Қазақстанлы досларымыздың Аралды қутқарыў халықаралық қорындағы
нәтийжели басшылығын жоқары баҳалаймыз. Өз-ара исеним ҳәм қарым-қатнасты
беккемлеў, Қор жойбарларын әмелге асырыў ҳәм оның жумысын региондағы барлық
мәмлекетлердиң мәплерин есапқа алған ҳалда жетилистириў бойынша салмақлы
жумыслар әмелге асырылды.
Бүгин қабыл етилип атырған жуўмақлаўшы ҳүжжетлерди
қоллап-қуўатлаймыз. Олардың әмелге асырылыўы Арал теңизи бассейнинде
регионаллық бирге ислесиўди және де беккемлеў ҳәм турақлы раўажланыў жолында
әҳмиетли қәдем болады.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Аралды қутқарыў халықаралық қоры Орайлық Азиядағы ең әҳмийетли
суў, социаллық-экономикалық ҳәм экологиялық мәселелерди шешиў мақсетинде
мәмлекетлеримиз ғәрезсизлигиниң таң алдында дүзилген бирден-бир регионаллық
шөлкем болып қалмақта.
АҚХҚ регионда сапа жағынан жаңа мәмлекетлераралық
қатнасықларды орнатыў, регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм
беккемлеўге салмақлы үлес қосты.
Арал теңизи бассейниниң суў ресурсларын муўапықластырылған
түрде басқарыўды тәмийинлеў мақсетинде АҚХҚ ның өз-ара бирге ислесиў системасы
жаратылды.
Орайлық Азияда суў тәшўишиниң күшейиўине алып келетуғын
климат өзгериўи ҳәм суў тутыныўының артыўы шараятында Қордың орны ҳәм әҳмийети
және де артпақта.
Экспертлердиң есап-санақларына бола, 2040-жылдың өзинде Арал
теңизи бассейнинде суў ресурсларының жетиспеўшилиги дерлик еки есеге артып,
жылына 20 миллиард куб метрге жетиўи мүмкин. Бул ишимлик суўы тәмийнаты, экология,
аграр тараў, энергетика ҳәм социаллық турақлылық ушын қосымша қәўип туўдырады.
Соның менен бирге, мәмлекетлеримиз суў ресурсларынан
пайдаланыў нәтийжелилиги бойынша ең төмен орынлардан биринде тур. Аўыл
хожалығында бир доллар муғдарында қосымша қун жаратыў ушын мәмлекетлеримиз
дерлик 3 куб метр, дүньяда болса орташа 2 есе аз суўдан пайдаланады.
Регионда жүзеге келип атырған жағдай бизден суў-энергетика
ҳәм экология тараўларында терең ойланған ҳәм комплексли шешимлерди биргеликте
ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўды талап етпекте.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Бүгин азанда Регионаллық экология саммитинде мен Өзбекстанда
миллий экономиканың климат өзгериўине бейимлесиўи ҳәм қоршаған орталықты
қорғаўды күшейтиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында айтып
бердим.
Ҳәзирги ўақытта Фондымыздың тийкарғы бағдарларынан бири
болған суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша көрилип атырған
илажларға толығырақ тоқтап өтиўге руқсат еткейсиз.
Өзбекстанда қысқа мүддетте барлық суўғарылатуғын жерлердиң
60 процентинде суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилди, ирригация каналларын
бетонлаў 40 процентке жеткерилди. Насос станцияларын модернизациялаў есабынан
суў хожалығында энергия жумсалыўы дерлик 30 процентке азайтылды. 600 мыңнан
аслам суўдан пайдаланыўшылар ҳәм 4 миллион гектардан зыят суўғарылатуғын
жерлерди қамтып алған бирден-бир санлы мағлыўматлар базасы қәлиплестирилмекте.
Бул илажлардың нәтийжесинде жылына 10 миллиард куб метрден
аслам суў ресурслары үнемленбекте. 2030-жылға барып бул көлем 15 миллиард метр
кубты қурайды. Бул илажлардың барлығы комплексли ҳәм избе-из болып, өткен жылы
қабыл етилген Суў кодексинде өз көринисин тапқан.
