Ўатанды қорғаў исенимли қолларда

    2 желтоқсан 2024 16

    Мәмлекет шегаралары ҳәр бир мәмлекеттиң суверенитетин белгилейтуғын әҳмийетли факторлардан бири. Шегара беккем болмаса, елдиң парахатшылығы, пуқаралардың тынышлығы қәўип астында қалады. Соның ушын, шегаралардың қол қатылмаслығын тәмийинлеў ҳәр бир суверен мәмлекет алдында турған тийкарғы ўазыйпа болып табылады.

    Оның ушын қәлбинде ўатанга садықлық туйғысы жоқары қәлиплескен, руўхый ҳәм физикалық жақтан бәркамал әўладты тәрбиялаў менен бирге мәмлекеттиң қорғаныў имканиятын арттырыў, армия қатарларын потенциаллы кадрлар менен толықтырыў ҳәм қураллы күшлер системасын заман менен тең пәтте раўажландырыў айрықша әҳмийетке ийе.

    Буннан бир неше жыл бурын бул тараўда жумысларымыз бираз төмен еди. Қалаберсе, әскерий тараўдың материаллық-техникалық базасы да заман талабына жуўап бермейтуғын еди. 2016-жылдан баслап миллий армиямызды реформалаў, Қураллы Күшлердиң шөлкемлестириў структурасын жетилистириў, әскерлерди заманагөй қурал-жарақ ҳәм техника менен тәмийинлеў, әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик таярлығы, кәсиплик шеберлигин арттырыўға итибар күшейди. Өткен дәўирде бөлимлерди техникалық ҳәм резерв тәмийнаты системасы түп-тийкарынан қайта көрип шығылды, аутсорсинг хызметлери ҳәм әскерий кластерлер системасы енгизилди. Қорғаныў санааты комплекси кәрханалары жедел раўажландырылмақта, айырым түрдеги қурал-жарақ ҳәм техника түрлерин ислеп шығарыў ҳәм модернизациялаўды локализациялаў басланды.

    "Халық ҳәм армия - бир тән - бир жан" деген ийгиликли идея тийкарында бул бағдардағы реформалар нәтийжесинде миллий армиямызда терең сапа өзгерислери жүз бермекте. Оның қатарларында хызмет етиў шын мәнисинде мақтаныш болып бармақта. Жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында таярлаў бағдарындағы жумыслар да жанланды. Бул бағдарда мәҳәллелерде көплеген илажлар шөлкемлестирилмекте. "Мәртлик мектеплери"ндеги оқыў жыйынларына 5 мыңнан аслам жаслар тартылды. Әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының социаллық қорғалыўы күшейтилди. Әскерий жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысында әскерий кадрларды алдынғы технологиялар тийкарында таярлаў бойынша жаңа система енгизилди.

    Буннан тысқары, әскерий тараўды санластырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Әскерлерди басқарыўдың заманагөй автоматластырылған системасы басқышпа-басқыш енгизилмекте. Байланыс системалары жетилистирилмекте. Нәтийжеде әскерлердиң жаўынгерлик таярлық нәтийжелилиги, әскерий хызметкерлердиң профессионаллығы, жаўынгерлик руўхы ҳәм психологиялық таярлығы сезилерли дәрежеде артты. Бүгинги қәўипли дәўирде бул нәтийжелер менен қанаатланып, арқайыншылыққа берилиўге болмайды. Себеби, дүнья тыныш емес, мәмлекетлераралық урыслар, келиспеўшиликлер инсанияттың тыныш турмысына қәўип салмақта.

    Президентимиз Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Бас министрдиң талабанлығын көрип шығыўға бағышланған мәжилисинде бул мәселеге тоқтап, усындай қыйын дәўирде мәмлекетимиз ғәрезсизлигин ҳәм суверенитетин, халқымыздың тыныш ҳәм еркин турмысын ең бийбаҳа байлық сыпатында қәстерлеп сақлаў ҳәм қорғаў әҳмийетли ўазыйпамыз болып қалатуғынын атап өтти. Мәмлекетимиз қәўипсизлиги, елимиздиң қорғаныўы тек ғана Қураллы Күшлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының емес, ал Өзбекстанды өзи ушын ана ўатан деп билетуғын, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, ҳәммениң муқаддес миннети екенин атап өтти. Буның ушын бирден-бир ўатан, көп миллетли бирден-бир татыў шаңарақ сезими ҳәр биримиздиң кеўлимиз, жүрегимизде терең орын ийелеўи керек.

