Мәмлекетимиз басшысы парламентке ҳәм ўатанласларымызға жоллаған Мүрәжатында мәмлекетимиздиң раўажланыўына байланыслы үлкен мақсет ҳәм тийкарғы бағдарларды белгилеп берип, "Бундай уллы ўазыйпалар бизден елимизде тынышлық ҳәм турақлылықты, миллетлер ҳәм динлераралық дослық ҳәм татыўлықты және де беккемлеў, Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын арттырыўды талап етеди", деди.

Көтерилиў, раўажланыўдың ең бирлемши зәрүрлиги тынышлық. Тынышлық, парахатшылық жоқ жерде раўажланыў ҳаққында сөз болыўы да мүмкин емес. Буны ҳәзир дүньяның түрли мүйешлеринде даўам етип атырған өз-ара келиспеўшиликлер, қураллы соқлығысыўлар мысалында айқын көриў мүмкин. Усы мәнисте, 2017-2025-жыллар Өзбекстан Қураллы Күшлери ушын заман талапларына сай раўажланып, заманагөй армия көзқарасынан раўажланыўдың жаңа, тарийхый басқышына көтерилиў дәўири болғанын атап өтиў орынлы.

Усы жыллары әскерий тараўда кең көлемли модернизация әмелге асырылды: әскерлер заманагөй қурал-жарақ, жаўынгерлик техника, оқ-дәрилер, байланыс ҳәм бақлаў қураллары менен тәмийинленди. Әскерий авиацияда жаңа түрдеги вертолёт ҳәм самолётлар өзлестирилди, ҳаўа қорғаныў системасына заманагөй зенит-ракета комплекслери енгизилди. Полигонларда реал жаўынгерлик шараятқа жақын шынығыўлар, әскер түрлери арасында биргеликтеги операциялар, тактикалық ҳәм стратегиялық оқыўлар турақлы өткериле баслады.

Бүгинги Өзбекстан армиясының ҳәрекетлениў тезлиги, анықлығы, тәртиби ҳәм технологиялық потенциалы мине усы избе-из модернизация сиясатының тиккелей нәтийжеси болып есапланады. Жаңа техникалар, санлы басқарыў системалары, биргеликте ислесиўши әскер түрлери ҳәм маман әскерий кадрлар армияны регионымыздағы ең исенимли ҳәм жедел раўажланып атырған қорғаныў системаларынан бирине айландырды.

Халық - бирден-бир мақсет ҳәм идея әтирапында бирлескен үлкен күш. Әскердиң ең үлкен сүйениши де халқымыздың исеними ҳәм пәтиясы болып есапланады. Халық ҳәм армия бирлиги Өзбекстан қорғаныў системасының ең әҳмийетли өлшемлеринен бири. Бүгин әскерий хызметкерлер күнделикли хызмет процесинен баслап, дала оқыў шынығыўларына шекемги барлық басқышта әне усы принципке сүйенеди.

Соңғы жылларда әскерий бөлимлерде руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасы түп-тийкарынан жетилистирилди. Әскерий психологлардың жумысы кеңейтилди, бөлимлерде психологиялық турақлылықты беккемлеў бойынша әмелий шынығыўлар турақлы өткерилмекте. Сондай-ақ, әскерий хызметкерлер ушын ҳуқықый саўатлылық сабақлары, бөлим командирлери менен руўхый-ағартыўшылық сәўбетлер, жас әскерлер ушын бейимлесиў дәўири бойынша психологиялық тренинглер, шаңарақлық мәселелер бойынша психологиялық мәсләҳәтлер кеңнен жолға қойылды.

Мине усындай руўхый таяныш ҳәм руўхый турақлылық әскерий хызметкердиң жаўынгерлик таярлығы менен бир қатарда, армияның улыўма потенциалын арттыратуғын әҳмийетли фактор болып есапланады. Әскердиң қәлбиндеги Ўатанға муҳаббат, мойнындағы жуўапкершилик ҳәм садықлық оны ҳақыйқый қорғаныў күшине айландырады.

Ең әҳмийетлиси, Қураллы Күшлеримиз бүгин тек ғана елимиз тынышлығының таянышы емес, ал өзбек халқының ўатансүйиўшилиги, аўызбиршилиги ҳәм қүдиретиниң ҳақыйқый тымсалына айланды.

Мәмлекетимиз басшысы, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң сөзи менен айтқанда: "Бүгинги күнде глобал мәлимлеме мәканындағы қарама-қарсылық, инсан, әсиресе, жас әўладтың санасы ҳәм қәлби ушын гүрестиң күшейиўи шараятында әскерий-ўатансүйиўшилик тәрбиясының роли ҳәм әҳмийети артып бармақта.

Өз перзентлеринде жоқары ўатансүйиўшилик руўхын камалға келтире алмаған мәмлекет, қандай қүдиретли қуралға ийе болмасын, қорғаныў қәбилетин беккемлей алмайды".

Әскерий бағдардағы муғаллимлердиң тийкарғы ўазыйпасы да Ўатанды жанынан сүйетуғын, оның раўажланыўы ҳәм тынышлығы ушын елим, журтым деп жанып жасайтуғын мәрт уллар, өзбек ўатансүйгишлерин тәрбиялап, камалға келтириў болып табылады. Бул тәрбия, әлбетте, әдеп-икрамлылық, мийнет, естетикалық, сиясий ҳәм физикалық түрлер менен үзликсиз байланыста алып барылыўы керек. Тәрбия түрлери арасында әскерий-ўатансүйиўшилик әҳмийетли орынды ийелейди.

