Бәринен бурын, Қазақстан Республикасы Президенти, ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевқа Регионаллық экологиялық саммитти өткериў басламасы, оны жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ҳәм дәстүрий жыллы миймандослық ушын айрықша миннетдаршылық билдиремен.

Өзбекстан саммиттиң тийкарғы идеясы - экологиялық қәўип-қәтерлердиң терең байланыслылығын ҳәм оларды биргеликте шешиў зәрүрлигин атап өтетуғын "Турақлы келешекке улыўма көзқарас" идеясын толық қоллап-қуўатлайды.

Бүгинги ушырасыў өткен жылы Самарқанд климат форумында басланған сөйлесиўлердиң логикалық даўамы болып есапланады. Орайлық Азия мәмлекетлериниң экологиялық дипломатиясы сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилип, системалы ҳәм избе-из характерге ие болып атырғаны қуўанышлы.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Экологиялық машқалаларды бүгинги күнде глобал климат өзгерислеринен ажыратып қараў мүмкин емес.

Глобал ысыў пәтлери және де тезлесип бармақта, Орайлық Азияда болса температура 2 есеге көтерилмекте. Регион музлықларының дерлик үштен бир бөлеги жоғалған, жаўын-шашын режими турақсызласқан, суў ресурсларының жетиспеўшилиги артып бармақта. Ҳәзирги ўақытта 80 миллион гектар жер деградацияға ушыраған.

Глобал экологиялық аўызбиршиликтиң төменлеп атырғаны терең тәшўиш оятпақта. Декларациялар ҳәм шақырықлар ресурслар менен тастыйықланбайды. Глобал климат өзгериўине ең аз тәсир көрсеткен мәмлекетлер және оның ақыбетлери менен жекпе-жек қалмақта.

Биз халықаралық тилеклеслик, бәринен бурын, раўажланып атырған мәмлекетлердиң климатлық қаржыландырыў, алдынғы технологиялар ҳәм инновациялардан өз ўақтында, әдил ҳәм иркинишсиз пайдаланыўын тәмийинлеўде көриниси керек, деп есаплаймыз.

Орайлық Азия мәмлекетлери қоршаған орталықты қорғаў мәселелерин регионаллық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары дәрежесине көтере алғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен. Бундай шерикликке "Орайлық Азия ушын "жасыл" күн тәртиби" регионаллық бағдарламасы, Климат өзгериўине бейимлесиў бойынша регионаллық стратегия ҳәм Турақлы раўажланыў ушын қоршаған орталықты қорғаў бойынша регионаллық бағдарлама мысал бола алады.

Бүгинги форумда "Орайлық Азияның экологиялық тилеклеслиги" декларациясы, сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң структуралары менен тығыз бирге ислесиўде әмелге асырылатуғын 2030-жылға шекемги Ҳәрекетлер бағдарламасының қабыл етилиўи улыўма мәселеге әҳмийетли үлес қосады.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Өзбекстан экологиялық турақлылықты қәлиплестириў бойынша мәнзилли ҳәм системалы илажларды әмелге асырмақта.

"Жасыл мәкан" жойбары шеңберинде 1 миллиард түпке шамалас терек ҳәм путалар егилди. Аралдың қурыған ултанында 2 миллион гектардан аслам тоғайлықлар пайда етилип, жаңа "жасыл белбеўлер" жаратылмақта. Бизиң басламамыз бенен БМШ Бас Ассамблеясының "Тоғайзарлық ҳәм тоғайларды қайта тиклеў бойынша ҳәрекетлердиң он жыллығы" резолюциясы қабыл етилди.

Суўды үнемлеў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар нәтийжесинде жылына 10 миллиард куб метр суў үнемленбекте. Ҳәзирги ўақытта генерация қуўатлықларымызда "жасыл" энергетиканың үлеси 30 процентке жетти, он жыллықтың ақырында болса 50 проценттен артады. Биз шығындыларды 35 процентке азайтыў бойынша Париж келисиминдеги миннетлемелерди мүддетинен алдын орынладық ҳәм 2035-жылға шекем оларды ярым есеге қысқартыў бойынша алдымызға жаңа мақсет қойдық.

Шығындыдан энергия ислеп шығарыў жойбарлары жедел әмелге асырылмақта. Усы жылы 2 жаңа шығындыны жағыў заводы, келеси еки жылда және 9 завод иске қосылады. Олардың иске қосылыўы жылына 5,5 миллион тонна шығындыны утильизациялаў, 2,2 миллиард киловатт саат электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм 1 миллион тоннадан аслам шығындыларды қысқартыў имканиятын береди.

Ҳүрметли делегациялардың басшылары!

Орайлық Азия мәмлекетлери климат ҳәм экологиялық қәўип-қәтерлер алдында биргеликте ҳәрекет етиўи, қәўип-қәтерлерди жаңа өсиў ноқатларына айландырыўы зәрүр екенине исенемен.

Усы мүнәсибет пенен бир қатар анық усынысларды билдирмекшимен.

Биринши. Атмосфера ҳаўасы сапасының төменлеўи шараятында "Орайлық Азияның таза ҳаўасы" мәмлекетлераралық консорциумының шөлкемлестирилиўин регион халқының саламатлығын қорғаўда әҳмийетли қәдем, деп есаплайман.

Консорциум санаатты модернизациялаў ҳәм шығындыларды тазалаў системаларын енгизиў мақсетинде "жасыл" қаржыландырыў бойынша қоспа операторға айланыўы мүмкин.

Екинши. Өзбекстанда жумыс алып барып атырған Жасыл университет жанындағы Шөллениўге қарсы гүресиў, қурғақшылықтың алдын алыў, қум ҳәм шаң боранларының ерте алдын алыў орайына регионаллық статус бериўди усыныс етемен.

Орай тийкарында илимий потенциалды бирлестириў арқалы жерлердиң деградациясы ҳәм дуз-шаң шығындыларын мониторинг етиў бойынша күшли система жаратылады.

Үшинши. Технологиялық өтиўди жеделлестириў ушын "Орайлық Азияның жасыл саўда коридоры"н қәлиплестириўди усыныс етемен.

Жеңиллетилген бажыхана режимлериниң енгизилиўи ҳәм экотоварлар сертификатларының өз-ара тән алыныўы өндирислерди жедел модернизациялаў ҳәм өнимлеримиздиң бәсекиге шыдамлы болыўына хызмет етеди.

Төртинши. Кейинги қәдем Орайлық Азия климат жойбарларының бирден-бир инвестициялық портфельин жаратыўдан ибарат болыўы керек.

Бул тарқоқ басламалар менен емес, ал регионды раўажландырыўдың тутас стратегиясы менен ҳәрекет етиўимизге имканият жаратады, бул болса шериклеримиздиң оны әмелге асырыўдан мәпдарлығын арттырады.

Бесинши. Орайлық Азияның қоршаған орталықтағы өзгерислер бирден-бир регионаллық атласын жаратыў регионымыздың келешеги ушын үлкен әҳмийетке ийе.

Ол регионда шөлистанласыў, жерлер деградациясы процесслериниң динамикасын ҳәм суў ресурсларының жағдайын анық сәўлелендиретуғын фундаментал илимий-аналитикалық базаға айланатуғынына исенемен.

Алтыншы. Биологиялық ҳәр түрлиликти сақлап қалыў мақсетинде "Орайлық Азия Қызыл китабы"н биргеликте ислеп шығыўды усыныс етемиз. Халықаралық тәбиятты қорғаў аўқамының Ташкенттеги регионаллық офиси бул жумыслардың муўапықластырыўшысы болыўы мүмкин.

Аймақтың "Қызыл китабы" жоғалып баратырған түрлердиң тек ғана дизими емес, ал бул бағдарда биргеликтеги жумысларымыз ушын тәсиршең платформа болыўы керек.

Жетинши. Климат күн тәртиби ҳәм екологиялық мәдениятты алға қойыўда екологиялық билимлендириў ҳәм жасларды жедел тартыў оғада әҳмиетли. Усы мақсетте Бакуде болып өткен СОР-29 даўамында мәмлекетлеримиз жасларының қатнасыўында Экология бойынша мәсләҳәт комитети шөлкемлестирилди.

Бул комитеттиң платформасында 2027-жылы Өзбекстанда Пүткилжәҳән жаслар климат форумын өткериўди усыныс етемен.

Сегизинши. Экологиялық күн тәртибин алға қойыў шеңберинде 31-май - 5-июнь күнлери Самарқандта Глобал экологиялық фондтың сегизинши Ассамблеясы, сентябрь айының ақырында болса Суўды үнемлеў бойынша пүткил жер жүзилик форумы болып өтеди.

Сизлерди усы халықаралық форумларда белсене қатнасыўға мирәт етемен. Олардың нәтийжелери мәмлекетлеримиз ҳәм пүткил регионның турақлы раўажланыўына қаратылған тәсиршең басламаларды әмелге асырыўға салмақлы үлес қосатуғынына исенемен.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Заманагөй экологиялық қәўип-қәтерлер барлық мәмлекетлеримизди сынақтан өткермекте.

Бүгин қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң толық әмелге асырылыўы бизге тек ғана күшейип баратырған тәбийғый қәўип-қәтерлерге нәтийжели бейимлесиў емес, ал оларды технологиялық жаңаланыў, экономикалық өсиў ҳәм социаллық турақлылықтың күшли стимулына айландырыў имканиятын береди.

Биз көп әсирлик жақсы қоңсышылық дәстүрлерине сүйенип, беккем сиясий ерк-ықрарымызды көрсетип, Орайлық Азияны экологиялық абаданлық ҳәм турақлы раўажланыў мәканына айландыратуғынымызға исенемен.

Итибарыңыз ушын рахмет.