Усы мәнисте, Президентимиздиң усы жыл 5-март күни Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңес мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзи бәршемизди бул иллетке қарсы гүресиўде биргеликте болыўға шақырды, десек, қәте болмайды. Себеби, коррупцияға қарсы гүресиў ҳәр бир ҳүжданлы инсанның муқаддес миннети болып есапланады.

Мәмлекетимизде соңғы жылларда бул иллетке қарсы гүресиў бойынша тийисли нызамлар қабыл етилип, жаңа система жаратылды. Бир қатар шөлкемлердиң жумысы жолға қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы жәмийетшиликке мүрәжат етип, коррупцияға қарсы гүресиў улыўма миллий ўазыйпа, ҳәр бир ўатансүйгиш ўатанласымыздың ҳүждан иси екенин атап өтти.

Президентимиз жүдә дурыс атап өтти. Коррупцияға "жәмийет денесиндеги рак" сыпатында қараў керек. Ең тийкарғысы, пүткил жәмийетшилик бирлесип гүресиўи зәрүр. Бул халқымыздың, перзентлеримиздиң ертеңги күни, абадан турмысы ушын гүрес мәселеси болып есапланады.

Коррупцияға қарсы гүресиўдиң алдынғы қатарында, әлбетте, нураныйлар турыўы керек. Ҳарам ҳәм ҳадалды жасларға бүгин биз үйретпесек, ертең кеш болатуғыны сөзсиз. Солай екен, ҳәммемиз биригип күш болып, Президентимиз әтирапында бирлесип ҳәрекет етсек, әлбетте, унамлы нәтийжеге ерисемиз.

Сол себепли, жәмийетимиз, өзлигимиз, миллий қәдириятларымызға жат бул иллетти мәҳәлле белсендилери, нураныйлар, зыялылар - бәршемиз бирлесип перзентлеримизге бақша, мектептен баслап сиңдиремиз ҳәм әлбетте, оны тамыры менен қурытамыз. Оған күшимиз де, шамамыз да жетеди.


Рустам КАЛОНОВ,

"Нураный" қорының

Ташкент қалалық бөлими баслығы, сенатор


Дәбдебеликке берилгенлерди тәртипке салыў ўақты келди


Бәринен бурын, коррупцияға қарсы гүресиўде ҳәр бир пуқара белсенди болыўы керек. Бунда, ең тийкарғысы, жас әўладтың усы иллетке қарсы пуқаралық позициясын қәлиплестириў зәрүр.

Коррупция жәмийетте әдалатсызлық, теңсизлик ҳәм халықтың наразылығын келтирип шығарады. Бул болса барлық тараўдағы реформалардың нәтийжесине унамсыз тәсир етеди. Қалаберди, айырым пуқаралардың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятының жетерли емеслиги, өз ҳуқықларын қорғай алмаўы жәмийетте әдиллик нормасының бузылыўына себеп болмақта.

Бул бағдардағы тарийхый мәжилистен зәрүр жуўмақлар шығардық. Президентимиз атап өткениндей, бүгин биз коррупция менен емес, оның ақыбетлери менен гүресип атырмыз. Негизинде оның алдын алыў менен шуғылланыўымыз керек.

Келешекке тийкарғы қәўиплерден бири бул - коррупция. Мәмлекетимиз басшысы мәжилисте жәмийеттеги коррупцияның тамыры дәбдебеликте екенин айтты. Әлбетте, буның алдын алыў ушын енди қатаң ислеў, зәрүр үгит-нәсият илажларын алып барыў, керек болса, бундай пуқаралардың мәселесин жасы үлкен ҳәм нураныйлардың қатнасыўында көрип шығыў, тәртипке шақырыў ўақты келди, деп ойлаймыз.

Мәҳәллелерде, миллий орайларымызда системалы түрде жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәптеликлерин өткерип келмектемиз. Елимиздеги тынышлық ҳәм турақлылықты қәдирлеў, кешеги күн менен бүгинги күнниң парқын жақсы түсиниў, мәҳәлледе, той-мерекеде артықша ысырапгершиликке жол қоймаў, ҳадаллық ҳәм шүкиршилик пенен өмир сүриўди түсиндириў бойынша "жол картасы"н дүзип алдық. Бул бағдарда жәмийетимизде топланған жақсы тәжирийбелерди кеңнен үгит-нәсиятлаймыз.

Серикбай ҮСЕНОВ,

Қазақ миллий мәденият орайының баслығы