Әзиз дослар!
Келеси жылдан баслап Аралды қутқарыў халықаралық қорына
басшылық Өзбекстанға өтеди.
Биз Фондты регионаллық интеграцияның әҳмийетли
драйверлеринен бирине айландырыўға ерисиў ниетиндемиз.
Усы мүнәсибет пенен басшылығымыздың тийкарғы бағдарлары
ҳаққында айтып өтпекшимен.
Биринши. АҚХҚ жумысын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў.
Қәлиплестирилген тийкар тийкарында Қордың структурасы ҳәм
шәртнамалық-ҳуқықый базасын жетилистириўди даўам еттириў, оның уйымлары
ўәкилликлериниң анық бөлистирилиўин тәмийинлеў зәрүр.
Усы мақсетте дүзилген аймақлық жумысшы топар ҳәзирги ўақытқа
шекем 15 мәжилис өткерди. Қор жумысындағы машқалалар талланып, оның ўазыйпалары
ҳәм функциялары және де анық белгилеп берилген. Енди структураны,
нормативлик-ҳуқықый базаны ҳәм қаржыландырыў механизмлерин барлық
мәмлекетлеримиздиң мәплерин есапқа алған ҳалда муўапықластырыў зәрүр.
АҚХҚ уйымларының ўәкилликлерин кеңейтиў, олардың статусы ҳәм
жуўапкершилигин арттырыў бойынша усынысларды қоллап-қуўатлаймыз. Бул
мәселелердиң барлығы бойынша ақылға уғрас келисим табатуғынымызға исенемен.
Дос Қырғызстан Республикасының АҚХҚ жумысындағы толық
қатнасыўының қайта тиклениўине шын жүректен үмит етемиз, бул болса Қордың және
де тең салмақлы ҳәм узақ мүддетли қарарларын қабыл етиўге хызмет етеди.
Екинши. Қордың күн тәртибин Орайлық Азия мәмлекетлери
басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары қарарлары менен сәйкеслендириў.
Мәсләҳәт ушырасыўлары регионаллық раўажланыўдың тийкарғы
сиясий бағдарларын қәлиплестиреди. Соның ушын бул саммитлердиң қарарлары менен АҚХҚ
жумысы арасында тығыз байланысты тәмийинлеў әҳмийетли.
Мәсләҳәт ушырасыўлары даўамында жоқары дәрежеде келисилген
турақлы раўажланыўдың тийкарғы бағдарлары Қордың қәнигелескен механизмлери
арқалы әмелий жүзеге шығарылыўы мүмкин.
Үшинши. Қордың бағдарлама ҳәм жойбарларының нәтийжелилигин
арттырыў.
Арал теңизи бассейниниң төртинши бағдарламасы шеңберинде 34
регионаллық жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылған. Тилекке қарсы, бүгинги
күнде оның нәтийжелилигин баҳалаў бойынша бирден-бир қатнас ислеп шығылмаған.
Усы мүнәсибет пенен биз бағдарламаның орынланыўын мониторинг
етиўге нәтийжелиликтиң тийкарғы көрсеткишлерин киргизиўди усыныс етемиз, бул
болса раўажланыўды бақлап барыўға, кемшиликлерди анықлаўға ҳәм халықаралық
шериклердиң қосымша қаржылары менен техникалық жәрдемин тартыўға жәрдем береди.
Төртинши. Қордың тийкарғы бағдарламаларын қаржыландырыўдың
әмелдеги тәсиршең қуралларынан пайдаланыў.
Мысал ушын, қаржы ресурсларын топлаў ҳәм олардан нәтийжели
пайдаланыў бойынша табыслы тәжирийбеге ие болған Аралбойы регионы ушын БМШтың
Инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик тийкарындағы Траст фонды платформасын
иске қосыўды усыныс етемиз.
