Салтанатлы мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ўәкиллери, округ сәркардалығы жуўапкерлери, кең жәмийетшилик ўәкиллери, сондай-ақ, әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары қатнасты.

Илажда шығып сөйлегенлер мәмлекетимизде әскерий хызметкерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың хызмет ҳәм турмыс шараятларын жақсылаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири екенин атап өтти. Ўатан тынышлығы ҳәм татыўлығын тәмийинлеў жолында күни-түни пидәкерлик пенен хызмет етип атырған әскерий хызметкерлердиң мийнети жоқары ҳүрметке ылайық екени атап өтилди.

Тапсырылған турақ жайлар кең ҳәм жақты ханалар, заманагөй коммуникация системалары менен үскенеленген болып, ыссы ҳәм суўық суў, тәбийғый газ, электр энергиясы менен толық тәмийинленген. Сондай-ақ, турақ жай комплекси аймағында балалар ойын майданшалары, жасыл аймақлар, автомобиль турыў орынлары қурылған болып, халық ушын қолайлы, қәўипсиз ҳәм заманагөй орталық жаратылған.

Квартира гилтлерин салтанатлы түрде қабыл етип алған әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары мәмлекетимиз басшысына ҳәм Қорғаныў министрлигине терең миннетдаршылық билдирип, жаратылып атырған шараятлар хызметке болған жуўапкершилик ҳәм садықлықты және де арттыратуғынын атап өтти.

Илаж байрам кейпиятында даўам етип, мәдений бағдарлама, ўатансүйиўшилик руўхындағы қосықлар ҳәм көркем шығыўлар менен және де көтериңки руўхта өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.