- Алты айдан берли туберкулезге қарсы емленип атырман. Ҳәзир өзимди бир қанша жақсы сезинип, көшеге шығып, турмыстан заўықлана басладым, - дейди 29 жасар Зуҳра. – Ден саўлығымның тиклениўине волонтёрлар және мәсләҳәтшилер үлкен жәрдем берди. Әсиресе, психологиялық жақтан қоллап-қуўатлаўлары күшли хошамет болды. Дәслеп келешек ҳаққында улыўма ойламаған едим. Мен ушын өмир тамам болғандай еди. Бирақ тәжирийбели психологлардың турақлы итибары, ғамхорлығы себепли келешекке исеним менен қарай басладым. Ҳәзир өзимди жақсы сезип, дәри-дәрмақ қабыллаўды даўам еттирип атырман. Әҳмийетлиси, исеним ҳәм үмитим беккемленди.

Бурын туберкулёз бенен аўырған наўқастың пүткил шаңарағы азап шегер еди. Емлеўханада жыллап емлениўге мәжбүр болды.

1998-жылы Қарақалпақстанда туберкулёз кеселлигиниң жоқары дәрежеде тарқалыўы себепли Нөкисте туберкулёзге қарсы гүресиў жойбары басланды. Жойбар Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң ДОТС (Қадағалаў астындағы қысқа мүддетли емлеў) стратегиясы тийкарында әмелге асырылды. Кейин ала жойбар шахсқа бағдарланған, кең көлемли қатнасқа айланып, дәри-дәрмаққа сезгир ҳәм дәри-дәрмаққа шыдамлы туберкулёз түрлерин қамтып алды. Бағдарлама мыңлаған наўқаслар ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын емлениў имканиятын жаратып, оларға үмит бағышлады. Дерлик 30 жыл даўам еткен бул бағдарлама табыслы жуўмақланды.

- Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде ерте диагнозлаў ҳәм өз ўақтында басланған емлеў наўқастың жағдайын бир қанша жақсылайды, кеселликтиң жуғыў қәўпин азайтады, - дейди "Шегарасыз шыпакерлер" халықаралық шөлкеминиң ўәкили Норман Ситали. - Биз тиккелей медициналық жәрдем бериў менен бирге шыпакерлерди таярлаў, клиникалық әмелиятты жетилистириўге де әҳмийет қараттық. Сондай-ақ, бул түрдеги хызметлерди миллий денсаўлықты сақлаў системасына интеграцияладық. Бул арқалы тараўдың турақлы жетилисиўине үлес қосылды. "Шегарасыз шыпакерлер" бул жойбардағы жумысын жуўмақлар екен, Денсаўлықты сақлаў министрлиги басламаны толық өз қолына алып, Өзбекстанда туберкулёзге қарсы гүресиўди бийғәрез даўам еттиретуғынына исенемиз.

Бағдарламаның әҳмийетли бағдарларынан бири тараў хызметкерлериниң потенциалын арттырыў еди. Гөзленген мақсетке ерисилди. Енди миллий медицина хызметкерлери ҳәм жуўапкерлери еркин түрде туберкулёзге қарсы гүресиў имканиятына ийе болды. Сондай-ақ, жойбар шеңберинде наўқаслардың руўхый дүньясын көтерип, исенимин беккемлеў ушын психологиялық мәсләҳәт хызмети де шөлкемлестирилди.

- Бул жойбар аймақта кеселлик жүгин сезилерли дәрежеде азайтыўда әҳмийетли роль атқарды. Бул бағдарда инновациялық көзқараслар енгизилди. Емлеў усыллары табыслы енгизилип, туберкулезге қарсы гүресиўде бай тәжирийбе топланды, - дейди Республикалық қәнигелестирилген фтизиатрия ҳәм пульмонология илимий-әмелий медицина орайы директор орынбасары Ирина Ливерко.

Жойбардың үлкен жетискенликлеринен бири Нөкисте Орайлық Азиядағы ең заманагөй микобактериология лабораториясының шөлкемлестирилгени болды. Ол туберкулёз ҳәм көп дәрилерге шыдамлы туберкулёзды (МБЧ-туберкулёз) анықлаўда әҳмийетке ийе. Жоқары сапалы диагностика хызметлерин усынады.

Алдын дәри-дәрмақларға шыдамлы туберкулёз бенен кеселленген наўқас 18-24 ай даўамында емленетуғын еди. Бул емлеў курслары аўыр ҳәм кери тәсирлерден жырақ емес еди. Машқаланы шешиў мақсетинде "Шегарасыз шыпакерлер" 2016-жылы TB-PRACTECAL клиникалық сынағын баслады. Сынаўлар процесинде Нөкис қаласы тийкарғы ноқатлардан бирине айланды.

Изертлеў нәтийжелери Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң 2022-жылдағы жаңа емлеў усынысларына тийкар болды. Бул схема үстин деп тән алынды. Буннан кейин бул схеманы Өзбекстан бойлап кеңнен енгизиўди қоллап-қуўатлаў мақсетинде "Шегарасыз шыпакерлер" ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте әмелий изертлеў өткерилди.

"Шегарасыз шыпакерлер" Нөкистеги жумысын жуўмақлап, бағдарламаны толық миллий системаға тапсырмақта. Денсаўлықты сақлаў министрлиги болса туберкулёзге қарсы гүресиўди даўам еттириў ҳәм оны буннан былай да беккемлеўге исенимли бел байлаған. Көп жыллық бирге ислесиў Өзбекстанда туберкулёзге қарсы нәтийжели, адамгершиликли ҳәм заманагөй қатнасты тәмийинлеў ушын беккем тийкар жаратты.

Өткен жыллар даўамында "Шегарасыз шыпакерлер" АИВ, С гепатити ҳәм туберкулёз сыяқлы жуқпалы кеселликлерге қарсы миллий гүрести күшейтиўде әҳмийетли роль атқарды. Инновациялық емлеў усыллары ҳәм инсан мәплерине бағдарланған хызмет көрсетиў моделлери арқалы бул шөлкем мәмлекетимиз денсаўлықты сақлаў системасын жақсылаўға мүнәсип үлес қосты.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы