Кешеге тарийхшы ҳәм әдебиятшы илимпазлар, оқытыўшылар, Н.Дәўқараевтың урпақлары, студент жаслар қатнасты. Илажда илимпаздың мийнет жолы, оның дөретиўшилиги сондай-ақ илимий мийраслары ҳаққында сөз етилди.
Илажда нураный тарийхшы О. Юсупов «Н. Дәўқараев — тарийхый тулға», ф.и.д. К.Палымбетов «Н.Дәўқараевтың кѳркем-әдебий мийнетлери» ҳәм басқа да атамаларда баянатлар жасалды.
Атап өтилгениндей, илимпаз қысқа өмири даўамында қарақалпақ әдебиятын, тарийхын терең изертлеў менен бирге қоӊсы қазақ халқының әдебиятын да уйренди. Н. Дәўқараевтың шығармалары шет ел китапханаларынан да ылайықлы орын алған, илимий мийнети қарақалпақ әдебияты ушын бийбаха мийрас екенлиги ҳаққында сөз етилди.
Н Дәўқараев жазыўшы ҳәм драматург болыў менен бирге тәжирийбели устаз. Ол Алматы, Қостанай қалаларындағы педагогикалық техникумларында, Урал педагогикалық институтында қазақ тили ҳәм әдебияты бойынша оқытыўшы болып ислейди. 1934-жылдан Қарақалпақстан муғаллимлер институтының қарақалпақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының баслығы болған.
Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының жуўаплы хаткери, Қарақалпақстан Халық Комиссарлар кеңеси қасындағы көркем өнер ислери бойынша басқарманың баслығы, К.С.Станиславский атындағы музыкалық драма театрының директоры, Тил ҳәм әдебият институтының директоры ҳәм өмириниң ақырына шекем педагогикалық институтта қарақалпақ әдебияты кафедрасының баслығы болып ислейди.
Н.Дәўқараевтың «Партизанлар», «Интернатта», «Тойға барғанда», «Бағман»,
«Бийбихан», «Өлимди писент етпеўшилер» ҳәм тағы басқа гүрриңлери тек жазыўшының емес, ал қарақалпақ прозасында да дәслепки дөретпелер сыпатында белгили. «Көп күнлердиң бири» гүрриңи 1929-жылы Алматы қаласындағы «Жаңа мектеп» журналында басылып шығады. 1942-жылы «Алпамыс» драмасын жазды ҳәм пъеса театрда саҳналастырылды.
Ол А.С.Пушкинниң «Капитан қызы» повестин, «Ғарғаның гүлдәстеси», Н.Некрасовтың «Темир жол», Л.Н.Толстойдың «Кавказ тутқыны», А.П.Чеховтың «Каштанка», «Ванька», М.Горькийдиң «Саяхатшы қурбақа», К.М.Симоновтың «Рус адамлары» шығармаларын қарақалпақ тилине аўдарған.
1946-жылы «XVIII-XIX әcирдеги қарақалпақ әдебияты» деген темада филология илимлериниң кандидаты. 1951-жылы «Қарақалпақ әдебияты тарийхының очерклери» темасында докторлық диссертацияларын табыслы жақлады.
Н.Дәўқараев «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген муғаллим» ҳүрметли атағына ийе. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеслерине депутат болып сайланған. 1934-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы. Ҳәзир Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Тил ҳәм әдебият Институты Н.Дәўқараевтың атына қойылған.
– Ҳәр жылы музейимизде 27-ноябрь уллы бабамыз Бердақ Ғарғабай улының туўылған күни мүнәсибети менен 2004-жылдан берли «Бердақ күнлери» ҳәптелиги дәстүрий түрде өткерип келинеди, – дейди музейдиң илимий хызметкери Гүлнар Абдижалалова. – Усы ҳәптелик шеңберинде илимий конференциялар, ушырасыўлар, әдебий кешелер шөлкемлестирилип, уллы бабамыздың атын мәңгилестириў илажлары әмелге асырылады. Бүгинги Н.Дәўқараевтың юбилейине бағышланған кешемиз де усы ийгиликли мақсетке хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.