Өткен жылларда миллий армиямызды реформалаў, Қураллы Күшлердиң шөлкемлестириўшилик структурасы ҳәм дислокация системасын жетилистириў, әскерлерди заманагөй қурал-жарақ ҳәм техникалар менен тәмийинлеў, әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик таярлығы ҳәм таярлығы, кәсиплик шеберлигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Өткен дәўирде бөлимшелердиң техникалық ҳәм резерв тәмийнаты системасы түп-тийкарынан қайта көрип шығылды, аутсорсинг хызметлери ҳәм әскерий кластерлер системасы жолға қойылды. Қорғаныў санааты комплекси кәрханалары жедел раўажландырылмақта, айырым қурал-жарақ ҳәм техника түрлерин ислеп шығарыў және модернизациялаўды локализациялаў процеси басланды. Жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында таярлаўға айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, "Мәртлик мектеплери"ндеги оқыў жыйынларына 5000 нан аслам жас тартылды.

Әскерий хызметкерлер ҳәм шаңарақ ағзаларының социаллық қорғалыўы күшейтилди. Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде әскерлердиң жаўынгерлик таярлығының нәтийжелилиги, әскерий хызметкерлердиң профессионаллығы, жаўынгерлик руўхы ҳәм психологиялық таярлығы сезилерли дәрежеде артты. Әскерий жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысында әскерий кадрларды алдынғы технологиялар тийкарында таярлаў бойынша жаңа система енгизилди.

Буннан тысқары, әскерий тараўды санластырыўға айрықша итибар қаратылды. Әскерлерди басқарыўдың заманагөй автоматластырылған системасы басқышпа-басқыш енгизилмекте.

Дүньядағы қурамалы глобал процесслерди есапқа алған ҳалда Қураллы Күшлердиң қүдиретин, мәмлекеттиң қорғаныў қәбилети ҳәм әскерий потенциалын буннан былай да арттырыў мақсетинде бир қатар тийкарғы ўазыйпалар белгиленген. Атап айтқанда, Қураллы Күшлердиң санлы потенциалын арттырыў ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў, әскерий хызметкерлердиң заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланыў бағдарындағы билим ҳәм көнликпесин арттырыў, әскерлердиң жаўынгерлик руўхы ҳәм потенциалын жоқарылатыў, жоқары маманлықтағы әскерий кадрларды таярлаў системасын турақлы түрде жетилистирип барыў, оқыў процесине әскерий таярлықтың заманагөй усылларын кеңнен енгизиў солардың қатарына киреди.

Булардың ҳәр бири айрықша әҳмийетке ийе. Мәселен, шақырыўға шекемги басланғыш таярлық шынығыўлары, әскерий ўатансүйиўшилик ҳәм ғалабалық қорғаныў илажларында оқыўшы-жаслар Қураллы Күшлеримиз қатарларындағы болажақ хызмети ҳәм Ўатанымызды қорғаў ушын зәрүр билим, көнликпе ҳәм тәжирийбени иелейди. Олар бул шынығыўлар ҳәм илажларда әскерий жумыс ҳәм хызмет тийкарларына байланыслы дәслепки мағлыўматларды алады. Қураллы Күшлеримиздиң тарийхы, бүгинги жумысы ҳәм потенциалы, әскерлердиң түрлери, олардың ўазыйпалары, хызмет етиў тәртибине байланыслы зәрүр билимлерди өзлестиреди.

Бүгинги күнде әскерий тараўдағы реформалар шеңберинде әскерий билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў және заман талапларына сай жоқары әскерий билимлендириў мәкемелериниң жумысын жолға қойыў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Елимизде сәркардалық ҳәм техникалық кадрлар таярлайтуғын, бир неше оқыў мәкемелерин бирлестирген көп басқышлы әскерий билимлендириў системасы жолға қойылған. Соның ишинде, Жәмийетлик қәўипсизлик университетиниң шөлкемлестирилиўи есабынан усы тараўда маман офицер кадрлар таярланып атырғаны пикиримизди тастыйықлайды.

Тәлим-тәрбия мәселеси ҳәр бир мәмлекет ушын әҳмийетли ўазыйпа. Раўажланған мәмлекетлердиң тарийхый тәжирийбеси жәмийет турмысын өзгертиўге қаратылған ҳәр бир реформа әйне билимлендириў системасынан басланғанын көрсетеди. Әскерий ўатансүйиўшилик тәрбиясының тийкары болса әскерий билимлендириў мәкемелеринде қойылады.

Бизиң тийкарғы ўазыйпамыз жасларды мине усы процесске тартыў, олардың санасына Өзбекстан келешеги әйне жаслардың қолында екенин сиңдириў, күнделикли шынығыўлар, ҳәр қыйлы илажлар даўамында оларда ўатансүйиўшилик, миллет сүйиўшилик сезимлерин және де беккемлеў болып табылады.

Ш.ХАТАМОВ,

Жәмийетлик қәўипсизлик университети доценти, полковник