Илажда Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух, Армения Президенти Ваагн Хачатурян, Грузия Бас министри Ираклий Кобахидзе ҳәм Әзербайжан Бас министри Али Асадов, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң басшылары қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевты саммит табыслы шөлкемлестирилгени менен қызғын қутлықлап, оның тийкарғы идеясы - экологиялық қәўип-қәтерлердиң терең байланыслылығын ҳәм оларды биргеликте шешиў зәрүрлигин көрсететуғын "Турақлы келешекке улыўма көзқарас" идеясын қоллап-қуўатлады.

Өзбекстан Президенти бул ушырасыў өткен жылы Самарқанд климат форумында басланған сөйлесиўдиң логикалық даўамы екенин атап өтип, Орайлық Азия мәмлекетлериниң экологиялық дипломатиясы сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилип, избе-из ҳәм системалы түрге енгенинен қуўанышлы екенин билдирди.

Өзбекстан жетекшиси атап өткениндей, бүгинги күнде экологиялық машқалаларды глобал климат өзгерислеринен ажыратып қараў мүмкин емес.

- Глобал ысыў пәтлери жеделлесип бармақта, Орайлық Азияда болса температура еки есеге көтерилмекте. Регион музлықларының дерлик үштен бир бөлеги жоғалған, жаўын-шашын режими турақсызласқан, суў ресурсларының жетиспеўшилиги артып бармақта. Ҳәзирги ўақытта 80 миллион гектар жер деградацияға ушыраған, - деди мәмлекетимиз басшысы.

Глобал экологиялық тилеклесликтиң төменлеп атырғанынан қәўетерлениў билдирилди. Раўажланып атырған мәмлекетлердиң климатлық қаржыландырыў, алдынғы технологиялар ҳәм инновациялық технологияларды өз ўақтында ҳәм әдил түрде алыўын тәмийинлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Орайлық Азия мәмлекетлери қоршаған орталықты қорғаў мәселелерин регионаллық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары дәрежесине көтере алғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

"Жасыл" күн тәртибин алға қойыў, климаттың өзгериўине бейимлесиў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша бир қатар әҳмийетли, стратегиялық регионаллық бағдарламалар қабыл етилгени буннан дәрек береди.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда экологиялық турақлылықты қәлиплестириў бойынша көрилип атырған системалы илажларға айрықша тоқтап өтти.

- "Жасыл мәкан" жойбары шеңберинде дерлик 1 миллиард түп терек ҳәм путалар егилди, Арал теңизиниң қурыған ултанында 2 миллион гектардан аслам тоғайлықлар пайда етилди, жаңа "жасыл белбеўлер" жаратылмақта. Бизиң басламамыз бойынша БМШ Бас Ассамблеясының "Тоғайзарлар жаратыў ҳәм тоғайларды қайта тиклеў ҳәрекетлериниң он жыллығы" резолюциясы қабыл етилди, - деди Өзбекстан жетекшиси.

Буннан тысқары, суўды үнемлеў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумыслар нәтийжесинде жылына 10 миллиард куб метр суў үнемленбекте. "Жасыл" энергетиканың мәмлекетимиз генерация қуўатлылықларындағы үлеси 30 процентке жеткен, 2030-жылға барып болса 50 проценттен артады.

Шығындыларды 35 процентке қысқартыў бойынша Париж келисими шеңбериндеги миннетлемелер мүддетинен алдын орынланды ҳәм 2035-жылға шекем оларды еки есеге қысқартыў бойынша жаңа мақсет қойылды.

Шығындыдан энергия ислеп шығарыў жойбарлары жедел әмелге асырылмақта. Усы жылы 2 жаңа шығындыны жағыў заводы, келеси еки жылда және 9 завод иске қосылады. Олардың иске қосылыўы жылына 5,5 миллион тонна шығындыны утилизациялаў, 2,2 миллиард киловатт саат электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм 1 миллион тоннадан аслам шығындыларды қысқартыў имканиятын береди.

Буннан соң Өзбекстан басшысы Орайлық Азиядағы климат ҳәм экологиялық қәўип-қәтерлерди шешиў бойынша бир қатар анық басламаларды алға қойды.

Атмосфера ҳаўасы сапасының төменлеп атырғанын есапқа алып, санаатты модернизациялаў ҳәм шығындыларды тазалаў системаларын енгизиў мақсетинде "жасыл" қаржыландырыўдың қоспа операторы бола алатуғын "Орайлық Азияның таза ҳаўасы" мәмлекетлераралық консорциумын шөлкемлестириў усыныс етилди.

Президентимиз Ташкент қаласындағы Жасыл университет жанындағы Шөллениўге қарсы гүресиў, қурғақшылықтың алдын алыў, қум ҳәм шаң боранларының ерте алдын алыў орайына аймақлық статус бериўди усыныс етти. Орай тийкарында илимий потенциалды бирлестириў арқалы жерлердиң деградациясы ҳәм шор-тозаң шығыўы бойынша күшли мониторинг системасын жаратыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Технологиялық өтиўди жеделлестириў мақсетинде жеңиллетилген бажыхана тәртиплерин енгизген ҳалда "Орайлық Азия жасыл саўда коридоры"н қәлиплестириў ҳәм эко-товарлар сертификатларын өз-ара тән алыў басламасы алға қойылды.

Орайлық Азияның климат жойбарлары бойынша бирден-бир инвестициялық портфелин жаратыў зәрүрлиги атап өтилди, бул регионды раўажландырыўдың тутас стратегиясын ислеп шығыў ҳәм шериклердиң оларды әмелге асырыўдан мәпдарлығын арттырыў имканиятын береди.

Қоршаған орталықтың өзгериўлери бирден-бир регионаллық атласын дүзиў региондағы шөллениў, жерлердиң деградация процесслериниң динамикасын ҳәм суў ресурсларының жағдайын анық сәўлелендириўши фундаментал илимий-аналитикалық база болыўы мүмкин.

Биологиялық ҳәр түрлиликти сақлап қалыў мақсетинде Тәбиятты қорғаў халықаралық аўқамының Ташкенттеги регионаллық ўәкилханасының муўапықласыўында Орайлық Азияның Қызыл китабын ислеп шығыў усыныс етилди.

Жас әўлад арасында климат күн тәртиби ҳәм экологиялық мәдениятты үгит-нәсиятлаў мақсетинде 2027-жылы Өзбекстанда Жәҳән жаслар климат форумын өткериўге таярлық билдирилди.

Сөзиниң жуўмағында Өзбекстан басшысы жыйналғанларды усы жылы Самарқандта болып өтетуғын Глобал экологиялық қорының 8-ассамблеясы ҳәм Суўды үнемлеў бойынша пүткил жер жүзилик форумда қатнасыўға мирәт етти.