Мәжилис алдында мәмлекетимиз басшысы спорт тек ғана жарыс емес, ал саламат турмыс, тәртип-интизам, ўатансүйиўшилик идеяларын, елдиң абырайын жоқарылататуғын қүдиретли күш екенин атап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы тоғыз жылда 1 мың 500 ден аслам районда 1 мың 774 заманагөй спорт майданшасы қурылған. Аймақларда 200 ден аслам ири спорт объекти ҳәм 4 мыңға шамалас жеке меншик спорт клублары ашылды. Спорт пенен профессионал шуғылланатуғын жаслардың саны еки есеге, олимпиада ҳәм паралимпия командаларындағы спортшылардың саны сәйкес түрде еки ҳәм үш есеге артты.

Тек ғана өткен жылдың өзинде спортшыларымыз халықаралық жарысларда 452 алтын, 418 гүмис ҳәм 501 бронза медалын қолға киргизди. Олардың 50 ден асламы жәҳән ҳәм Азия рекордларын жаңалады.

Мәжилисте бул бағдарда ерисилген нәтийжелер менен бирге, бар машқала ҳәм кемшиликлер терең талланды.

Олимпия спорт түрлери бойынша 26 федерация басшылары ҳәм ҳәкимлер орынлардағы имканиятлардан толық пайдаланбай атырғаны сынға алынды. Атап айтқанда, 207 жоқары билимлендириў мәкемеси, 15 Олимпиада ҳәм Паралимпия орайлары, 310 спорт мектеби ҳәм 16 спорт интернатының имканиятларынан нәтийжели пайдаланылса, чемпионлар таярлаў ҳәм жарысларға жоллама алыў көрсеткишлерин буннан да арттырыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Бул бағдардағы унамлы тәжирийбелер де атап өтилди. Атап айтқанда, Зарбдор районында өткен жылы 23 мәҳәлледеги 34 мың жигит-қыз ғалабалық спортқа тартылды. Районда стол тенниси, таэквондо ҳәм волейболға қәнигелескен 3 жаңа спорт залы қурылды. Исбилерменлер менен биргеликте 2 жабық футбол майданы ҳәм фитнес клуб шөлкемлестирилген. Нәтийжеде Зарбдор районы усы жылы биринши мәрте волейбол ҳәм стол тенниси бойынша Өзбекстан чемпионатын қабыл етеди.

Жуўапкерлерге Зарбдор тәжирийбесин үйренип, барлық аймақларда енгизиў бойынша тапсырма берилди.

Атап өтилгениндей, айырым мектеплерде дөгереклер тек ғана формал түрде шөлкемлестирилген болып, оларға 3-4 бала қатнайды. Мәселен, өткен жылы Жиззақ, Қашқадәрья ҳәм Ферғана қалаларында оқыўшылардың төрттен бир бөлеги физикалық таярлық бойынша минимал нормативлерди орынламаған.

Ҳәкимлерге ҳәр бир мектепте спорт дөгереклериниң жумыс ислеўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў, балаларды спортқа тартыўды кеңейтиў ўазыйпасы қойылды.

Бүгинги күнде айырым қәнигелестирилген спорт мектеплериниң нәтийжелери әпиўайы спорт мектеплериниң көрсеткишлеринен ҳеш қандай парықланбай атыр. Мәселен, Термиз қаласындағы 4 қәнигелестирилген мектептиң нәтийжелери Жарқорғандағы бир ғана спорт мектебиниң нәтийжелери менен салыстырыла алмайды. Бул спорт мектеби өткен жылы Азия ҳәм жәҳән чемпионатларында 6 сыйлықты қолға киргизген болса, ўәлаяттағы 4 қәнигелескен мектеп тек ғана 1 медалға ийе.

Усы мүнәсибет пенен ҳәр бир қәнигелестирилген спорт мектеби директоры, жәмәәти ҳәм тренерлериниң жумыс усылын өзгертип, "өсиў ноқатлары"н анық белгилеп, олардың айлық мийнет ҳақысы менен шәкиртлериниң нәтийжелери арасында байланыс орнатыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, жоқары нәтийжелерге ерискен спорт мектеплери ушын әмелдеги хошаметлеў тәртиби менен бирге 500 миллион сум муғдарында өз алдына сыйлықлаў системасы енгизиледи.

Жоқары билимлендириў мәкемелеринде спортты раўажландырыў бағдарындағы жумыслар да сын көзқарастан көрип шығылды. Федерациялар менен бирге ислесиў ҳәм талантлы студентлерге жеке тренерлерди бириктириў жумыслары жетерли дәрежеде емеслиги атап өтилди. Жиззақ политехника институты, Ташкент медицина университетиниң Термиз филиалы, Қаршы мәмлекетлик техника университети ҳәм Бухара мәмлекетлик университетинде 70 процент студент физикалық таярлық нормаларын тапсыра алмаған. Бул жоқары оқыў орынларының спорт клубларының жумысында кемшиликлер бар екенинен дәрек береди.

