Биз үшинши мың жыллықта жасап атырмыз. Өмиримиздиң белгили бир бөлеги екинши мың жыллықта өткенин еслегенде болса, жүзлеримизде жағымлы таңланыў пайда болады. Ақыры, адамзат тарийхының бир емес, еки мың жыллығында жасаў ҳәммеге де несип ете бермейди ғой. Солай екен, "Өткен мың жыллықта ким едик, бүгин ким болдық? Дүньяға көзқарасымыз, жасаў тәризимизде қандай өзгерислер жүз берди? Перзентлеримиз дурыс өсип атыр ма, олардан кеўлимиз тоқ па?" сыяқлы сораўларға дус келиўимиз тәбийғый.
Буның таң
қаларлық жери жоқ. Өйткени көз жумып ашқанша жаңа әсирдиң дәслепки шереги де
артта қалды. Жыллар пәти тезлескендей. Азизиддин Насафий ҳәзиретлери
үйреткениндей, дүньяның өзи тынымсыз ҳәрекетте ҳәм айланыста. Ол толқын яңлы гә
ҳәўижленип, гә тыныш тартып, бир ҳалдан екинши ҳалға өтип тур.
Ўақыя-ҳәдийселер, бурылыс ҳәм жаңаланыўлар шынжыры бир-бирине жалғанып
бармақта. Түн қараңғылығы таңғы шапаққа орын берип, тосаттан даўылдан соң жеңил
самал есип турыпты. Бул мәңгилик тәртипке ҳеш нәрсе тәсир ете алмайды.
Инсан мине
усы илаҳий тәғдир ишинде жасайды. Ҳәр бәҳәрди, ҳәр жақты күнди, ҳәр жаңа
мәўсимди үмит пенен күтип алады. Дуўаға қол жайып, Жаратқаннан ел-журтқа
тынышлық-қәтержамлық, перзентлерине ырысқы-несийбе сорайды, егислик атызға
туқым шашады, жерге нәл отырғызады.
Өткен еки мың жыллықтың өз жылнамасы бар. Еки уллы ояныў, еки
аянышлы қырғын әйне усы дәўирде жүз берди. Мырза Улуғбектиң өткир нәзери алыс
жулдызларға шекем жетип барды, Инсан Айға қонды, Марсқа өзи жүретуғын машиналар
жиберди. Китап ойлап табылды. Соның менен бирге, европалы крестлилердиң қанлы
атланысларында мусылман алымлары жазған бир миллионға шамалас сийрек
ушырасатуғын китаплар өртеп жиберилди. Ядро қуралы ойлап табылды, басқыншылық
гүреслери ҳәўиж алды.
Бурынғы дүзимниң жалпы атеизм
сиясаты, миллий ҳәм диний сезимлердиң аяқ асты етилиўи сыяқлы басымлар шерек
әсир алдын тарийхқа айланған екинши мың жыллықта қалып кетеди, деп үмит етилген
еди. Адамзат жаңа әсирге руўхый ҳәм мәнаўий пәкленип, ақыл-ойы, ақыл-парасаты
жетилискен ҳалда өтеди, жол қойған қәтелеринен дурыс жуўмақ шығарады, деп
исенер едик. Өзин, ана жерди, суў ҳәм ҳаўаны, басына саяман болып турған ашық
аспанды пәк тутады, қуралланыў жарысы жылаўланады, топлардың аўзында кептерлер
палапан ашады, бундай етпесе, өзи набыт болады, деп ойлаған адамзат бүгин бул
"түсинип болмас сыр" алдында таң қалмақта. Себеби тазаланыўы,
тынышланыўы ҳәм рәҳәт-абаданлық бесигине айланыўы керек болған дүнья бүгин асаў
толқындай пысқырып, улыўма апатшылық тәрепке қарамақта.
Тилекке қарсы, күтилгендей болмады. Дүнья жүдә қурамалы болып
кетти. Инсан мисли өзи отырған терек шақасына пышқы тартыў (Эркин Воҳидовтың
сөзи менен айтқанда), өзин ҳәм балаларын тойындырып атырған жерди зәҳәрлеў,
океан суўын шығындыға толтырыў, тоғайларға от қойыў сыяқлы аянышлы ҳәрекетлери
менен түпсиз жарлық ҳәм жоқлыққа жақынласып баратырғандай. Буны тосаттан жердиң
ойылыўлары, суў тасқынлары, өнимдарлы жерлердиң шорланыўы, музлықлардың ериўи
сыяқлы апатларда айқын көриў мүмкин.
