Мәжилисти Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов алып барды.

Илажда соңғы жыллары мәмлекетимизде жоқары билимлендириўди сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе болған, креатив пикирлейтуғын, мәлимлеме технологиялары ҳәм шет тиллерин терең өзлестирген кадрларды таярлаў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар, олардың нәтийжелери, алдағы ўазыйпалар ҳаққында сөз болды.

Мәжилисте шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли буйрығы тийкарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры лаўазымына Қуўандық Айтбаевич Кадиров тайынланғаны атап өтилди.

Усы күнге шекем институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумыслар бойынша биринши проректоры және институт ректоры ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы лаўазымларында жумыс алып барған.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң буйрығы менен институттың оқыў жумыслары бойынша проректоры лаўазымына тайынланған Мухтар Мамутович Ибрагимов жәмәәтке таныстырылды.

Мухтар Ибрагимов өз жумысы даўамында Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде оқыў ислери бойынша проректор лаўазымында, сондай-ақ, 2019-2024-жыллары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты - Илим, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм жаслар мәселелери комитетиниң ағзасы сыпатында жумыс ислеген.

Мәжилисте бир қатар профессор-оқытыўшылар шығып сөйлеп, институт ректоры ҳәм оқыў жумыслары бойынша проректорға алдағы жумысларында табыслар тиледи.

Илажда халықаралық стандартлар тийкарында кадрлар таярлаў, халықаралық бирге ислесиўдиң нәтийжелилигин ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыў, сондай-ақ, бакалавр тәлим бағдарларын тийисли тәртипте халықаралық аккредитациядан өткериў бойынша келешекте әмелге асырылатуғын жумыслар белгилеп алынды.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Мурат Атамуратов қатнасты.