Кейинги бес жылда мәмлекетимизде жер қатнасықларын реформалаў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, ҳәкимлердиң жер ажыратыў ўәкилликлери тоқтатылып, жер участкаларын сатыў аукцион тәртибине өткерилди. Усы дәўирде 616,3 мың гектар жер майданы аукцион арқалы тарқатылып, бюджетке 1,4 триллион сум түскен. Ең әҳмийетлиси, ҳақыйқый ийесиниң пайда болыўы нәтийжесинде ҳәр гектардан алынатуғын дәрамат 3 есеге артып, 50-60 миллион сумға жетти. Бүгинги күнде бул жерлерде жылына 539 триллион сумлық өним ислеп шығарылып, 2,1 миллиард долларлық экспорт тәмийинленбекте.

Соның менен бирге, бул тараўда шешимин күтип турған бир қатар мәселелер сақланып қалмақта. Атап айтқанда, жерлер аукцион арқалы берилсе де, олардан пайдаланыўда ижараға алыўшылардың еркинлиги елеге шекем жетерли емес. Сол себепли 117,6 мың гектар жер елеге шекем сатылмаған.

Соның ушын аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди ижараға бериў бойынша жаңа система енгизилип, усы жылы және 100 мың гектар жер жаңа шәртлер тийкарында аукционға шығарылады. Онда жерден нәтийжели пайдаланыўды экономикалық хошаметлеўди күшейтиўге айрықша итибар қаратылады.

Өткен жылы енгизилген Ферғана ойпатлығы, Жиззақ ҳәм Ташкент ўәлаятлары және Қарақалпақстанда сатылған майданларда аўыл хожалығы егинлерин өз бетинше жайластырыў әмелияты унамлы нәтийже бергени атап өтилди. Атап айтқанда, 2025-жылы 20 мың гектардан 16 мың гектарына исбилерменлер тәрепинен өзлери қәлеген жоқары дәраматлы ҳәм экспортқа жарамлы егинлер егилип, 150 миллион долларлық экспорт тийкары жаратылды. Бул әмелиятты кеңейтип, жерден пайдаланыўшыларға экономикалық еркинлик бериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Индустриал плантациялар ҳәм шарўашылық жойбарлары ушын 50 гектардан 500 гектарға шекемги жер майданларын аукционға шығарыў нәзерде тутылмақта. Усы тийкарда усы жылдың өзинде ҳәр бир ўәлаятта кеминде бесеўден ири жойбарларды баслаў режелестирилген. Оларды әмелге асырыў ушын қаржылай қоллап-қуўатлаў илажлары, соның ишинде, суў ҳәм электр тәмийнаты қәрежетлерин қаплаў, үш жыллық жеңиллетилген дәўир менен 7 жылға шекем жеңиллетилген кредитлер бериў, кредитлер бойынша процент ставкаларын компенсациялаў, жетистирилген өнимлерди қадақлаў қәрежетлериниң 50 процентине шекемги бөлегин субсидиялаў нәзерде тутылмақта.

Презентацияда жердиң дәраматлылығын арттырыў бойынша алдынғы сырт ел тәжирийбелерин, әсиресе, заманагөй сырт ел агротехнологияларын кеңнен қолланыўға да айрықша итибар қаратылды. Соның менен бирге, бул процессте миллий мәплерди қорғаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, аўыл хожалығы жерлерин сырт ел инвесторларына бериў тәртиби ҳәм шәртлери қайта көрип шығылады. Келешекте олар ушын тек ғана жайлаў, суўғарылмайтуғын ҳәм пайдаланыўдан шыққан жерлерди айланысқа киргизиў шәрти менен 10 миллион доллардан кем болмаған инвестициялық жойбарлар шеңберинде ўәлаят ҳәкимликлери жанындағы дирекциялар арқалы екилемши ижара механизми қолланылады.

Сондай-ақ, аўыл хожалығы жерлери бойынша аукционда тек ғана жергиликли дийқан ҳәм исбилерменлер қатнасыўын белгилеў зәрүр екенлиги атап өтилди. Қорғаныў характерине ийе жерлер, шегара алды, тарийхый-мәдений жерлер ҳәм тоғай фонды жерлери тек ғана елимиз пуқараларына бериледи. Соның менен бирге, барлық түрдеги жерлерди, соның ишинде, санаат ҳәм қурылыс жойбарларын әмелге асыратуғын сырт ел инвесторлары ушын жерлерди ижараға бериўдиң бирден-бир мүддетин 49 жыл етип белгилеў усыныс етилди.