Тек усы емес. Бөлинген дүньяны қайта бөлиў, экономика ҳәм
сиясатта жекке ҳүкимдарлық етиў нийети, сондай-ақ, расалық ҳәм диний
келиспеўшиликлер суўық урыс сиясаты ўақтындағыдай тезлик пенен, және де күшли
ҳәм қорқынышлы пәтте даўам етпекте. Ғалаба қырғын қуралларының мисли көрилмеген
жаңа ҳәм қорқынышлы түрлери ойлап табылмақта, қүдиретли мәмлекетлер болса
оларды мақтаныш пенен көрсетпекте. Қанлы фронт бағдарларында бир тәреп:
"Бүгин душпанның пәлен әскери жоқ етилди", десе, екинши тәреп:
"Биз ҳәр айда душпанның пәлен әскерин өлтириўди өз алдымызға мақсет етип
қойдық", деп жар салмақта. Қорқынышлысы сонда, көпшилик бул санларды ҳеш
таңланбастан, тап "Кеше пәлен жарыста мыңнан аслам адам қатнасты",
деген мағлыўмат сыпатында қабыл етпекте. Бир-бирин қырып таслаў жарысында
айрықша "үлги" көрсеткенлердиң көкирегине болса жоқары нышанлар
тағылып атыр.
Инсаният - үлкен ҳәм киши, уры ҳәм туўры, алым ҳәм залым,
қатал ҳәм данышпан мәниси барған сайын абстракт болып баратырған бүгинги
дәўирде бир планетада, яғный бир қайықта жасамақта. Мәкан, жер ҳәм аспан -
биреў. Бундай шараятта тынышлықты ҳәм тиришиликти сақлап қалыў, жай салыў, бағ
жаратыў, келешек әўладлардың несийбесин қыймаў ең әҳмийетли ўазыйпа, ҳүждан ҳәм
ийман исине айланады. Бул процесстен ҳеш ким шетте қалмаўы керек. Пайдалы бирге
ислесиў, қарым-қатнас, бир-бирин түсиниў ҳәм ҳүрмет етиўден басқа илаж жоқ.
Заманагөй қураллар қаншелли күшли болмасын, усы ўақытқа шекем де, бүгин ҳәм
ертең де тынышлыққа, жақсылыққа хызмет етпейди. Атылған ҳәр бир оққа басқа бир
жынаят жаңғырық береди.
Өткен әсирдиң ақырында жүзеге келген оғада қәўипли жағдайда
тәғдиримизди өз қолымызға алдық. Көпшилик болжағанындай, Өзбекстан таңлаған
жолын жойтып алмады. Бул жолда бизге халқымыздың әсирлер даўамында қәлиплескен
тарийхый тәжирийбеси, уллы ата-бабаларымыздың руўхый мийрасы, сондай-ақ, жоқары
адамгершилик пазыйлетлери қол келди. Дурыс жол ҳәм шешимлерди излеў,
имканиятларды иске қосыў, басқарыўды жаңалаў, бурынғы дүзим қәдириятларынан ўаз
кешиў ҳәрекети басланды. Көзде тутқан мақсетлеримизге
басқышпа-басқыш ерисе басладық. Дүнья кеңликлерине шықтық, тынышлық-татыўлық,
аўызбиршилик ҳәм кеңпейилликти сақлап қалдық. Изге қайтпадық: гә пәсейип, гә
тезлесип, изленип болса да жасаўда ҳәм умтылыўда даўам еттик.
Усы
тийкарда бүгинги жаңа бурылыс ноқатына жетип келдик. Дүнья сахнасында
"Жаңа Өзбекстан" деген атама ҳәм сөз пайда болды. Президентимиздиң басшылығында бундай
абырайға ерисиў процеси соншелли исенимли түс алды, тек ғана пайтахтта емес, ал
пүткил мәмлекетте жүз берип атырған өзгерислерди сиңдириў, олардың
мәнис-мазмунына жетиў тек ғана сырт еллилер ушын емес, ал өзимиз ушын да таң
қаларлық болып атыр. Буннан дерлик он жыл бурын кимдур: "Жас өзбек қызы
мәмлекеттиң жаңа металлургия заводын иске қосады, жас илимпаз АҚШ мектеплери
ушын заманагөй бағдарламалар жаратып береди, Өзбекстан дүньяға белгили Лондон
биржасына ағза болып, мәмлекет экономикасында жаңа тарийхый бет ашылады, ҳәр
жылы он бес мың ўатанласымыз ҳаж зыяратына барады, мәмлекеттиң жалпы ишки өними
146 миллиард долларға жетеди, дүньяның жетекши мәмлекетлериниң басшылары жаңа
Өзбекстанды өзи ушын ойлап табады", десе, бул гәпке исенетуғын бирде-бир
адам табылмас еди. Бүгин болса бундай үлкен табыслар мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий,
мәдений-руўхый турмысының әпиўайы ҳәм күнделикли ўақыяларына айланып қалды.
