Президент Шавкат Мирзиёев ўәлаятқа сапары ўақтында усы энергетика объектин барып көрди.

Мәмлекетимизде қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў миллий экономиканың турақлылығын тәмийинлеўде стратегиялық бағдар сыпатында белгиленген. Соңғы жыллары Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Самарқанд ҳәм Сурхандәрьяда оннан аслам қуяш ҳәм самал электр станциясы иске қосылды. Соның менен бирге, бир қатар аймақларда 450 мегаваттлы гидроэлектр станциялары пайдаланыўға тапсырылды.

Ҳәзирги ўақытта "Өзбекгидроэнерго" акционерлик жәмийети тәрепинен Нарын дәрьясында 6 ГЭС каскадының қурылысы басланған. Жойбардың улыўма баҳасы 428 миллион доллардан аслам, улыўма қуўатлылығы 228 мегаватт болады.

Биринши басқышта ГЭС-1 иске қосылды. Ең әҳмийетлиси, ол толық жергиликли өним ҳәм үскенелер тийкарында қурылды. Усы мәнисте, оны мәмлекетимиздеги "биринши миллий ГЭС" деп атаў мүмкин.

ГЭС-1 жыллық 171 миллион киловатт саат электр энергиясын ислеп шығарыў имканиятына ийе. Бул жерде 130 жаңа жумыс орны жаратылады.

Жойбар нәтийжесинде 430 мың шаңарақ электр энергиясы менен тәмийинленеди, жылына 290 миллион куб метр газ үнемленеди. Бул экономика ушын дерлик 300 миллиард сум муғдарында қосымша пайда дегени. Усы жағынан "Нарын ГЭСлер каскады" тек ғана энергетикалық емес, ал социаллық ҳәм экономикалық әҳмийетке ийе.

Өзбекстан гидроэнергетикасы тарийхында биринши мәрте усы жойбар шеңберинде горизонталь капсула түриндеги гидроагрегатлар енгизилди. Олар киши басым шараятында да жоқары нәтийжелилиги менен ажыралып турады ҳәм миллий гидроэнергетика тараўында жаңа басқышты баслап бермекте.

ГЭСте суў тосыўшы қурылма да қурылды. Сондай-ақ, аймақта ҳәкимшилик ҳәм хызмет имаратлары, диспетчерлик пункти қурылды. Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм аймақты абаданластырыў мақсетинде 6 мың түп саяманлы терек егилди, келеси бәҳәрде және 7 мың түп мийўели нәл егиў режелестирилген.

Усы тәреплери менен бул жер тек ғана энергетика емес, ал экотуризм ҳәм рекреация орнына да айланады.

Улыўма, Нарын ГЭСлер каскады - жасыл экономиканы раўажландырыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўға хызмет ететуғын стратегиялық жойбар болып есапланады. 2026-жылы екинши ҳәм үшинши, 2027-жылы қалған станциялар да иске қосылады. Ҳәр бир станцияның қуўатлылығы 38 мегаватт болып, олардың жумысында қосымша жумыс орынлары жаратылады.

Энергетика системасындағы бундай ири жойбарлар халықты турақлы электр энергиясы менен тәмийинлеў, санаат тармақларын үзликсиз ислетиў ҳәм экономикалық нәтийжелиликти арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.