Траст қорының ўәкиллиги ҳәм географиясын пүткил Арал теңизи
бассейнине шекем кеңейтиў имканиятын биргеликте көрип шығыўымыз мүмкин. Бул
барлық мәмлекетлеримиз аймағында турмыслық әҳмийетке ийе экологиялық ҳәм
социаллық-экономикалық жойбарларды әмелге асырыўға мақсетли инвестицияларды
бағдарлаў имканиятын береди.
Бесинши. АҚХҚ ҳәм басқа да регионаллық структуралар арасында
жедел бирге ислесиўди жолға қойыў.
АҚХҚ суў-энергетика мәселелери, музлықлар ҳәм таў экосистемаларын
сақлап қалыў, климаттың өзгериўине бейимлесиў, шөллениўге қарсы гүресиў бойынша
регионаллық платформалар менен әмелий бирге ислесиўди жолға қойыўы зәрүр.
Атап айтқанда, АҚХҚға Ташкент қаласындағы Жасыл университет
жанындағы Шөллениўге қарсы гүресиў орайы менен биргеликте мақсетли жойбарларды
әмелге асырыўды усыныс етемиз.
Алтыншы. Халықларымыздың суўды өмир дәреги сыпатында
қәстерлеп-сақлаў бойынша көп әсирлик дәстүрлерин тиклеў.
Әлбетте, жәмиеттиң суўға болған мүнәсибети өзгермесе, ҳеш
қандай инженерлик шешимлер күтилген нәтийжени бермейди.
Үзликсиз билимлендириў системасы арқалы - мектепке шекемги
билимлендириў системасынан баслап, қәнигелер таярлаўға шекем суўдан ақылға
уғрас пайдаланыўды ҳәр бир инсанның күнделикли әдетине, улыўма мәдений
кодымызға айландырыўға ҳәрекет етиўимиз керек.
Фермер ҳәм санаатшыларды заманагөй суўды үнемлейтуғын
технологиялардан пайдаланыўға әмелий үйретиў тийкарғы бөлеги болатуғын
"Келешек суўы" регионаллық бағдарламасын иске қосыўды усыныс етемиз.
Бул тийкарғы бағдарларды турмысқа енгизиў ушын халықаралық
шериклер, қаржы институтлары ҳәм эксперт-аналитикалық структуралар менен жедел
бирге ислесиўге таярмыз.
Аўғанстан менен коньструктивлик бирге ислесиўди беккемлеў,
оны климат, экология, аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша регионаллық
бирге ислесиўге тартыў әҳмийетли екенине айрықша итибар қаратпақшыман.
Бүгинги күнде Аўғанстанда жағалықларды беккемлеў ҳәм
мелиорация жумысларын әмелге асырыў ушын халықаралық донорлардың қаржыларын
тартыў әҳмийетли болып есапланады.
Келешекте Аралбойындағы барлық мәмлекетлер, соның ишинде,
Аўғанстанның ҳуқықлары менен миннетлемелерин есапқа алған ҳалда суў ресурсларын
бөлистириў бойынша регионаллық шәртнамалық-ҳуқықый базаны қәлиплестириў зәрүр.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
АҚХҚға басшылық ете отырып, Орайлық Азияның барлық
мәмлекетлери менен бирге регионымыз ушын айрықша әҳмиетке ие болған суў-энергетика
ҳәм экология күн тәртибин әмелге асырыў бойынша жумысларды жеделлестириўимиз
керек екенлигин атап өтпекшимен.
Усы мүнәсибет пенен 2026-2036-жылларды "Орайлық Азияда
суўдан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша әмелий ҳәрекетлер он жыллығы" деп
жәриялаў ҳәм регион мәмлекетлеринде Суў ҳәптелигин турақлы өткериў бойынша
басламаларымыз қоллап-қуўатланатуғынына исенемен.
Бәршеңизди сентябрь айының ақырында Самарқандта болып
өтетуғын Жәҳән суўды үнемлеў форумында қутлықлаўдан қуўанышлыман.
Итибарыңыз ушын рахмет.