    Дүньяда ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлер ҳәўиж алып атырған ҳәзирги шараятта мәмлекетти қорғаў, бәринен бурын, өзин усы елдиң перзенти деп билетуғын ҳәр бир инсанның мақтанышлы миннети болып табылады. Елимиз билимлендириў системасы ҳәм руўхый-ағартыўшылық тараўындағы реформаларда бул мәселелерге айрықша итибар қаратылмақта. Жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў және Қураллы Күшлер системасындағы руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўда билимли, халқына, Ўатанына садық жасларды тәрбиялаў бойынша кең көлемли жумыслар исленбекте.

    Заманагөй пикирлейтуғын, мәмлекетимиздиң мәпи ҳәм суверенитетин пидәкерлик пенен қорғаўға таяр, физикалық жақтан саламат, руўхый жетик әўладты тәрбиялаў мақсетинде "Темурбеклер мектеби" әскерий академиялық лицейлери ашылды. Бул билимлендириў дәргайларында болажақ әскерий хызметкерлер жаслайынан таңлап алынып, руўхый-әдеп-икрамлылық ҳәм әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында, физикалық жақтан бәркамал етип тәрбияланбақта. Оқыўшыларға тәбийий ҳәм анық пәнлер, шет тиллери менен заманагөй мәлимлеме технологиялары бойынша пуқта билим берилмекте. Әскерий жумыстағы басланғыш билимлер оқытылмақта. Дүнья талаплары тийкарында билим алыў имканияты жаратылмақта.

    Бул процесс елимизде миллий профессионал армияны қәлиплестириў ушын қойылған әҳмийетли қәдемлерден бири. Себеби, дүньяның ҳәр қандай заманагөй қурал-жарақ ҳәм техникасы интеллектуаллық потенциалға ийе, билимли ҳәм руўхый жақтан бәркамал кадрлар тәрепинен басқарылады. Соның ушын, бүгин мәмлекетимиз қорғаныў системасында кадрлар миллий резерви профессионал қәнигелер менен толтырылмақта.

    Президентимиздиң тийисли қарарына муўапық, жоқары әскерий билимлендириў системасында да бир қатар реформалар әмелге асырылды. Соның ишинде, Ташкент жоқары улыўма әскерий сәркардалық билимлендириў оқыў орны тийкарында сырт елдиң алдынғы технологиялары ҳәм заманагөй оқыў қуралларын өзинде жәмлеген Қураллы Күшлер академиясы, сондай-ақ, Қураллы Күшлер әскерий медицина академиясы және Жәмийетлик қәўипсизлик университети шөлкемлестирилди.

    Дәслепки әскерий билимди ийелеген жаслар усы әскерий жоқары билимлендириў мәкемелери, сондай-ақ, Шыршық жоқары танк сәркардалық-инженерлик билим бериў орны, Жоқары әскерий авиация билим бериў орны, Қорғаныў министрлигиниң Мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм байланыс әскерий институтында профессионал билим ҳәм көнликпелерди ийелемекте. Мийнет жолы даўамында болса раўажланған мәмлекетлерде тәжирийбе арттырып, ең соңғы әскерий мәлимлеме технологиялары ҳәм қурал-жарақлардан әмелиятта кеңнен пайдаланбақта. Ҳақыйқый әскерий турмысқа бейимлесип, журты ҳәм халқына садықлық пенен хызмет етпекте.

    Миллий армиямыздың шөлкемлестириў структураларының жетилистирилиўи нәтийжесинде әскерлердиң жаўынгерлик таярлығы, әскерий қүдирети ҳәм потенциалы және де арттырылды. Әскерлеримиз халықаралық әскерий оқыў шынығыўлары, армия ҳәм спорт жарысларында жоқары орынларды ийелемекте.

    Ҳәзирги ўақытта елимизде бул тараўдағы жумыслар избе-из даўам етпекте. "Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде елимиздиң қәўипсизлигин ҳәм аймақлық пүтинлигин, жәмийетимизде тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеў, елимиздиң қорғаныў қәбилетин және де беккемлеў ҳәм Қураллы Күшлеримизди раўажландырыў мақсетинде избе-из жумыслар орынланбақта.

    Бул бағдарда Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети тәрепинен исленип атырған жумыслар да тараўдың раўажланыўында өз орнын ийелемекте. Атап айтқанда, Сенат исши топары ағзалары қорғаныў системасында нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды үйренип бармақта.

    Бундай өзгерислер себепли миллий армиямыз ҳәр қандай қәўип-қәтерге мүнәсип соққы бере алатуғын қүдиретке, ел-журт таянышы ҳәм сүйенишине, жаслар ҳәм әскерий хызметкерлерди ўатансүйиўшилик ҳәм садықлық руўхында тәрбиялайтуғын әҳмийетли институтқа айланбақта.

    Қутбиддин БУРХОНОВ,

    Олий Мажлис Сенатының Қорғаныў ҳәм

    қәўипсизлик мәселелери комитети баслығы