Онда "2Masters” топарында 3-орынды ийелеп атырған Нодирбек Абдусатторов ақ даналарда ҳиндстанлы Пентала Харикришнаға қарсы беллесиў алып барды ҳәм тең нәтийжеге еристи.
Жарыстың соңғы, 13-турында әмелдеги жәҳән чемпионы Гукеш Доммараджу ўатанласы Аржун Эргаисига имканиятты берип қойды. Екинши орындағы Рамешбабу Прагнанандҳа да соңғы турда германиялы Винсент Кеймерге уттырып қойды. Нодирбек Абдусатторов болса тийкарғы қарсыласлары усыныс еткен бул имканияттан өнимли пайдалана алмады.
Турнирдиң шешиўши басқышында 8.5 очкодан топлаған Гукеш ҳәм Рамешбабу арасындағы тай-бректе Прагнанандҳа 2:1 есабында жеңиске ерисип, “Tata Steel Chess-2025” чемпионлығын қолға киргизди. Бул турнирде Гукеш екинши орынды ийелеген болса, Нодирбек Абдусатторов 8 очко менен сыйлы үшинши орынды ийеледи.








