Бир неше секундта телефон арқалы пул өткериў мүмкин. Коммуналлық төлемлер, салықлар, мәмлекетлик хызметлер, онлайн саўда, аралықтан билимлендириў ҳәм ҳәттеки медициналық мәсләҳәтлер де санлы платформалар арқалы әмелге асырылмақта.
Мәмлекетимизде санлы экономиканы раўажландырыў, электрон мәмлекетлик хызметлерди кеңейтиў ҳәм нақ пулсыз есап-санақларды ғалаба ен жайдырыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылды. Бул процесс экономика нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик хызметлердиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм халық ушын қолайлық жаратыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Бирақ ҳәр қандай жаңалықтың екинши тәрепи де болады. Технологиялардан тек ғана ҳадал адамлар емес, ал жаман нийетли адамлар да пайдаланыўды үйренбекте. Бурын алдаўшылық көбирек жүзбе-жүз сөйлесиў арқалы әмелге асырылған болса, бүгин ол телефон, интернет, социаллық тармақлар, мессенджерлер, банк карталары, электрон шыжланлар ҳәм ҳәттеки жасалма интеллект жәрдеминде әмелге асырылмақта.
Сонлықтан, санлы экономиканы раўажландырыў менен бир ўақытта оның ҳуқықый қорғалыўын да күшейтиў мәмлекетлик сиясаттағы тийкарғы ўазыйпалардан бирине айланды. Әне усы зәрүрликтен келип шығып Олий Мажлис Нызамшылық палатасы тәрепинен "Киберқәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм санлы орталықтағы ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам қабыл етилди ҳәм Сенатқа жиберилди. Нызамнан тийкарғы мақсет санлы орталықта пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин және де исенимли қорғаў, жынаятлардың алдын алыў ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының нәтийжели жумысы ушын заманагөй ҳуқықый тийкар жаратыўдан ибарат.
Не ушын әйне бүгин бундай нызам зәрүр болды?
Ҳәр күни жүзлеген пуқара ҳәр қыйлы алдаў ҳәм алдаўшылық усылларының қурбаны болып, қаржысынан айырылмақта. Телефонға келген бир ғана қоңыраў, жалған силтеме, жалған хабар (SМS) ямаса өзин банк хызметкери сыпатында таныстырған шахс пенен бир неше минутлық сәўбет адамның жыллар даўамында топлаған қаржысын жоғалтыўына себеп болыўы мүмкин.
Ҳаятта тез-тез ушырасып туратуғын бир жағдайды көз алдымызға келтирейик. Ташкент ўәлаятында жасаўшы жасы үлкен ҳаялға күтилмегенде телефон қоңыраўы болады. Қоңыраў еткен шахс өзин банк хызметкери деп таныстырады. Ол ҳаялдың картасында гүманлы операция өткерилип атырғанын айтып, қаржыны сақлап қалыў ушын SМS арқалы келген кодты айтыўды сорайды. Ҳаял қәўетерленип, кодты айтады. Бирнеше минут өтпей-ақ есабындағы барлық қаржы басқа есап бетлерине өткерип бериледи. Бул ўақыяда алдаўшы банкке де кирмейди, картаны да урламайды. Ол тек инсанның исениминен пайдаланды.
Көпшилик "кибержынаят" дегенде компьютерди хакерлик арқалы бузып кириў ямаса қурамалы хакерлик ҳәрекетлерин түсинеди. Негизинде болса бүгин кибержынаятлардың үлкен бөлеги әпиўайы адамларды алдаў арқалы әмелге асырылмақта.
Мәселен, "Сиз 50 миллион сум уттыңыз" деген хабар, арзан баҳада автомобиль ямаса квартира сатылып атырғаны ҳаққындағы жалған жәриялаў, социаллық тармақларда туўысқанының аккаунты бузылып, пул сораған хабар, өзин банк, салық уйымы ямаса ҳуқық қорғаў уйымы хызметкери сыпатында таныстырған шахслар, инвестиция платформасы ямаса криптовалюта арқалы жоқары дәрамат ўәде ететуғын алдаўшылар адамлардың алданып қалыўына себеп болмақта.
Бундай жағдайларда компьютер системасы емес, инсан психологиясы "бузылады". Соның ушын заманагөй кибержынаятшылық ҳуқықый, экономикалық ҳәм социаллық машқалаға айланып үлгерди.
