София қаласында "Странжа" халықаралық турнири басланады

Бүгин, 23-февраль күни Болгария пайтахтында бокс бойынша "Киши жәҳән чемпионаты" деп аталыўшы 77-халықаралық "Странжа" турнири басланады. Жарыста Өзбекстан ерлер ҳәм ҳаял-қызлар сайланды командалары кеңейтилген қурамда қатнаспақта. Турнир 1-мартқа шекем даўам етип, онда 30 боксшимиз медаллар ушын гүреседи.

Өзбекстан сайланды командасы қылышласыў бойынша Азия чемпионатында қатнаспақта

Индонезияның Жакарта қаласында қылышласыў бойынша жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында Азия чемпионаты болып өтпекте. Бүгин регламент бойынша сабля ҳәм қылышпаз спорт түрлери ҳәм рапира бойынша командалық беллесиўлер болып өтеди. Спортшыларымыз сыйлы орынлар ушын гүреслерди даўам еттирмекте.