Сол себепли 207 жоқары билимлендириў мәкемесиниң ректорларына Термиз мәмлекетлик университетиниң бул бағдардағы унамлы тәжирийбесин үйренип, спортты раўажландырыў бойынша анық жыллық режелер ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

мәжилис даўамында нәтийжелер спорттың айырым түрлери бойынша да талланды. Атап айтқанда, базада атыў спорт түри бойынша зәрүр шараятлар жаратылғаны нәтийжесинде сезилерли нәтийжелерге ерисилип атырғаны атап өтилди. Футбол, спорт гүреси, велоспорт, жеңил атлетика ҳәм жүзиў спорт түрлери бойынша унамлы динамика бақланбақта.

Соның менен бирге, Жиззақ қаласындағы 6 қылышласыў базасында шынығыў алып барып атырған спортшылардың саны 100 ге де жетпей атырғаны, трамплин ҳәм акробатика, теннис ҳәм ат спорты бойынша потенциал толық иске қосылмай атырғаны сынға алынды.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде спортшылардың жарақатларын тиклеў, булшық етлерин тексериў ҳәм функционал анализлер тийкарынан сырт елде әмелге асырылмақта, федерациялар сырт ел спорт шыпакерлери, фармаколог ҳәм диетологларын тартыўға мәжбүр болмақта.

Келешекте ҳәр бир қәнигелестирилген медицина орайы тийисли спорт федерациялары менен бирге ислеседи. Орайлар ҳәр айда сайланды команда ағзаларының денсаўлығын тексерип, жарақат алыў қәўипин баҳалайды, физикалық шынығыўларды илимий түрде анализлейди ҳәм тренерлерге медициналық усыныслар береди.

Мәмлекетимиз басшысы бул тараўдағы реформаларды жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған бир қатар басламаларды да алға қойды.

Енди мәҳәлледе ғалабалық спорттың нәтийжелилиги тек ғана қамтып алыў менен емес, ал халықтың саламатлығы менен де баҳаланады. Ҳәр бир ўәлаятта "денсаўлық балансы" қәлиплестирилетуғын бир район таңлап алынады. Спорт пенен белсенди шуғылланатуғын халық арасынан саламат турмыс тәризи волонтёрлары корпуси шөлкемлестириледи. Олар мәҳәллелерде спорт пенен шуғылланыў ҳәм саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлайды.

Ҳәр бир райондағы ең үлгили 10 мәҳәллеге усы система шеңберинде бийпул спорт формасы ҳәм инвентарлары бериледи. Спорт пенен қамтып алыў көбейип, халықтың денсаўлығы жақсыланған, жүрек-қан тамыр кеселликлери ҳәм диабет азайған мәҳәллелерде жылдың ақырында волонтёр ҳәм мәҳәлле баслығы 15 миллион сумға шекем хошаметленеди. Бул мәҳәлледеги ғалабалық спорт илажларына жуўапкер тренерге болса мийнет ҳақысына 200 процентке шекем үстеме төленеди.

Атап өтилгениндей, пүткил дүньяда кроссфит сыяқлы арнаўлы үскенелерди ҳәм үлкен инфраструктураны талап етпейтуғын интенсив шынығыўлар барған сайын ғалаба енип бармақта. Соның ушын 1-майға шекем барлық мектеп ҳәм техникумларда кросс-фит дөгереклерин шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди. Келеси жылы кросс-фит "Бес баслама" системасына киргизиледи.

Мәжилисте мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде спортты ғалаба ен жайдырыў бойынша да жаңа тәртип белгиленди. Енди ҳәр бир министр, тармақ ҳәм банк басшысы, ўәлаят ҳәм район ҳәкими өз хызметкерлерине спорт пенен шуғылланыўға үлги болыўы, шараятларды кеңейтиўи керек.

Усы мақсетте ҳәптениң бир күни Спорт күни етип белгиленеди. Усы күни министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлерде спорт шынығыўлары өткериледи. Усы жылдан баслап, ҳәр жылы министрликлер, тармақлар, банклер ҳәм ҳәкимликлер арасында республикалық бириншиликлер өткериледи.

Жәмиетлик спортты раўажландырыў ушын жеке меншик секторда да қосымша имканиятлар жаратылады. Атап айтқанда, исбилерменлер өз хызметкерлери ушын шынығыў залы ҳәм майданшасын қурыў және үскенелеў қәрежетлерин пайда салығы бойынша салық салынатуғын базадан алып таслаў имканиятына ийе болады. Жумысқа тартылатуғын тренерлердиң дәрамат салығы ҳәм социаллық салығы 1 процент етип белгиленеди.

Мәжилисте халықты спортқа тартыў ҳәм селекциялаў жумысларында "район-мектеп-спорт мәкемеси-федерация" циклине тийкарланған пүткиллей жаңа көзқарас енгизилетуғыны мәлим етилди.