Халқымыздың исеними кәмил, миллий раўажланыўдың пәти усылай даўам ететуғын
болса, және бес-он жылдан кейин буннан да әжайып, миллий тарийх жылнамасын
безейтуғын ўақыялардың гүўасы боламыз ҳәм оларды да, тап бүгингидей, әпиўайы
түрде қабыл етемиз.
Жыллар шынжыры тийкарынан бир-биринен
үзилмейди. Оларды бир-бирине уқсас ўақыт сақыйналары деп те айтыў мүмкин. Бирақ
ҳеш бир инсан, ҳеш бир күн, ай яки жыл бир-бирине дәл усамайтуғынлығы сыяқлы,
ўақыт сақыйналары да бир-биринен кескин парық қылады. Өткен ҳәм өтип баратырған
өмиримиздиң ҳәр күни өз қырманы ҳәм салмағына ийе. Кейинги он жылда, дүнья жәмийетшилиги
рәсмий тән алып атырғанындай, Өзбекстан нәтийжеси ҳәм мәнисине бола бир неше он
жыллықларға тең раўажланыў жолын басып өтти. Бул жол Президентимиздиң жаңа
избе-из сиясаты болып, ол буннан он жыл бурын мәмлекетте жүзеге келген
социаллық-экономикалық, руўхый-психологиялық жағдайды сын көзқарастан
баҳалаўдан, аналитикалық пикирлеў, усыныс ҳәм басламаларға жол ашыўдан, халықты
тыңлаўдан ҳәм оған әмелде жақынласыўдан басланды.
Жаңа сиясаттың бас мақсети халық пенен турақлы пикирлесиў,
машқалаларды шешиў еди. Сондай-ақ, биз бенен бир регионда жасап киятырған, суўы
суўымызға, жолы жолымызға, жери жеримизге тутасқан, миллий ҳәм диний
қәдириятлары, үрп-әдетлери бирдей болған қоңсыларымыз арасындағы әсирлер
сынағынан өткен бирге ислесиў байланысларын қайта тиклеў мақсет етилди. Өз-ара меҳир-мүриўбет
көрсетиў, жолларды жасалма тосқынлықлардан тазалаў, тийкарсыз қадаған
етиўлерди, көринбес қара дизимлерди бийкарлаў, нызам бузылыўлары ҳәм лаўазым
ўәкилликлерин өз мәпине пайдаланыўға жол қоймаў сыяқлы ийгиликли умтылыслар бул
сиясаттың тийкарын қурады.
Бир сөз бенен айтқанда, халқымыздың уллы потенциалын, уллы
тарийхымызды, дүнья цивилизациясын елеге шекем факелдей жақтыртып киятырған
руўхый мийрасымызды жәҳәнге алып шығыў ўақты келген еди. Илим-ағартыўшылықта тап
миллий гүресимиз қағыйдалары сыяқлы ҳадал бәсекиге кирисиў, пикирлеў майданында
өзликти көрсетиў пурсаты еди.
Бул тарийхый процести баслаў ушын, биринши гезекте, жәмийетте
саламат руўхый орталық жаратыў, социаллық әдилликтиң орнаўына исеним руўхын
пайда етиў талап етилетуғын еди. Пүткил денсаўлық ҳәм сана-сезим менен жумысқа
кирисиў, исбилерменликти мәмлекет көлеминде улыўма халықлық ҳәрекетке
айландырыў зәрүр болды ҳәм оған ерисилди. Жәмийеттиң ҳәрекетсиз винтлерине жан
бериў, пикир уйқылылығын сапластырыў ушын бүгинги күнниң руўхый дүньясына
сәйкес келетуғын мақсетлерди сәўлелендиретуғын өмир бағышлайтуғын шақырықлар
ортаға тасланды. Мәмлекетимиз жетекшисиниң ийгиликли мақсетлери
социаллық-руўхый турмыста пайда болған бослықты толтырды, жаңа Өзбекстан таслап
атырған жаңа қәдемлердиң мәнис-мазмунын анық белгилеп берди.