Соңғы ўақытлары ҳуқық қорғаў уйымларының жумысында "дроп" деген атама тез-тез қолланылмақта. Әпиўайы етип айтқанда, "дроп" өзиниң банк картасы, электрон шыжланын ямаса банк есап бетин басқа шахсларға белгили бир ҳақы ушын ямаса бийпул пайдаланыў ушын берип қоятуғын шахс болып табылады. Көпшилик бундай ҳәрекеттиң ақыбети ҳаққында ойламайды.
Мәселен, студент социаллық тармақ арқалы "карта керек, айына 1 миллион сум төлеймиз" деген усынысқа разы болады. Ол өз картасын басқа шахсларға береди. Бир неше күннен кейин болса сол карта арқалы онлаған алдаўшылық қаржылары айландырылғаны мәлим болады. Нәтийжеде жынаятшылар изин жасырады. Жәбирлениўшилер пулсыз қалады. Ҳуқық қорғаў уйымлары болса қаржының ҳақыйқый ийесин анықлаўға көбирек ўақыт жумсайды.
Әне усындай алдаўшылық ҳәм алдаўшылық жағдайларының алдын алыў мақсетинде бул нызам менен нәтийжели ҳуқықый механизмлер енгизиледи.
Жазаны күшейтиў емес, жынаяттың алдын алыў
Жаңа нызамды оқып, ондағы өзгерислердиң көпшилиги жынаят жүз бергеннен алдын оның жолын тосыўға қаратылғанының гүўасы боламыз. Буның ушын нызамда жынаятшылардың финанслық излерин тезирек анықлаў, алдаўшылықта пайдаланылып атырған банк карталарының айланысын шеклеў, санлы хызметлерден жынайый мақсетлерде пайдаланыўдың ҳуқықый ақыбетлерин белгилеў, интернет арқалы жүз берип атырған жынаятларға байланыслы ҳуқықый механизмлерди жетилистириў, тергеў уйымларына заманагөй санлы дәлиллер менен ислесиў имканиятларын кеңейтиў сыяқлы илажлар нәзерде тутылған. Киргизилип атырған өзгерислер жынаяттың жүз бериў итималын азайтыўға хызмет етеди.
Ҳәр бир дәўир өзиниң ҳуқықый шешимлерин талап етеди. Өткен әсирде нызамлар тийкарынан дәстүрий қатнасықларды тәртипке салған болса, бүгин санлы орталық пүткиллей жаңа ҳуқықый қатнасларды талап етпекте.
Усы мәнисте бул нызам айрықша жынаятларды жазалаўға қаратылған гезектеги ҳуқықый ҳүжжет емес. Ол санлы жәмийет шараятында мәмлекет, пуқара ҳәм бизнес арасында қәўипсиз санлы қатнасықларды қәлиплестириўге хызмет ететуғын системалы ҳуқықый механизм болып есапланады. Нызамның тийкарғы ўазыйпасы жынаятшылар қолланып атырған жаңа усылларға ҳуқықый жақтан мүнәсип жуўап бериў болып табылады.
Биринши әҳмийетли жаңалық: интернет арқалы жүз берген жынаятларға ҳуқықый баҳа өзгереди. Санластырыў процесиниң жеделлесиўи нәтийжесинде алдаўшылық жынаятларының салмақлы бөлеги интернет тармағы ҳәм басқа да санлы платформалар арқалы әмелге асырылмақта. Пуқара телефон қоңыраўын қабыллайды. Телеграм арқалы силтеме келеди. Социаллық тармақта жалған дүкан ашылады. Интернет арқалы қарыз усыныс етиледи. Нәтийжеде жынаят жүз береди.
Әмелде болса көп жағдайларда жынаяттың әйне санлы технологиялар арқалы исленгени жаза тайынлаўда айрықша ҳуқықый әҳмийетке ийе болмайтуғын еди. Нызам менен бул қатнас қайта көрип шығылып, интернет, телекоммуникация тармақлары ямаса ғалаба хабар қуралларының имканиятларынан пайдаланып жынаят ислеў аўырластырыўшы жағдай сыпатында баҳаланатуғыны белгиленген.
