында балалар өлими дәрежеси дерлик еки есеге төмен
екени атап өтиледи.
Илимли ҳаял-қызлардың
әҳмийетли өзгешелиги - перзентлериниң билимлендириўине көбирек итибар қаратыўы.
Көплеген демографиялық ҳәм педагогикалық изертлеўлер көрсетеди, ананың билим
дәрежеси артыўы менен балалардың мектепке қатнаў дәрежеси де артады. Яғный
өз-өзинен билимли әўлад камалға келиўи ушын беккем тийкар пайда болады.
Сондай-ақ, экономикалық таллаўларда және бир қызықлы тенденция атап өтиледи.
Ҳаяллар дараматы көбинесе шаңарақтың улыўма абаданлығына бағдарланады. Ҳаяллар
ислеп тапқан дәраматының үлкен бөлегин балалардың билимлендириўи, денсаўлықты
сақлаў ҳәм турмыс шараятын жақсылаўға жумсайды екен. Сол арқалы социаллық
капитал беккемленип, жәмийетте саламат, билимли ҳәм белсенди әўлад қәлиплесиў
итималы артады.
Жәҳән банки
мағлыўматларында болса көплеген мәмлекетлерде киши ҳәм орта бизнес
субъектлериниң сезилерли бөлеги ҳаял-қызлар тәрепинен басқарылатуғыны атап
өтилген. Бул процесс экономикада жаңа жумыс орынларының жаратылыўына, хызметлер
ҳәм өндирис тараўларының кеңейиўине тиккелей байланыслы. Ақыр-аяғында
ҳаял-қызлар билимлендириўи жәмийет раўажланыўына еки тәреплеме тәсир көрсетеди.
Бир тәрептен, мийнет базарында жумысшы күшиниң потенциалы кеңейеди, екинши
тәрептен, келешек әўладтың билим ҳәм маманлық дәрежеси артады. Сол себепли,
заманагөй экономикалық сиясатта ҳаял-қызлар билимлендириўин кеңейтиў мәселеси
барған сайын үлкен стратегиялық әҳмийетке ийе. Билимлендириў системасының
ашық-айдынлығы, қызлардың жоқары билимлендириўге кириў имканиятлары, илимий
жумыста ҳаял-қызлардың үлесиниң артыўы - булардың барлығы инсан капиталын
кеңейтиўге хызмет етеди.
Солай етип, мәселениң
тийкарғы мәниси ҳаққында пикир жүргизер екенбиз, ҳаял-қызлар билимлендириўи
әтирапындағы тартыслар көбинесе белгили бир жеңиллик әтирапындағы тар мәселе
шеңберинде өтсе де, оның артында қаншелли кең темалар мазмуны турғанына исеним
пайда еттик. Демек, бўл процесс әсте-ақырын социаллық түсиниклерди де
өзгертеди: инсанның қәдири оның келип шығыўы ямаса жынысы менен емес, ал
ийелеген билим ҳәм ислеп атырған жумысының нәтийжеси бойынша баҳаланғанда ғана
алға илгерилеў болады. Сол себепли ҳаял-қызлар билимлендириўи мәселеси айрықша
топар мәпине байланыслы мәселе болмай, жәмийеттиң улыўма раўажланыў бағдарын
белгилейтуғын тийкарғы факторлардан бири болып есапланады.
Аслиддин
АБДУРАЗЗОҚОВ,
"Янги
Ўзбекистон" хабаршысы