Бүгин мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында,
халықаралық байланыслар, мәденият ҳәм мәнаўиятта кең көлемли жумыслар әмелге
асырылмақта. Мектепке шекемги, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў системасы,
туризм ҳәм спорт тараўларындағы реформалар нәтийже бермекте. Өзбекстанның тыныш
ҳәм қәўипсиз мәмлекет сыпатында тән алыныўы, экономикамыздың салмақлы
қәдемлери, жасларымыз ерисип атырған үлкен жетискенликлер және халықаралық
инвесторлар ушын жаратылып атырған кең имканиятлар бәршениң дыққат орайында
тур. Булардың барлығы Өзбекстан шын мәнисинде жаңа ояныў пасылына, өз
тарийхының жаңа ҳәм даңқлы басқышына жақынласып атырғанынан дәрек береди.
Қалаберди, бул өзгерислер "Миллий раўажланыўдан - миллий жоқарылаўға"
идеясы пүткил мәмлекет бойлап әмелий ҳәрекетке айланғанын дәлиллейди.
Буған мысал жүдә көп. Атап айтқанда,
бүгин Өзбекстанның қала қурылысы ҳәм урбанизация тараўындағы стратегиясы,
социаллық қорғаў системасы дүнья көлеминде қатаң үйренилмекте. Өзбекстан
басшысының регионда тынышлықты сақлаў ҳәм беккемлеў бағдарындағы усыныслары ҳәм
әмелий ҳәрекетлери унамлы нәтийже бермекте.
Уллы Конфуций: "Өмиринде жығылмаған адам уллы емес,
бәлки бир неше мәрте жығылған, бирақ орнынан пәт пенен турып, өзине исеним
менен алға умтылған адам уллы", деген екен. Оның және бир терең пикири
соннан ибарат, жолға мақсетсиз шыққан инсан, сөзсиз, апатшылыққа ушырайды. Биз
бүгин басып өткен жолымызды, ерискен табысларымызды ҳәм жол қойған
қәте-кемшиликлеримизди қалыс баҳалап атырмыз. Оларды қайта тәкирарламаўға
таярлық көрип, анық мақсет пенен тек ғана алға умтылмақтамыз. Өзбекстан бир
ўақытлары илим-пән тараўында дүньяға устазлық еткен уллы ата-бабаларымыздың
илими ҳәм мийрасына әмелде жақынласпақта.
Бизге бүгин жаңа дүньялық, экономикалық ҳәм
сиясий-ағартыўшылық пикирлеў зәрүр. Буны ҳәммемиз сезинип турмыз. Бирақ
ҳәммемиз бирдей жақсы билиўимиз зәрүр болған және бир ҳақыйқат бар: дүнья дүнья
болғаннан берли адамзат бул пазыйлетлерди тек жазба әдебият арқалы ийелеп
келген. Бүгин де, ертең де сондай болып қалады. Басқа жол жоқ. "Ҳәмме илим
компьютерге жайласады, китаплар ҳәм газета-журналлардың өмири тамам болады,
қағазға мүтәжлик қалмайды", дейтуғынлар қатты қәтелеседи. Әдебияттың устаз
Абдулла Қаҳҳор анық баҳалаған қүдиретли күши бүгин тек ғана бир мәмлекетте
ямаса бир регионда емес, ал пүткил жер жүзинде инсан тәғдирин, оның бул жақты дүньяда
жасап қалыў ямаса қалмаўын шеше алатуғын қутқарыўшы фактор болып тур. Уллы
жазыўшы Шыңғыс Айтматов қәўетерленип жазғанындай, дүньяның бүгинги
руўхый-әдеп-икрамлылық келбети алдында турған ең үлкен ҳәм аўыр ўазыйпа инсанды
инсан статусында сақлап қалыў болып есапланады. Бул қәўипти сапластырыў да
тиккелей әдебияттың ўазыйпасына киреди. Ҳақыйқый әдебият өтмиште бул исти көп
мәртебе ислеген, бүгин ҳәм ертең де әлбетте ислей алады.
Бүгинги Өзбекстан инсан қолы менен
жаратылып атырған жаңа әжайыбатлар мәмлекети болып есапланады. Ислам дүньясы
ҳәм пүткил ағартыўшы дүньяны таң қалдырған Ислам цивилизациясы орайын көрген,
қалаберсе, Президентимиздиң өткен бир жыллық жумысына бағышланып, жақында ғана
баспадан шыққан "Журт қайғысында 365 күн" китабын оқыған ҳәр бир адам
оған беккем исеним пайда етеди.
Аҳмаджон
МЕЛИБОЕВ,
Өзбекстанда
хызмет көрсеткен журналист