Жақында дерлик 100 мың гектар жердиң ижара мүддети жуўмақланады. Усы мүнәсибет пенен исбилерменлер бундай жерлерди қайта аукционға шығармастан, ижара мүддетин созыў бойынша қолайлы ҳәм ашық-айдын тәртип енгизиў зәрүрлигин атап өтпекте. Презентацияда бул процессти Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм электрон платформалар арқалы әмелге асырыў, кадастр, аўыл хожалығы ҳәм әдиллик уйымларының мәлимлеме системаларын өз-ара интеграциялаў, егер қарсылық болмаса, аўыл хожалығы жерлерин ижараға бериў мүддетин 30 жылға шекем, аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлерди 49 жылға шекем создырыў усынысы билдирилди. Онда, ижара шәртнамасы тек ғана салық ямаса ижара төлеми бойынша қарыздарлық, суд даўы ямаса нызамсыз қурылыс жағдайлары болған жағдайларда жаңа мүддетке создырылмайтуғыны нәзерде тутылған.

Жерлердиң категориясын өзгертиў ҳәм компенсация төлемлерин есаплаў процесслери елеге шекем қағаз түринде алып барылып атырғаны сынға алынды. Бул келисиў ҳәм жуўмақлаўшы қарарлар қабыл етиў мүддетлериниң созылыўына алып келмекте, инвесторлардың наразылығына себеп болмақта. Сол себепли барлық процесслерди санластырып, жерден пайдаланыў нәтийжелилигин мақсетли пайдаланыў, суўдың жумсалыў нәтийжелилиги, топырақтың сапасы сыяқлы өлшемлер тийкарында баҳалаў системасын енгизиў ўазыйпасы қойылды.

Жерди ижараға алыў ҳуқықынан қаржы қуралы сыпатында пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, тек ғана коммерциялық кредит алыўда емес, ал лизинг, ипотека ҳәм банк кепиллигин рәсмийлестириўде де гиреў сыпатында пайдаланыў ушын шараят жаратыў усыныс етилди. Буннан тысқары, жер участкаларын бос деп табыў тәртибин әпиўайыластырыў, жерди қайта ижараға алыў шәртнамаларын ҳақы төлеп ҳәм бийпул дүзиў имканиятын анық белгилеў усыныс етилди. Соннан келип шығып, жер участкаларының нызамсыз айланысы менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын жынайый жуўапкершилик илажларын да қайта көрип шығыў усыныс етилди.

Соның менен бирге, жер қадағалаўы тараўындағы жуўапкершиликти күшейтиў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Соның ишинде, өзбасымшалық пенен жерди иелеп алғаны ушын жуўапкершиликти тек ғана суўғарылатуғын жерлерге емес, ал басқа барлық категориядағы жер участкаларына да енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, темир ҳәм автомобиль жоллары, аеропортлар, аеродромлар, аеронавигация обектлери, суў хожалығы имаратлары ҳәм тармақларын қурыў ушын жерлердиң категориясы өзгерген жағдайдағы зыян ушын төлемлерден азат етиў, жәмиетлик мүтәжликлер ушын жерлерди алып қойыўда компенсация төлемлерин салыққа тартпаў усынысы билдирилди.

Келешекте аўыл хожалығы жерлерин ижараға алыўшыларға 13 аймақлық дирекция, аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлерде инвестициялық жойбарларды әмелге асырып атырған исбилерменлерге 14 инвестициялық компания арқалы хызмет көрсетилетуғыны атап өтилди. Бул структуралар мәмлекетлик уйымлар ҳәм исбилерменлер арасында байланыстырыўшы халқа ўазыйпасын атқарыўы керек.

Мәмлекетимиз басшысы жер реформасын жаңа басқышқа көтериў, жерден пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, исбилерменлер ушын еле де ашық-айдын система жаратыў, тараўды санластырыўды жеделлестириў бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.