Соңғы еки жылда салық базасының кеңейиўи есабынан түсимлер экономикаға салыстырғанда жедел пәтлерде өспекте. Халықаралық валюта қоры да бундай нәтийжелер салық ҳәкимшилигин күшейтиў ҳәм жасырын экономиканы қысқартыў есабынан ерисилип атырғанын атап өтпекте. Соның менен бирге, салық системасын избе-из реформалаў нәтийжесинде 2030-жылға барып салық түсимлерин 491,5 триллион сумға жеткериў ҳәм бақланбайтуғын экономика үлесин 28 проценттен 19,6 процентке азайтыў режелестирилген.
Мәжилисте салық түсимлерин көбейтиўдиң тийкарғы резерви жасырын экономиканы қысқартыў екени атап өтилди.
Президентимиз санлы таллаў ҳәм жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланыў, "ақыллы" қадағалаў системасын енгизиў есабынан усы жылдың өзинде бюджетке қосымша 30 триллион сум түсимди тәмийинлеў зәрүр екенлигин атап өтти. Оған Р2Р транзакцияларын мониторинг етиў, товарларды маркировкалаў, санлы қадағалаўды күшейтиў, жүк тасыў бойынша дизимнен өтпеген жумысты автоматикалық түрде анықлаў, рәсмий емес бәнтликти легалластырыў ҳәм саўда ҳәм хызмет көрсетиў, санаат, қурылыс, улыўма аўқатланыў сыяқлы тараўлардағы басқа да механизмлерди кеңнен қолланыў арқалы ерисиў нәзерде тутылмақта.
Атап өтилгениндей, базарлар ҳәм саўда комплекслериниң жумысы еле толық қадағалаўға алынбаған, санластырыў жумыслары жетерли дәрежеде емес, нәтийжеде бар потенциалдан толық пайдаланылмай атыр. Бүгинги күнде бундай объектлерде 72 мыңнан аслам усақлап сатыў субъекти жумыс алып бармақта. Соның менен бирге, олардың 38 мыңнан асламы айына 1 миллион сумнан аз айланысты декларациялап атырған болса, 40 мыңнан асламы күнине тек ғана 2-3 чек береди. Сондай-ақ, базарлардағы 12 мың саўда орны бойынша ижара шәртнамалары есапқа алынбаған. Ақыбетинде 37 мың исбилермен айына 500 мың сумнан аз салық төлемекте.
Сол себепли базарлар ҳәм саўда комплекслериниң жумысын толық санластырыў, қадағалаў механизмлери, салық уйымларының жумысы ҳәм санлы бақлаўды интеграциялаў есабынан қосымша дәреклерди иске қосыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте аймақларда стратегиялық емес ири салық төлеўшилерге хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў мәселеси де көрип шығылды.
Атап айтқанда, салық уйымларынан узақлық себепли 209 мың қосымша қун салығы төлеўшисине хызмет көрсетиў ҳәм қадағалаў нәтийжелилиги төменлегени атап өтилди. Сол себепли стратегиялық емес 500 кәрхананың салық қадағалаўын ўәлаят дәрежесине, аўыл хожалығы, саўда ҳәм улыўма аўқатланыў тараўларындағы 103 мыңнан аслам кәрхананы район дәрежесине өткериў усынысы билдирилди. Бундай қатнас орынларда салық төлеўшилерге хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў, пайда болып атырған машқалаларды жедел шешиў ҳәм қадағалаў нәтийжелилигин күшейтиў имканиятын береди.
Исбилерменлер ушын салық ҳәкимшилигин әпиўайыластырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сораў нәтийжелерине бола, олардың көпшилиги тексериўлер, есабатларды усыныў ҳәм салықларды төлеў тәртип-қағыйдаларының қурамалылығынан наразы екенин билдирген. Усы мүнәсибет пенен автоматикалық камерал қадағалаўды жазалаўшы қуралдан, қәтелерди дәслепки басқышта анықлаў ҳәм дурыслаўға қаратылған превентив системаға айландырыў, қәўип дәрежесине қарап кәрханаларды "жасыл", "сары" ҳәм "қызыл" категорияларға ажыратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Буннан тысқары, 6 түрдеги есабатты инсан қатнасыўысыз қәлиплестириўди автоматластырыў, бирден-бир салық есабына өтиў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында да мәлимлеме берилди. Атап өтилгениндей, бүгинги күнге шекем 198 мың жағдайда есабат тапсырыў мүддетлери бузылған, 14,7 мың салық төлеўшилер есабат тапсырмағаны ушын 396,6 миллиард сум муғдарында жәрийма салынған, салық есап бетлериниң көбейиўи есабынан 20 мың қәте-кемшиликке жол қойылған.
Жаңа системаның енгизилиўи тийкарсыз салық қарыздарлығы, артықша төлеў ҳәм пеняларды азайтыў, исбилерменлердиң 8,4 триллион сум қаржысын үнемлеў имканиятын беретуғыны атап өтилди. Жаңа көзқарас тексериўлердиң азайыўына, есап бериўдеги қәтелердиң сезилерли дәрежеде азайыўына, мүрәжатларды көрип шығыўдың жеделлесиўине ҳәм колл-орайлардың жумыс нәтийжелилигиниң сезилерли дәрежеде артыўына алып келиўи күтилмекте.
Презентацияда, сондай-ақ, салық уйымлары жумысында кадрлар потенциалы ең әҳмийетли мәселе болып қалып атырғаны атап өтилди.
Кейинги жыллары жумысты шөлкемлестириўдеги бослықлар себепли кадрлардың өзгериўшеңлиги күшейди. Хызметкерлердиң маманлығын арттырыў дәрежеси төмен екени, материаллық хошаметлеў системасының заман талапларына жуўап бермейтуғыны, социаллық қоллап-қуўатлаў механизмлериниң нәтийжелилиги жетерли емеслиги атап өтилди. Атап айтқанда, 2022-жылы 3 мыңнан аслам хызметкер маманлығын арттырған болса, өткен жылы тек ғана 700 хызметкер қайта оқытылды.
Бул бағдарда кадрлардың маманлығын арттырыў, үзликсиз билимлендириў системасын жолға қойыў, хызметкерлерди материаллық ҳәм социаллық хошаметлеў бойынша жаңа усыныслар билдирилди. Кадрлар потенциалын күшейтиў мақсетинде Салық комитети жанындағы Салық академиясының материаллық-техникалық базасын беккемлеў илажлары белгиленди.
Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге салық ҳәкимшилигинде санлы технологиялар, аналитика ҳәм жасалма интеллектке тийкарланған пүткиллей жаңа жумыс усылын енгизиў, исбилерменлер ушын қолайлы ҳәм әдил салық орталығын жаратыў, тараўда маман қәнигелер корпусын қәлиплестириў бойынша тапсырмалар берди.
Салық системасы жумысын "тексериўден - хызметке шекем" принципи тийкарында трансформациялаў, хызмет көрсетиўдиң сапасын буннан былай да арттырыў, заманагөй, нәтийжели қадағалаў механизмлерин жаратыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди.