Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судының орынлаў ҳүжжетлерине тийкарланып жуўапкер "Нөкис мәмлекетлик тоғай хожалығы"нан 55 жумысшының дерлик 326 миллион сум айлық мийнет ҳақылары ҳәм руўхый зыян өндириў белгиленген.

Соған қарамастан, жуўапкер "Нөкис мәмлекетлик тоғай хожалығы" тәрепинен усы суд қарарының орынланыўы тәмийинленбеген ҳәм жумысшылардың мийнет ҳақылары төленбеген.

Онда, жумысшы хызметкерлер суд қарарына тийкарланып шығарылған орынлаў қағазларының орынланыўын тәмийинлеп бериўди сорап, Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис районлық бөлимине тапсырылған ҳәм бөлим тәрепинен орынлаў иси қозғатылып, орынлаў ҳәрекетлерине кирисилген.

Атап айтқанда, бөлимниң мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен жуўапкер "Нөкис мәмлекетлик тоғай хожалығы"ның бас есапшысына орынлаў ҳүжжетиниң орынланыўы 15 күнлик мүддет ишинде тәмийинлениўи кереклиги, орынланыўын тәмийинлемеў жуўапкершиликке тартыўға ҳәм мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлерине кирисиўге тийкар болатуғыны ҳаққында бир неше мәрте ескертиўлер берилген.

Соған қарамастан, жуўапкер тәрепинен орынлаў ҳүжжетиниң талаплары орынланбағанлығы себепли шөлкемниң тийкарғы банк есап бетлери хатлаўға алынды ҳәм бас есапшыға Өзбекстан Республикасы АЖҳК ниң 198 прим 1-статьясына муўапық, жәрийма жазасы қолланылды.