Енди университет ректоры, федерация басшысы ҳәм ҳәким арасында үш тәреплеме шәртнама дүзиледи. Оған бола, ҳәкимлер тәрепинен ўәлаяттағы мектеп, техникум ҳәм басқа да спорт объектлеринде спорт дөгереклерин шөлкемлестириў, оқыўшыларды оқыўдан тысқары ўақытларда спорт пенен шуғылландырыў ушын зәрүр шараят ҳәм қолайлықлар жаратылады.

Сондай-ақ, спорт жоқары оқыў орынларының студентлерин дуаллық билимлендириўге қамтып алыў, оларды дөгереклерге тренер етип жибериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Бундай студентлерге автоматикалық түрде тренерлик сертификаты бериледи. Секциядан түсетуғын дәраматтың 50 проценти тренер-студенттиң ықтыярында қалады. Дуал билимлендириў питкериўшилерине диплом менен бирге судья сертификаты да бериледи.

Мәжилисте жаңа система есабынан усы жылдың өзинде спорт пенен турақлы шуғылланатуғын пуқаралар санын 2 есеге арттырып, 1 миллионға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Жуўапкерлерге спортшылар ҳәм тренерлердиң нәтийжелерин жасалма интеллект жәрдеминде таллаў, шынығыў режелерин қәлиплестириў имканиятын беретуғын бирден-бир платформа жаратыў ўазыйпасы қойылды.

Спорт тараўындағы илимий изертлеўлер буннан былай тек ғана әҳмийетли машқалаларды шешиўге қаратылыўы, олардың нәтийжелери тиккелей әмелиятқа енгизилиўи зәрүр екенлиги атап өтилди. Егер илимий қолланбалар реал нәтийже берип, спортшылардың жетискенликлери ҳәм халықаралық жарысларда медаллардың көбейиўине хызмет етсе, бундай илимпазлар 100 миллион сум муғдарында сыйлықланады.

Олимпия ҳәм паралимпия ҳәрекетин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Быйылдан баслап Президент олимпиадасы шеңберинде жарыс өткерилетуғын спорт түрлери еки есеге көбейтилип, 21 ге жеткерилмекте. Енди бул беллесиўлер паралимпия спорт түрлери бойынша да шөлкемлестириледи. Ҳәр бир район ҳәм ўәлаят ҳәкими өз аймағында Ҳәкимлер олимпиадасын өткерип, жеңимпазлар Президент олимпиадасына жоллама алады.

Сондай-ақ, адаптив спорт түрлери бойынша кадрлар таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасы түп-тийкарынан жаңаланады. Герсен атындағы Россия мәмлекетлик педагогикалық университетиниң Ташкент филиалы инклюзив спорт бойынша базалық жоқары оқыў орны болады.

Президентимиз пара-спортшыларымыздың жетискенликлеринде оларды күни-түни қоллап-қуўатлап киятырған пидайы инсанлардың хызмети үлкен екенин айрықша атап өтти. Буннан былай пара-спортшыларды оқыў-шынығыў жыйынларында, республикалық ҳәм халықаралық жарысларда ертип баратуғын шахсларға транспорт ҳәм жасаў қәрежетлери қаплап бериледи. Буннан тысқары, оларға спорт мектеплери тренерлериниң айлық мийнет ҳақысына тең муғдарда айлық мийнет ҳақы төленеди.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда спорт тек ғана денсаўлық ҳәм жоқары нәтийжелер гиреўине емес, ал дәраматлы тараўға айланыўы керек екенлигин атап өтти.

Футбол бойынша миллий чемпионат ойынларын шөлкемлестириў мәселелери де усы көзқарастан көрип шығылды. Айырым ойынлар жумыс ўақтында өткерилип атырғанлығы себепли ықласбентлердиң қатнасыўы күтилгенинен төмен болып атырғаны атап өтилди.

Жуўапкерлерге ойынларды дем алыс күнлери ямаса кешки саат 19:00 ден кейин өткериў арқалы стадионларға қатнасыўшылықты кескин арттырыў, стадион әтирапында қосымша хызметлер, музыкалық ҳәм кеўилашар илажлар шөлкемлестириў, ықласбентлер ушын қолайлы транспорт қатнаўын жолға қойыў, оларға арзан футбол турпакетлерин усыныс етиў бойынша бағдарлама ислеп шығыў тапсырылды.

Мәжилисте орынларда спорт инфраструктурасының жағдайы да көрип шығылды. Атап өтилгениндей, аймақлардағы 39 ашық ҳәм жабық спорт объектлери оңлаўға мүтәжлиги себепли толық пайдаланылмай атыр. Сол себепли жуўапкерлерге бундай объектлерди заманагөй спорт комплекслерине айландырыў ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында бериў бойынша қарар жойбарын таярлаў тапсырылды.

Сондай-ақ, спорт мектеплеринде жасларды қызықтыратуғын олимпиададан тыс спорт түрлери бойынша секциялар ашыў, Өзбекстан олимпиададан тыс спорт түрлери конфедерациясын шөлкемлестириў усынысы мақулланды.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы тармақ басшылары ҳәм ҳәкимлердиң есабатын тыңлады, исбилерменлер ҳәм спортшылар менен сәўбетлести.