Екинши әҳмийетли жаңалық: "картамды ўақтынша ислетип турың" деген гәп енди үлкен ҳуқықый ақыбетлерге алып келиўи мүмкин. Кейинги жылларда алдаўшылық нәтийжесинде қолға киргизилген қаржылардың ҳәрекет бағдарын анықлаў ҳәм оларды өткериўде пайдаланылған есапбетлер ҳәм басқа да финанслық қуралларды белгилеў ҳуқық қорғаў уйымларының жумысындағы ең қыйын ўазыйпалардан бирине айланбақта.
Әмелдеги усыллар усындай ислейди. Жынаятшы ҳеш қашан өз картасынан пайдаланбайды. Ол студентлер, жумыссызлар ямаса аңсат дәрамат излеп атырған адамларға мүрәжат етип, олардың банк картасы ямаса электрон шыжланынан пайдаланады.
Мәселен, "бир айға картаңызды ижараға берсеңиз, 2 миллион сум төлеймиз" деген усыныслар социаллық тармақларда тез-тез ушырасып турады. Көпшилик буның жынаят екенин аңламайды. Негизинде болса әйне усы карта арқалы онлаған жәбирлениўшилердиң қаржысы айландырылады.
Нызам бул шынжырды үзиўге қаратылған әҳмийетли ҳуқықый механизмлерди усыныс етпекте. Атап айтқанда, банк карталары, есапбетлер ҳәм электрон төлем қуралларын жынайый мақсетлерде басқа шахсларға бериў ямаса олардан пайдаланыў менен байланыслы қатнасықларға анық ҳуқықый баҳа белгиленбекте. Бул өзгерис, биринши гезекте, ҳадал пуқараларды қорғаўға хызмет етеди.
Үшинши әҳмийетли жаңалық: электрон шыжлан ҳәм санлы активлер тараўында да ҳуқықый анықлық пайда болады. Бүгин санлы экономика тек ғана банк карталарынан ибарат емес. Электрон шыжланлар, онлайн төлем платформалары, санлы активлер ҳәм криптовалюта менен байланыслы операциялар да барған сайын ғалаба ен жаймақта. Бул процесс жынаятшылар ушын жаңа имканиятлар жаратпақта.
Мәселен, қаржы банк картасынан электрон шыжланға, оннан басқа мәмлекеттеги криптошыжланға, кейин болса және басқа есапқа өткерилиўи мүмкин. Бир неше минут ишинде ақшаның ҳақыйқый ҳәрекет жолын анықлаў жүдә қыйын болады.
Сол себепли нызам менен электрон төлем қураллары ҳәм олардан жынайый мақсетлерде пайдаланыўға байланыслы ҳуқықый механизмлер де жетилистирилди. Бул өзгерислер санлы қаржы базарының турақлы раўажланыўы ушын да әҳмийетли.
Төртинши әҳмийетли жаңалық: тергеўдиң заманагөй қураллары кеңейеди. Кибержынаятларды тергеў әпиўайы жынаятларды ашыўдан пүткиллей парық қылады. Егер дәстүрий жынаятта гүўалар, излер ямаса айғақлы дәлиллер тийкарғы әҳмийетке ийе болса, санлы жынаятларда электрон мағлыўматлар, IP мәнзиллер, сервер журналлары, банк операциялары ҳәм санлы транзакциялар тийкарғы дәлил болады. Бундай мағлыўматларды жедел алыў имканияты болмаса, жынаятшылар қаржыны бир неше минут ишинде басқа мәмлекетлерге өткерип жибериўи мүмкин.
Соның ушын нызамда айырым процессуал механизмлерди заманагөй санлы қатнасықларға бейимлестириў нәзерде тутылған. Бул ҳуқық қорғаў уйымларына кибержынаятларды тезирек ашыў имканиятын береди.
Нызамның тийкарғы тәсири алдаўшылық усылларын шөлкемлестирип атырған, басқалардың картасынан пайдаланып атырған, жалған есапбетлер ашып атырған, интернет арқалы ғалабалық алдаўлар шөлкемлестирип киятырған шахсларға қаратылады.
Усы мәнисте бул ҳүжжет санлы мәканда жынаяттан дәрамат табыўға урынып атырған шахслар ушын қатаң ескертиў ўазыйпасын атқарады.
Ҳеш бир нызам пуқаралардың ҳуқықый санасы ҳәм итибарсыз толық нәтийже бермейди. Мысалы, нызам банк картасын басқа шахсларға бермеўди талап етиўи мүмкин. Бирақ инсан аңсат дәрамат көзи менен өз картасын ықтыярлы түрде басқаларға берсе, бәринен бурын, өзи қәўип астында қалады.
Ямаса банк ҳеш қашан SMS арқалы келген тастыйықлаў кодын сорамаўы ҳаққында миллион мәрте ескертиў мүмкин. Бирақ пуқара исенип кодты айтса, алдаўшы ушын есикти дәл өзи ашып берген болады. Соның ушын бул нызамды мәмлекетимизде санлы ҳуқықый мәдениятты қәлиплестириўге хызмет ететуғын әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет сыпатында баҳалаў мақсетке муўапық.
Бир қарағанда кибержынаятшылық айырым шахслар арасындағы алдаўшылық сыяқлы көринеди. Негизинде оның тәсир шеңбери әдеўир кең. Бүгин санлы технологиялар банк системасы, мәмлекетлик хызметлер, электрон коммерция, салық ҳәкимшилиги, инвестициялар, сыртқы саўда ҳәм қаржы базарларының тийкарғы инфраструктурасына айланған. Демек, санлы орталықтағы қәўипсизлик енди пүткил экономика турақлылығының да әҳмийетли шәрти болып есапланады.
Дүнья тәжирийбеси соны көрсетпекте, кибержынаятшылық ақыбетинде келтирилип атырған зыян жылдан-жылға артып бармақта. Халықаралық таллаўларға бола, бул тенденция сақланып қалса, жақын жылларда кибержынаятлар себепли жәҳән экономикасының көретуғын зыяны триллионлаған АҚШ долларына жетиўи мүмкин. Бул санлар киберқәўипсизликти миллий экономикалық қәўипсизликтиң ажыралмас бөлеги сыпатында көриў зәрүрлигин көрсетеди.
Көз алдымызға келтирейик: жас шаңарақ бирнеше жыл даўамында үй сатып алыў ушын қаржы топлады. Интернеттеги жасалма ипотека ямаса инвестиция усынысына исенип, барлық қаржысын алдаўшыларға өткерип жиберди.
Бул жерде тек ғана бир банк есабы босап қалмаған. Шаңарақтың келешек режелери кешиктириледи, банк системасына исеним төменлейди, халық санлы хызметлерден абайлылық пенен пайдалана баслайды. Нәтийжеде санлы экономиканың раўажланыў пәтине де унамсыз тәсир көрсетилиўи мүмкин. Соның ушын да кибержынаячтшылыққа қарсы гүресиў мәмлекетлик экономикалық сиясаттың әҳмийетли бағдары болып есапланады.
Санлы экономика ҳәм исеним
Президентимиздиң басламасы менен мәмлекетимизде санлы экономиканы раўажландырыў, мәмлекетлик хызметлерди санластырыў ҳәм электрон төлем системаларын кеңейтиў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. Бул реформалардың табысы болса, бәринен бурын, халықтың исенимине байланыслы.
Егер инсан телефон арқалы пул өткериўден қорқса, интернет-дүканларға исенбесе ямаса электрон хызметлерден қәўипленсе, санластырыўдан күтилип атырған экономикалық нәтийжеге ерисиў қыйын болады.
Демек, санлы экономиканың ең әҳмийетли капиталы технология емес, исеним болып есапланады. Бул нызам мине усы исенимди беккемлеўге хызмет етеди.
Бүгин сырт ел инвесторы мәмлекеттиң салық сиясаты ямаса базар көлеми менен бирге, киберқәўипсизлик дәрежесин де баҳалайды. Себеби ҳәр қандай заманагөй өндирис, банк системасы, логистика орайы ямаса финтех компаниясы өз жумысында санлы технологияларға сүйенеди. Егер мәмлекетте электрон операцияларды қорғайтуғын ҳуқықый механизмлер жетерли болмаса, инвестордың тәўекелшилиги артады. Усы көзқарастан, кибержынаятшылыққа қарсы нәтийжели нызамшылық инвестициялық орталықтың да әҳмийетли қурамлық бөлеги болып есапланады.
Раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесинде де санлы орталықта жүз беретуғын жынаятларға байланыслы ҳуқықый илажлар басқышпа-басқыш күшейтилмекте. Мәселен, Европа Аўқамында мәлимлеме системаларына қарсы жынаятлар, жеке мағлыўматларды нызамсыз ийелеў, электрон төлем қураллары арқалы алдаўшылық ҳәм санлы идентификация қуралларынан жынайый мақсетлерде пайдаланғаны ушын жуўапкершиликке байланыслы улыўма ҳуқықый стандартлар қәлиплестирилген.
АҚШта электрон финанслық алдаўшылық, банк карталары мағлыўматларын урлаў, электрон байланыс қураллары арқалы алдаўшылық ҳәм кибержынаятлар федерал дәрежеде аўыр жынаятлар сыпатында баҳаланады.
Сингапур, Қубла Корея ҳәм Япония сыяқлы санлы экономикасы жоқары раўажланған мәмлекетлерде болса электрон төлем системалары қәўипсизлигине миллий экономикалық қәўипсизликтиң тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында қаралады.
Бул мысаллар соны көрсетеди, санлы экономика қаншелли раўажланса, оны қорғайтуғын ҳуқықый механизмлер де соншелли беккем болыўы керек.
Бизнес ушын да әҳмийетли
Айырымлар "бул нызам тек ғана жынаятшыларға қарсы қабыл етилмекте", деп ойлаўы мүмкин. Негизинде болса оның тиккелей мәпдарлары арасында исбилерменлер де бар.
Онлайн саўда платформалары, төлем шөлкемлери, маркетплейслер, электрон хызмет көрсетиўши компаниялар, логистика операторлары ҳәм финтех жойбарлары қәўипсиз санлы орталықсыз турақлы раўажлана алмайды.
Алдаўшылықлар көбейсе, биринши гезекте, бизнестиң өзи зыян көреди. Клиентлер исенимин жоғалтқан базар узақ мүддетли раўажлана алмайды. Соның ушын бул нызам бәсеки орталығын да қорғайды.
Нызамды талқылай отырып, және бир әҳмийетли тәрепи итибарды тартады. Онда жынаяттың алдын алыўға хызмет ететуғын механизмлерге айрықша итибар қаратылған. Бул заманагөй ҳуқық сиясатының тийкарғы принциплеринен бири. Себеби ҳәр қандай алдаўшылықтан кейин пулды қайтарыў аңсат емес. Бирақ оның жүзеге келиўине жол қоймаў көп тәреплеме нәтийжели.
Әне усы көзқарастан қарағанда, банк карталарының айланысын тәртипке салыў, электрон төлем қураллары менен байланыслы қатнасықларды анық ҳуқықый қағыйдалар тийкарында белгилеў және санлы орталықта жынаят ислеўдиң ҳуқықый ақыбетлерин күшейтиў профилактиканың әҳмийетли қуралына айланады.
Нызам мәмлекетимиздеги кең көлемли санлы реформалардың логикалық даўамы сыпатында баҳаланыўы керек. Себеби мәмлекет бир тәрептен санлы экономиканы раўажландырар екен, екинши тәрептен оның қәўипсизлигин тәмийинлейтуғын ҳуқықый механизмлерди де жетилистирип барыўы тәбийғый. Бул болса "санластырыў – ҳуқықый қорғаў – жәмийетлик исеним" шынжырының турақлы ислеўин тәмийинлейди.
Ҳуқық раўажланыўдан артта қалмаўы керек. Бул — ҳуқықый мәмлекет қурыўдың ең әҳмийетли талапларынан бири. Жәмийетте жаңа қатнасықлар пайда болып, оларды тәртипке салатуғын ҳуқықый механизмлер де заман менен тең қәдем таслап раўажланып барыўы зәрүр. Бүгин биз мине усындай тарийхый басқышта турмыз.
Бүгин санлы экономиканы қәлиплестириў ҳәм раўажландырыў, мәмлекетлик басқарыў системасын санлы технологиялар тийкарында жетилистириў, электрон мәмлекетлик хызметлердиң көлемин ҳәм сапасын арттырыў, сондай-ақ, инновациялық шешимлерди әмелиятқа кеңнен енгизиў мәмлекетимиз раўажланыўының тийкарғы стратегиялық бағдарлары қатарына киргизилген. Бул өзгерислер адамлардың күнделикли турмысын жеңиллестирмекте. Мәмлекетлик хызметлердиң ашық-айдынлығы ҳәм нәтийжелилигин арттырмақта. Исбилерменлик ушын жаңа имканиятлар жаратпақта. Бирақ санластырыўдың ҳақыйқый нәтийжеси технологиялардан қәўипсиз пайдаланыў имканияты менен белгиленеди.
