Майыплығы болған балалар ушын транспорт хызмети жойбары иске түсириледи

    Бул хызметти 2025-жыл 1-апрельден Ташкент, Әндижан ҳәм Самарқанд қалаларында пилот жойбар сыпатында, 2025-жылдың ақырына шекем болса республиканың басқа аймақларында басқышпа-басқыш енгизиў белгиленди.

    Майыплығы болған шахслар ҳәм таяныш ҳәрекетинде машқалалары болған балалар ушын социаллық тараў объектлери, билимлендириў мәкемелерине барып-келиўине қолайлық жаратыў мақсетинде социаллық әҳмийетке ийе транспорт хызмети жойбары иске қосылады.

    Бул бойынша Министрлер Кабинетиниң "Транспорт хызметлеринен пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў арқалы көриў ҳәм ҳәрекетлениў менен байланыслы кеселликлерге шатылған айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған балалар ушын билим алыў шараятларын жақсылаў ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди.

    Қарар менен, бул хызметти 2025-жыл 1-апрельден Ташкент, Әндижан ҳәм Самарқанд қалаларында пилот жойбар сыпатында, 2025-жылдың ақырына шекем болса республиканың басқа аймақларында басқышпа-басқыш енгизиў белгиленди.

    Жойбар шеңберинде транспорт хызметлери:

    қәнигелестирилген мектеп, мектеп-интернатлары, соның ишинде, усы мәкемелердеги "Ғамхорлық" топарларында;

    улыўма билим бериў мектеплериниң инклюзив классларында;

    реабилитация орайына ийе мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде билим алыўшы көриў ҳәм ҳәрекетлениў менен байланыслы кеселликлерге шалынған балаларға көрсетиледи.

    Сондай-ақ, қарар менен хызметтен пайдаланғаны ушын төлем ҳәм субсидия системасы да енгизилмекте. Атап айтқанда:

    ҳәр бир жолаўшыға бир айда базалық есаплаў муғдарының 1,2 есесинен аспаған муғдарда;

    Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри ямаса Кем тәмийинленген шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлардағы жолаўшылар ушын ҳәр бир қатнаў төлеминиң 100 проценти;

    жоқарыда көрсетилген реестрлерге киргизилмеген шаңарақлардағы жолаўшылар ушын ҳәр бир қатнаў төлеминиң 60 проценти субсидия түринде қапланады.

    Субсидия түриндеги төлемлерди Агентликтиң Социаллық қорғаў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан әмелге асырылады.