Усы күнлерде елимизде Әмир Темурдың 690 жыллық юбилейи кеңнен белгиленбекте. Юбилей мүнәсибети менен республикамыз бойлап көплеген руўхый-ағартыўшылық, илимий ҳәм мәдений илажлар өткерилмекте.
Әмир Темур XIV әсирде, оғада қыйын дәўирде мәмлекетимиз аймағында миллий мәмлекетшиликти тиклеп, Ўатан азатлығы ушын гүресте бүгилмес мәртлик көрсеткен уллы тарийхый ғайраткер болып есапланады. Ол тийкар салған қүдиретли мәмлекет жәҳән цивилизациясы тарийхында өшпес из қалдырды. Арадан жети әсир өткеннен кейин де пүткил дүнья илимпазлары Саҳыпқыран өмири ҳәм искерлигин үлкен қызығыўшылық пенен үйрениўди даўам етпекте. Түрли мәмлекетлерде Әмир Темур ҳәм Темурийлер дәўирине бағышланған мыңлаған көркем, илимий ҳәм мәдений шығармалардың жаратылғаны, олардың дизими ҳәзирги күнде де толығып атырғаны оның тулғасы ҳәм мийрасының ҳақыйқый мәңгилигин көрсетеди.
Ўатанымыздың муқаддес топырағында Әмир Темурдай уллы тулға туўылғанынан ўатанласларымыз мақтаныш ҳәм қанаатланыўшылық сезимин сезеди. Әмир Темур ҳәм Темурийлер дәўири тарийхы ҳәм мийрасын терең үйрениў, әсиресе, бүгинги күнде – Жаңа Өзбекстан шараятында ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Бул даңқлы династия жаратқан Темурийлер Ренессансы елимизде жаңа Ояныў дәўириниң тийкарын қәлиплестириўде халқымыз ушын исеним, илҳам ҳәм дөретиўшилик күш-ғайрат дереги болды.
Әмир Темурдың "Қүдирет – әдалатта", "Әдалат дүньяны абат етеди" сыяқлы ҳикметли сөзлери бүгинги күнде елимизде социаллық мәмлекет қурыў ҳәм инсан қәдирин улығлаўға қаратылған кең көлемли реформаларды әмелге асырыўда өзине тән бағдарлама ҳәм әмелий қолланба болып хызмет етпекте. Усы мәниде, Саҳыпқыран мийрасы тек ғана халқымыздың даңқлы өтмиши емес, ал бүгинги раўажланыўымыз ҳәм стратегиялық мақсетлеримиз бенен де тығыз байланыслы.
Соңғы жыллары елимизде Әмир Темур ҳәм Темурийлер дәўириниң мийрасын терең үйрениў, оларды мәмлекет ишинде ҳәм сырт елде кеңнен үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Усы мақсетте Әмир Темурдың 690 жыллығы мүнәсибети менен айрықша қарар қабыл етилип, үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, ҳәр жылы апрель айы Әмир Темур айы сыпатында өткериледи. Жаңа илимий ҳәм көркем китаплар, фильм ҳәм спектакллер, сүўретлеў өнери шығармалары жаратылмақта. Атап айтқанда, белгили "Темур дүзилмелери" қайта басып шығарылды. Елимизде уллы бабамыздың аты менен аталған мәмлекетлик сыйлықлар, майдан ҳәм қыябанлар, билимлендириў ҳәм мәденият мәкемелери бар. Аймақларда жумыс алып барып атырған "Темурбеклер мектеби" жасларды Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўда өзине тән үлги болмақта.
Усы күнлерде пайтахтымызда Әмир Темур ҳәм Темурийлер Ренессансы дәўирине бағышланған абырайлы халықаралық коньференцияның өткерилип атырғаны да бул ийгиликли жумыслардың избе-из ҳәм системалы даўам еттирилип атырғанының айқын мысалы болып есапланады. Онда елимиздиң илимпазлары менен бирге, дүньяның ҳәр қыйлы еллеринен белгили тарийхшылар, шайыр ҳәм жазыўшылар, мәденият ҳәм жәмийетлик ўәкиллер қатнаспақта.
Ҳәзирги күнде елимизде Саҳыпқыран тәлийматына әмел етип, әдил мәмлекет қурыў, жәрдемге мүтәжлерге жәрдем бериў, жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў, илим ҳәм билимлендириўди раўажландырыў, дөретиўшиликти қоллап-қуўатлаў, дүньяға ашықлық ҳәм түрли мәмлекетлер менен бирге ислесиўге үлкен итибар қаратылмақта. Бул жағдайлар да Әмир Темур мийрасының бүгинги турмысымыздағы әҳмийетин айқын көрсетеди.
Өзлигимизди аңлаў, бай тарийхымызды тиклеў, ата-бабаларымыз мийрасын келешек әўладларға жеткериў мақсетинде кейинги жылларда үлкен руўхый-ағартыўшылық орайлар қурылды. Ташкентте Ислам цивилизациясы орайы, Самарқандта болса Имам Бухарий комплекси қурылды. Олар менен бир қатарда, буннан 30 жыл бурын қурылған Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейи де заман талаплары тийкарында реконструкцияланған. Енди бул жер илим ҳәм билимлендириў, инновациялар, жаңа идеялар ҳәм изертлеўлер орайына айланбақта.
Илажда Әмир Темур естелигине терең ҳүрмет көрсетилди, естелигине гүллер қойылды.
Ҳәммемизге белгили, Саҳыпқыран Әмир Темур қай жерде болмасын, бағ ҳәм парклер жаратыў, қалаларды абаданластырыўға үлкен әҳмийет берген. Бул дөретиўшилик дәстүрлердиң даўамы сыпатында Әмир Темур бағында да кең көлемли абаданластырыў жумыслары алып барылды.
Илаж жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев паркке терек екти.