Бухарада инвестицияларды көбейтиў, кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықты азайтыў тийкарғы ўазыйпа болады

    Президент Шавкат Мирзиёев 29-ноябрь күни Бухара ўәлаятында қосымша имканиятларды жүзеге шығарыў, инвестиция ҳәм жумыс орынларын көбейтиў илажлары бойынша мәжилис өткерди.

    Бурын бул аймақ экономикасы тийкарынан аўыл хожалығына байланыслы болып қалған еди. Кейинги жети жылда ўәлаятқа 4 миллиард доллардан аслам инвестициялар тартылып, энергетика, электротехника, химия, фармацевтика, тоқымашылық ҳәм былғары санааты сыяқлы көплеген тармақлар раўажланды. Усы жылдың өткен дәўиринде Бухараға 1,5 миллион сырт елли турист келди.

    Мәмлекетимиз басшысының 31-май - 1-июнь күнлериндги әмелий сапары аймақтың раўажланыўына қосымша түртки болды. Онда белгиленген ўазыйпалар жылдың ақырына шекем толық әмелге асырылады.

    Енди келеси 2025-жылы экономикалық көрсеткишлерди және де арттырып, халықтың бәнтлиги ҳәм абаданлығын тәмийинлеў зәрүр. Усы мақсетте жумысшы топар тәрепинен ўәлаяттағы қосымша имканиятлар, исбилерменликтиң раўажланыўына кесент берип атырған факторлар үйренилген.

    Сын көзқарастан өткен мәжилисте ўәлаяттың экономикалық көрсеткишлери бар потенциалға сәйкес келмейтуғыны айтылды. Инвестицияларды өзлестириў, кәмбағаллықты ҳәм жумыссызлықты азайтыў бағдарындағы жумыслардың қанаатландырарсыз екени көрсетип өтилди.

    Соның ушын ҳәкимлер, олардың орынбасарлары ҳәм сектор басшылары 6 ай айрықша жумыс тәртибине өтеди. Барлық итибар усы үш бағдарды жақсылаўға қаратылады. Атап айтқанда, Сайхунабад, Уйчи, Зарбдор ҳәм Ғиждувон тәжирийбелери тийкарында 70 драйвер жойбарын әмелге асырып, 150 мың адамды дәраматлы етиў, 40 мың адамды кәмбағаллықтан шығарыўы керек.

    Атап өтилгениндей, ўәлаяттың ҳәр бир аймағын санааттың белгили тармағына, мәселен, Пешку ҳәм Шафиркан районларын қурылыс материаллары ҳәм тоқымашылыққа, Когон қаласы, Олат ҳәм Жондар азық-аўқат, Ғиждуван ҳәм Ромитанды химия санаатына қәнигелестириў керек. Бул исбилерменлердиң 150 миллион долларлық жойбарларына жол ашады. Буның нәтийжесинде 411 киши кәрхана, 12 мың жумыс орны пайда болады.

    Вобкент, Қаракөл, Жандар ҳәм Олатта 320 миллион долларлық 4 тоқымашылық кәрханасын қурыў жойбарлары бар. Нәтийжеде таяр трикотаж ҳәм тоқымашылық өнимлериниң көлеми 2 есеге артады, 5 мың жумыс орны жаратылады.

    Келеси жылы Бухарада сырт елли туристлердиң саны 2,2 миллионға, туризм экспорты 600 миллион долларға жетиўи күтилмекте. 69 жаңа мийманхана, 2 мың өнерментшилик орны ҳәм дүканларының қурылыўы оған үлкен үлес қосады.

    Қосымша 20 мың гектар жер майданларын өзлестириў мөлшерленген. Оның есабынан қосымша 100 мың тонна аўыл хожалығы өнимлери жетистириледи ҳәм 2 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленеди. Қыйтақ жерлер, атыз шетлери ҳәм каналлар әтирапындағы бос жерлерде де қосымша терек ҳәм азық-аўқат өнимлери егиледи.

    Және бир имканият - жайлаўлар. Бухара ўәлаятында 2 миллион гектардан аслам сондай жерлер бар. Күни кеше мийўе-овош жетистириўди раўажландырыў бойынша өткерилген мәжилиске бола, ҳәзирги ўақытта пайдаланылмай атырған жайлаўларда писте жетистириў режелестирилмекте.

    Мәжилисте Бухара ўәлаяты ҳәкими усындай имканиятларды иске қосыў бойынша режелерин таныстырды. Улыўма, келеси жылы 2 миллиард долларлық сырт ел инвестициясы есабынан 106 жойбарды әмелге асырыў мөлшерленгени айтылды. Оларда 105 мың турақлы жумыс орны жаратылады, 350 миллион доллар экспорт болады.

    Мәмлекетимиз басшысы бул режелер ўәлаят ушын жетерли емеслигин атап өтип, ҳәрекет ҳәм нәтийжелерди арттырыў бойынша көрсетпелер берди. Усынысларды және бир мәрте көрип шығып, қарар жойбарын киргизиўди тапсырылды.



    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates