Деген менен, үйимиз жанындағы салмалар қурып, таў
етеклериндеги булақлар артқа шегинип атырғаны ҳәм Арал теңизи орнында тек ғана
дузлы көлшиклер қалып атырғаны арқалы ол өзин сездирип, денемизде сездирип
атыр.
Мәмлекетимиз басшысының жақында Қазақстанға әмелий
сапары шеңберинде Астанада болып өткен Регионаллық экологиялық саммит ҳәм
Аралды қутқарыў халықаралық қорының мәжилисиндеги қатнасыўы менде илимпаз
сыпатында үлкен қызығыўшылық ҳәм үмит оятты.
Орайлық Азия жер жүзиндеги ең нәзик экосистемалардан
бирине ийе регион. Орта Азияның тегислик ҳәм таў ландшафтлары тарийхтан суў
бассейнлерине, яғный Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья тармақларына байланыслы болған.
Илимпазлардың есап-санақларына бола, Орайлық Азияда температура глобал орташа
көрсеткишке салыстырғанда еки есе тез көтерилмекте. Регион музлықларының үштен
бир бөлеги әллеқашан жоғалған. Аз адам Өзбекстанның суў тәмийнаты тийкарынан
мине усы музлықлардан басланатуғынын жақсы түсинеди. Олар еримей турып, дәрьялар
толмайды. Дәрьялар толмаса, жер суўғарылмайды. Жер суўғарылмаса, нан болмайды.
Саммитте қатнасып атырған мәмлекетлер миллий
павильонларында өз жетискенликлери ҳәм режелерин көрсетти. Өзбекстан павильоны
интерактив ҳәм мультимедиа элементлери менен үскенеленген тәризде дүзилип,
мәмлекеттиң экология ҳәм турақлы раўажланыў тараўындағы мәмлекетлик сиясатты
айқын сәўлелендирди. "Шығындысыз аймақ", "Таза ҳаўа",
"Жасыл мәкан", "Экомәденият", "Биомийрас" ҳәм
"Экологиялық билимлендириў" сыяқлы жойбарлар кең аудиторияға
усынылды.
Саммитте додаланған сегиз тийкарғы бағдар климат
өзгериўине қарсы гүресиў, азық-аўқат қәўипсизлиги, тәбийғый қәўип-қәтерлерге
бейимлесиў, ҳаўа патасланыўын азайтыў, турақлы ресурсларды басқарыў,
"жасыл" экономикаға өтиў, экологиялық ҳәм санлы компетенцияларды
раўажландырыўда оғада әҳмийетли.
Аралды қутқарыў халықаралық қоры (АҚХҚ) 1993-жылы
Орайлық Азиядағы ең ири экологиялық апатшылық - Арал теңизиниң қурыўына
биргеликте жуўап бериўге урыныў сыпатында шөлкемлестирилген еди. Өткен отыз
жылдан аслам ўақыт даўамында қор айырым табысларға еристи, айырымлары болса
нәтийжесиз бағдарларға ресурс сарплады. Бирақ Қазақстанның 2023-2026-жыллардағы
басшылығы дәўиринде жумыслар системаланды, ҳүжжетлер таярланды, жаңа
бағдарламалар қәлиплестирилди. Енди басшылықты Өзбекстан 2027-жылдан баслап
қабыл етеди. Бул Өзбекстан ушын үлкен жуўапкершилик. Не ушын? Себеби АҚХҚ тек
ғана арнаўлы дипломатиялық структура емес, ол суў, жер ҳәм ҳаўа ушын
регионаллық мәмлекетлер арасындағы ең әҳмийетли сөйлесиў платформасы болып
есапланады.
Мәмлекетимиз басшысының АҚХҚ мәжилисиндеги шығып
сөйлеген сөзинде еки нәрсе мени, әсиресе, тәсирлендирди. Бириншиси - цифрлар.
Ол мәмлекетимиздиң суўды үнемлеў бағдарында әмелге асырған жумысларын анық
статистикада сәўлелендирди. Екиншиси - АҚХҚты раўажландырыўдың "алты
бағдар" деп тарийхқа кирип атырған концепциясы. Онда қорды
модернизациялаў, күн тәртибин мәсләҳәт ушырасыўларының қарарлары менен
үйлестириў, жойбарлардың нәтийжелилигин арттырыў, қаржыландырыў механизмлерин
жақсылаў, басқа да регионаллық структуралар менен бирге ислесиўди күшейтиў ҳәм
адамлардың суўға мүнәсибетин өзгертиў мақсетлери белгиленген.
Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзинде былай
делинген: "Егер жәмийеттиң суўға болған мүнәсибети өзгермесе, ҳеш қандай
инженерлик шешимлер күтилген нәтийжени бермейди". Ирригация каналы
бетонланса жақсы, бирақ дийқан сол бетонланған каналдан да артықша суў алатуғын
болса, нәтийже шекленген болады. Соның ушын "Келешек суўы"
регионаллық бағдарламасын иске қосыў - фермерлер ҳәм санаатшыларды суўды
үнемлейтуғын технологиялардан әмелий пайдаланыўға үйретиўге қаратылған бул
баслама мен ушын сап академиялық идеяны әмелиятқа алып шығыў, деген мәниске ийе.
Регионаллық экологиялық саммиттеги шығып сөйлеген
сөзинде Президентимиз бир қатар анық басламаларды алға қойды. Бириншиси,
"Орайлық Азияның таза ҳаўасы" мәмлекетлераралық консорциумын дүзиў.
Бул ҳаўа патасланыўы тек ғана бир мәмлекеттиң ишки машқаласы емеслигин аңлап
жетиў болып табылады. Ташкент яки Бишкек аспанындағы бөлекшелер шегара
билмейди. Мәмлекетлер аралық консорциум ҳәр бир мәмлекеттиң жеке гүреси орнына
ресурс ҳәм технологияларды бирлестириў имканиятын береди. Екиншиси, Ташкенттеги
Жасыл университет жанындағы Шөллениўге қарсы гүресиў орайына регионаллық статус
бериў усынысы. Бул биз ушын оғада әҳмиетли жаңалық. Орай усы ўақытқа шекем
миллий шеңберде жумыс алып барып келген. Оған регионаллық статус берилсе, ол
Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан изертлеўшилери менен бирге ислей
алады, мағлыўматлар базасын бөлиседи ҳәм шөлистанлық, дуз боранлары, топырақ
деградациясы мониторинги бойынша бирден-бир система жаратады. Үшинши баслама - "Орайлық
Азия жасыл саўда коридоры"н қәлиплестириў. Экоөнимлер ушын жеңиллетилген
бажыхана режимлери ҳәм өз-ара сертификатларды тән алыў тек ғана экология емес,
ал экономика мәселеси. Егер "жасыл" өним сертификаты регион көлеминде
тән алынса, бул тек ғана шегарадағы бюрократиялық тосқынлықларды азайтып
қоймастан, ал жергиликли ислеп шығарыўшыларды экологиялық инновацияларға
хошаметлейди. Төртинши баслама - Орайлық Азия климат жойбарларының бирден-бир
инвестициялық портфелин жаратыў. Киши мәмлекетлер жеке ҳалда халық аралық
финанс базарларында аз еситиледи. Биргеликте дүзилген портфель болса ири
инвесторлардың итибарын тартады, грантлар ҳәм арзан кредитлер алыў имканиятын
береди. Бесинши усыныс - Орайлық Азия қоршаған орталығындағы өзгерислердиң
бирден-бир регионаллық атласын жаратыў. Ҳәр бир мәмлекет өзиниң экологиялық
мониторинг системасына ийе, бирақ олар арасында синхронизация жоқ. Атлас усы
бослықты толтырады.
Бул саммиттиң және бир әҳмийетли нәтийжеси сонда,
26-мартты Арал теңизи, Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья халықаралық күни деп жәриялаў
ҳаққындағы қарарға қол қойылды. Бундай символикалық сәнелерди орнатыў сиясий
мәниске ийе: ол дүнья жәмийетшилигине "бул машқалалар биз ушын әҳмийетли
ҳәм биз оларды умытқанымыз жоқ" деген сигнал жибереди. Буннан тысқары,
2026-2036-жылларды Орайлық Азияда суўдан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша әмелий
ҳәрекетлер он жыллығы деп жәриялаў басламасы тек ғана сиясий баянат емес. Егер
ол әмелий ҳәрекетлер режеси менен биргеликте ислеп шығылса, қаржыландырыў
механизмлери белгиленсе ҳәм избе-из мониторинг жолға қойылса, ҳақыйқый
трансформацияға ерисиў ушын стратегиялық тийкар болыўы мүмкин.
Суў сиясат емес, ол тәғдир. Арал теңизи бул тәғдирдиң
ең ашшы сабағы. Егер биз сол сабақтан үйренип, бүгин дурыс қәдемлер таслай
алсақ, ертеңги Орайлық Азия жаслары бизди миннетдаршылық пенен еслейди.
Фарида ҚОЛДОШЕВА,
Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат
өзгериўин
үйрениў университетиниң доценти