Бул кампания ҳаял-қызлар ҳәм балаларға болған зорлықты сапластырыў ушын жәмийеттиң барлық қатламларының ҳәрекетлерин бирлестириўге шақырады.

Социаллық қорғаў миллий агентлиги бул әҳмийетли басламаны қоллап-қуўатлаў мақсетинде өз логотипин от-жалын реңине өзгертти. Бул рең үмит, жақтылық ҳәм зорлықсыз келешектиң белгиси болып есапланады.

Агентлик ҳәммени бул акцияны қоллап-қуўатлаў, машқалаға итибар қаратыў ҳәм тилеклесликти көрсетиўге шақырады.

Биргеликте биз дүньяны қәўипсизлеўимиз мүмкин. Себеби, зорлық ҳеш қашан ақланбайды.

Еслетип өтемиз, 25-ноябрь - Ҳаял-қызларға қарсы зорлыққа шек қойыў халықаралық күни.