Көбинесе кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳуқық қорғаў уйымларының ўазыйпасы сыпатында қабыл етиледи. Негизинде болса санлы қәўипсизликти тәмийинлеўде ҳәр бир пуқара, ҳәр бир шөлкем ҳәм ҳәр бир мәмлекетлик уйымның өз орны бар. Банклер заманагөй қорғаў системаларын енгизеди. Телекоммуникация операторлары информация қәўипсизлигин тәмийинлейди. Мәмлекетлик уйымлар ҳуқықый механизмлерди жетилистиреди. Билимлендириў мәкемелери санлы саўатлылықты арттырады. Ғалаба хабар қураллары халықты ескертеди. Пуқаралар болса жеке мағлыўматлары ҳәм финанслық ресурсларына жуўапкершилик пенен мүнәсибетте болады.
Мине усы шынжырдың бир буўыны әззилесе, пүткил системаның нәтийжелилиги төменлейди. Сонлықтан, киберқәўипсизликти тәмийинлеў улыўма миллий ўазыйпаға айланбақта.
Ҳеш қандай нызам ҳәр бир инсанның телефоны жанында турып оны алдаўшыдан қорғай алмайды. Ҳеш қандай ҳуқықый норма инсанның орнына қарар қабыл етпейди. Ҳеш қандай мәмлекетлик уйым пуқара өз қәлеўи менен алдаўшыға жиберген SMS кодты қайтарып бере алмайды. Соның ушын санлы қәўипсизликтиң биринши ҳәм ең әҳмийетли шәрти ҳуқықый мәденият болып табылады.
Нызамның ең үлкен нәтийжеси не болады?
Бул сораўға жуўапты алдын алынған жынаятлар саны менен баҳалаў дурысырақ болады. Егер жаңа ҳуқықый механизмлер нәтийжесинде пуқаралар банк карталарын басқаларға бермей қойса, интернет алдаўшылығы қурбанлары азайса, санлы хызметлерге исеним артса, исбилерменлер электрон коммерциядан қәўипсиз пайдаланса, банк системасының турақлылығы беккемленсе, тергеў уйымлары кибержынаятларды тезирек анықлай алса, демек, нызам өзиниң тийкарғы ўазыйпасын орынлаған болады. Себеби заманагөй ҳуқықтың ең әҳмийетли өлшеми қәўипти азайтыў болып есапланады.
Санлы экономика да, электрон мәмлекетлик хызметлер де, жасалма интеллект технологиялары да, финтех тараўы да, мәлимлеме системалары да, бәринен бурын, инсан мәплерине хызмет етиўи керек.
Бул нызам мине усы мақсетке хызмет ететуғын ҳуқықый реформалардан бири болып есапланады. Ол санлы раўажланыўды шеклемейди. Керисинше, оның қәўипсиз раўажланыўы ушын ҳуқықый кепилликлерди күшейтеди. Ең әҳмийетлиси, бул нызам пуқаралардың жеке мүлк, финанслық қәўипсизлиги ҳәм санлы ҳуқықларын қорғаўға қаратылған. Бул болса ҳәр бир инсанның мәмлекетке, нызамға ҳәм санлы хызметлерге исенимин және де беккемлеўге хызмет етеди.
Санлы технологиялардың раўажланыўын тоқтатып болмайды. Олар және де раўажланады, жаңа хызметлер, жаңа имканиятлар ҳәм жаңа экономикалық қатнасықларды пайда етеди. Бирақ олар менен бирге жаңа қәўип-қәтерлер де пайда болады. Солай екен, ҳуқық та раўажланыў менен бирге ҳәрекет етиўи шәрт.
Нызам мине усы зәрүрликтиң ҳуқықый көриниси болып табылады. Ол санлы мәканда жынаячтшылыққа қарсы гүресиўдиң нәтийжели механизмлерин қәлиплестириў, пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў және жаңа Өзбекстанда қәўипсиз санлы орталықты жаратыўға хызмет етеди.
Акром ТАШПУЛАТОВ,
Парламент изертлеўлери институты директоры,
юридика илимлери докторы