Бундай көшелердиң халықтың турмыс абаданлығы ҳәм экономикамыздағы орны айрықша әҳмийетке ийе.

Усы жылдың басынан берли мәмлекетимизге 3 миллионға шамалас турист келди, туризм хызметлериниң экспорты 48 процентке өскен. Быйыл 12 миллион туристке хызмет көрсетиў мақсет етилген. Мәмлекетимизде ҳәзирги ўақытта 51 туризм көшеси мийманларға хызмет көрсетпекте. Бул көшелерде өнерментшилик өнимлериниң саўдасы, миллий естелик буйымларын ислеп шығарыў, дәстүрий кәсип-өнер көргизбеси шөлкемлестирилген. Ең көп туризм көшеси Ташкент қаласында. Пайтахттағы 16 көше бүгин туристлер ҳәм жергиликли халық пенен толы. Олар қысқа мүддетте заманагөй қала мәдениятының ажыралмас бөлеги сыпатында қәлиплести.

Соның ишинде, Алмазар районындағы Зарқайнар көшеси туристлердиң сүйикли орнына айланып бармақта. Шығыс турмысы, мәҳәлле мәденияты, тәбийғый орталық адамды өзине тартады. Ылайлы жайлар, нағыслы дәрўазалар, бийик әйўанлар, ағаш үстинлерге ойып исленген нағыслар, өнерментлердиң мийнети жемиси болған, нәзик талғам менен жаратылған үлгилер өтмиш руўхы, жыллы сезимди усынады.

Гүлбазар мәҳәллеси Ташкенттиң тарийхый бөлиминде, Чорсу базары жанында жайласқан. Бул жерге жылдың барлық мәўсиминде сырт елли туристлер көп келеди. Сонлықтан, аймақ туризм хызметлерине қәнигелестирилди. Көшелерде ҳәм үйлерде пайтахттың әййемги көринисин сақлап қалған ҳалда қосымша шараятлар жаратылды. Көшениң басындағы тарийхый дәрўаза қайта тикленди. Оймалы сүтинли үлкен әйўан, оған жақын жерде ҳәўиз қурылды. Кестешилик ҳәм өнерментшилик устаханалары, нанбайхана, миллий асханалар, зергерлик дүканлары туристлерге халқымыздың қәдириятлары, үрп-әдетлери ҳәм тарийхы ҳаққында айтып береди.

Күни-түни үзликсиз ислеп атырған заманагөй гастрономиялық ҳәм туристлик көшелер бүгин жедел раўажланбақта. Олар қолайлығы, дизайны ҳәм кеўилашар орталығы менен ажыралып турады. Мысал ушын, пайтахтымыз орайындағы Бунёдкор көшесин көпшилик жақсы биледи. Шайхонтоҳур ҳәм Чиланзар районларын байланыстырып турыўшы бул көше бәрқулла адамлар менен толы. Көшениң 1,5 километр бөлеги хызмет көрсетиў ҳәм гастротуризм көшесине айландырылды. Бул жердеги 90 исбилерменлик субъектинде адамларға күни-түни хызмет көрсетиледи. Гастротуризм көшесинде халықтың сейил етиўи, аўқатланыўы, дем алыўы ушын барлық қолайлық бар. Өзгеше көринистеги ландшафт дизайны, фонтанлар көшеге жағымлылық бағышлайды.

Буннан тысқары, Мырза Улығбек районындағы Өзбекстан ҳаўазы, Мирабад районындағы Тарас Шевченко көшелеринде туристлер ушын қолайлы ҳәм ықшам орталық жаратылды. Автомобиль жолы ушын қаплама, турақлы ислейтуғын бақлаў камералары, декоратив фонтанлар, әйўанлар, жақтыландырыў системалары, автомобиль турыў орны, кафе-ресторан, заманагөй орынлықлар қаланың тартымлылығын арттырмақта.

Бундай ықшам көшелер пайтахттың ҳәр бир районында қурылмақта.

- Ташкент ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында 6, Бухара ҳәм Самарқанд ўәлаятларында 4, Хорезм ҳәм Жиззақ ўәлаятларында 3, Қашқадәрья ўәлаятында 2 туризм көшеси шөлкемлестирилди. Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Сырдәрья, Наўайы, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларында да туризм көшелериниң жумысы жолға қойылған. Процесс мәмлекеттиң барлық аймағын қамтып алған, - дейди Туризм комитети баслығының мәлимлеме сиясаты бойынша мәсләҳәтшиси Шаҳбоз Саидхонов.

Туризм көшелерин күни-түни жумыс ислейтуғын заманагөй орайға айландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда Әндижан қаласындағы Әмир Темур көшесин 24/7 форматында ислейтуғын туризм көшесине айландырыў режелестирилген. Самарқанд қаласында болса бир қатар көшелерди заманагөй қыябан типиндеги мәдений ҳәм кеўилашар аймақларға айландырыў, айырымларын болса күни-түни ислейтуғын форматқа өткериў нәзерде тутылмақта.

Орынлардағы және бир әҳмийетли баслама туризм көшелерин тематикалық ҳәм тарийхый руўхта қәлиплестириў болып есапланады. Мәселен, Қоқанд қаласындағы айырым мәҳәллелер аймағында әййемги қаланың көринисин сәўлелендиретуғын туризм көшелерин ашыў нәзерде тутылмақта. Бул туристлердиң ағымын арттырыў менен бирге тарийх ҳәм миллий мәдениятты және де кеңнен үгит-нәсиятлаў имканиятын береди. Ферғана қаласында да жаңа заманагөй туризм көшелерин шөлкемлестириў жумыслары даўам еттирилмекте. Мысал ушын, Ферғана қаласындағы Каштанзар көшеси быйыл туризм көшесине айландырылады.

Туристлик көшелерди шөлкемлестириўде халықаралық тәжирийбе әҳмийетли. Себеби таяр, сынақтан өткен шешимлер арқалы ўақыт ҳәм ресурсларды үнемлеў, туристлердиң талабына сай орталық жаратыў мүмкин. Дизайн ҳәм инфраструктура, эстетикалық жақтан қолайлылықты тәмийинлеўде халықаралық тәжирийбе, әлбетте, керек. Бул процессте, әлбетте, жергиликли мәденият, климат ҳәм дәстүрлер есапқа алынбақта.

- Когон қаласында Жәҳән банкиниң жәрдеминде мәдений мийрас объектлери тийкарында түрли халықлардың миллий асханаларын ашыў бойынша мастер-реже ислеп шығылмақта, - дейди Шаҳбоз Саидхонов. - Атап айтқанда, итальян, немис, уйғыр, қытай ҳәм япон асханаларын ашыў нәзерде тутылмақта. Бул жойбар гастрономиялық туризмди раўажландырыў ҳәм мәдениятлараралық байланысларды беккемлеўге хызмет етеди.

Туризм көшелериниң нәтийжели жумыс алып барыўында мәдений-кеўил ашар илажлардың орны шексиз. Бүгинги күнде туристлик объектлерде ҳәр жылы 100 ден аслам ҳәр қыйлы илажлар өткерилмекте. Атап айтқанда, Хийўа қаласындағы тарийхый комплекслерде театрластырылған сахналық көринислер, Самарқандта ири фестиваллар, Бухарада халықаралық мәдений илажлар шөлкемлестирилмекте.

Транспорт хызмети туристлик саяхаттың әҳмийетли бөлеги. Мәнзилге қәўипсиз жетип барыў, саяхатты кеўилли өткериўде транспорт үлкен әҳмийетке ийе. Сол себепли, ири қалаларда туристлик жөнелислер ушын арнаўлы автобус қатнаўлары жолға қойылды. Бул туристлик объектлер арасында үзликсиз ҳәрекетти тәмийинлемекте. Аймақларда шөлкемлестирилген арнаўлы маршрутлар арқалы тарийхый ҳәм мәдений орынларды қысқа мүддетте көриў мүмкин болмақта.

Мәмлекет тәрепинен қаржылай қоллап-қуўатлаў механизмлериниң енгизилиўи тараўдың жедел раўажланыўына хызмет етпекте. Президентимиздиң 2025-жыл 27-февральдағы "Хызметлер тараўының турақлы раўажланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарына муўапық, көплеген жойбарларды әмелге асырыў ушын үлкен көлемдеги қаржы ажыратылыўы белгиленген. әсиресе, күни-түни жумыс ислейтуғын туризм ҳәм гастрономиялық көшелерди раўажландырыў ушын мәмлекетлик бюджеттен қаржы ажыратылыўы тараўдың перспективасында әҳмийетли фактор болмақта. Соның менен бирге, исбилерменлик субъектлери ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде жаңа нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ислеп шығылмақта. Бул болса туризм көшелеринде жумыс алып барып атырған бизнес ўәкиллериниң имканиятларын кеңейтип, хызметлердиң сапасын буннан былай да арттырыўға тийкар жаратады.

Паркент районындағы Кумушкон туристлик аўылын билмейтуғын адам жоқ болса керек. Тәбият ҳәм инсан қолы менен жаратылған гөззаллық аўылға өзгеше пайыз берип турады. Тәбияты, таза ҳаўасы, халықтың жасаў тәризи, шаңарақлық мийман үйлери, туристлерди өзине тартып атырған бул жерде туризм аўылы статусы ушын зәрүр барлық инфраструктура жаратылған. Бундай аўыллар тек ғана дем алыў орны емес, ал инсанға тынышлық, илҳам ҳәм тәбият пенен жақынлық сезимин бағышлайтуғын орын болып есапланады.

Туризм аўылларында шаңарақлық исбилерменлик, хызмет көрсетиў раўажланып, ҳәзирги ўақытта шаңарақлық мийман үйлериниң саны 1480, хостеллердиң саны 45, қара үйлердиң саны 47 ҳәм басқа түрдеги жайластырыў қуралларының саны 128 ди қурайды.

Туристлерге ҳәр тәреплеме қолайлық жаратыў ҳәм олар ушын хызмет көрсетиўге айрықша итибар қаратылып, ҳәр бир аўылда туристлерге кеминде 5 сапалы туристлик хызмет көрсетилмекте. Мысал ушын, Поп районы Чодак туризм аўылында 301, Янгиқўрғон районы Нанай туризм аўылында 196 ҳәм Самарқанд қаласында жайласқан Бағибаланд туризм мәҳәллесинде 32 шаңарақлық мийман үйи ашылған.

Туристлик көргизбе объектлери ҳәр бир аўылда бар. Өнерментлер саўда орынлары, өнерментшилик орайлары, үй-музейлердиң жумысы жолға қойылған ҳәм жергиликли өнерментлер ислеп шығарып атырған естелик саўғаларын сататуғын шақапшалар шөлкемлестирилген. Туризм аўыллары ҳәм мәҳәллелеринде 2800 ден аслам жумыс орны ашылған.

Өзбекстан туризмди раўажландырыўда жаңа басқышқа қәдем қойып, халықаралық майданда тартымлы туристлик бағдар сыпатындағы абырайын барған сайын беккемлеп бармақта. Буны туризм аўыллары ҳәм мәҳәллелериниң раўажланыўы мысалында да көриў мүмкин.

Рисолат МАДИЕВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы