Клуб ағзаларының саны жылдан-жылға көбейип, олардың ушырасыўлары (бул тоғызыншысы) барған сайын белсенди ҳәм нәтийжели өтпекте. Оларды Япония ҳәм өзлестирилген халықаралық тәжирийбениң ең жақсыларын жанажан Өзбекстанымыздың раўажланыўына алып кириў тилеги бирлестирди.
- Өзбекстан Японияның әҳмийетли стратегиялық шериги болғаны себепли сизлердиң Японияда арттырған тәжирийбеңиз Өзбекстанның экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўына хызмет ететуғынына шын жүректен үмит етемен, - деди ушырасыў қатнасыўшыларын қутлықлап, Японияның Өзбекстан Республикасындағы елшиси Хирата Кэнжи.
Күншығыс мәмлекети ғәрезсизликке ерискеннен кейин билимлендириў тараўында Өзбекстан менен биринши болып бирге ислесиўди жолға қойғанын атап өтти. 1996-жылдан берли Япония МЕХТ стипендия бағдарламасын әмелге асырмақта, оның нәтийжесинде 556 өзбекстанлы жас студент Японияда билим алыў имканиятына ие болды. Өзбекстанның раўажланыўын қоллап-қуўатлаў шеңберинде Япония 1999-жылдан берли JICA ҳәм JICE ўәкилханалары арқалы JDS стипендиялық бағдарламасын әмелге асырмақта, оның шеңберинде 360 қа шамалас өзбекстанлы Японияда билим алыў имканиятына ийе болды. Бул бағдарламалар, сондай-ақ, JASSO стипендиялары ҳәм басқа да алмасыў басламалары нәтийжесинде 1000 нан аслам өзбекстанлы жаслар усы мәмлекетте билимлендириўди даўам еттирди.
Японияда алған билим ҳәм көнликпелер питкериўшилердиң кәсиплик раўажланыўына үлкен үлес қосты. Олардың көпшилиги жәмийеттиң ҳәр қыйлы әҳмийетли тараўларында әҳмийетли рол атқарады, айырымлары жоқары лаўазымларда, соның ишинде, министрлик лаўазымларында ислейди.
Хирата Кэндзи Япония ҳәм Өзбекстанды байланыстырып турған нәрселер ҳаққында сөз етип, еки мәмлекет халықлары өзиниң көп әсирлик тарийхын оғада қәдирлейтуғынын атап өтти. Регион мәмлекетлери менен дослық қатнасықларын орнатыўға умтылыў да улыўмалық болып есапланады, буны кейинги жылларда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығындағы Жаңа Өзбекстан мысалы көрсетпекте. Өз гезегинде, Япония санаатты раўажландырыў бойынша үлкен унамлы тәжирийбеге ийе болып, оны Өзбекстан ҳәм Азиядағы басқа да мәмлекетлер менен бөлисиўге бәрқулла таяр.
Клубтағы ҳәр бир ушырасыў Японияға сапар етиў ҳаққындағы гезектеги презентация болып есапланады. Бул рет U-ENTER инновациялық орайының директоры Олег Рыжиченко шығып сөйледи. Усы жылдың сентябрь айында Орай резидентлери ҳәм хызметкерлеринен ибарат делегация "Осака Экспо - 2025" пүткил жер жүзилик көргизбеси менен танысты.
Олег 2011-жылдан 2013-жылға шекем Токиодағы Васэда университетинде оқығанына қарамастан, сентябрь айында Японияға сапары оған көплеген ашылыўлар ҳәм жаңа тәсирлер алып келгенин атап өтти.
"Бул мениң Японияда екинши мәрте болыўым еди ҳәм ол жерде еки жыл жасасам да, павилонларға барып, японлар менен сәўбетлесип, көп нәрселерге ҳайран қалыўымды тоқтатпадым. Көргизбеге барған күни биз бенен бирге 250 мыңнан аслам адам келди. Соның менен бирге, ол жерге метрода жай-парахат жетип бардық ҳәм ҳеш қандай машқаласыз қайттық. Көргизбениң өзи жүдә үлкен, мен қашанлардур қатнасқан ең үлкен илаж болды. "Осака Экспо" - бул 160 тан аслам миллий павилонлар, соның ишинде, Өзбекстанды сәўлелендиретуғын павилонлар жайласқан пүткил бир қала", - деп атап өтти О.Рыжиченко.
Өзбекстан павилоны көплеген категория ҳәм номинациялар бойынша ең табыслы павилонлардан бири сыпатында тән алынғаны, оған кириў ушын делегация ағзалары кеминде бир саат нәўбетте турыўға мәжбүр болғанын атап өтти.
"Сапар япон мәденияты, асханасы, архитектурасы, урбанистикасы, тарийхы - ҳайран қалдыратуғын ҳәм таң қалдыратуғын мәмлекет - Япония менен байланыслы барлық нәрселерге және бир мәрте қатнасыў ушын әжайып имканият болды", - деди U-ENTER басшысы.
Васэда университетиниң және бир питкериўшиси - Нодирбек Ярашев. 2011-2014-жыллары Токиодағы бул белгили жоқары оқыў орнында магистратурада оқыған, ҳәзирги күнде адвокат сыпатында Япония бизнесиниң Өзбекстандағы жумысына жәрдем берип келмекте. Соның менен бирге, ол оқыў жылларында Күншығыс елинде жумыс ислеп, юридикалық әмелиятты өзлестирген еди. Алынған билим ҳәм көнликпелер бүгинги күнде Өзбекстанда IТ тараўы, инфраструктура ҳәм басқа да тараўларда Япония инновацияларын енгизиўге жәрдем бермекте.
"Япония компанияларына Өзбекстан нызамшылығын өзлестириўге жәрдем берип, мен ҳәм кәсиплеслерим япон инвесторлары, компанияларының елимизге қызығыўшылығы артып атырғанын қанаатланыўшылық пенен көрип атырмыз. 2016-жылы Өзбекстанда Япония капиталының қатнасыўындағы 50 ге шамалас компания болған болса, бүгинги күнде олардың саны 100 ден асты", - деп атап өтеди Питкериўшилер клубының ағзасы.
Нодирбек Ярашевтиң пикиринше, Япония билимлендириўиниң күшли тәреплеринен бири студентлердиң өзин-өзи оқытыўға болған күшли мотивациясы болып есапланады. Бунда зәрүр пәнлерди өз бетинше таңлаў ҳәм оларды өзлестириў жуўапкершилиги де бар. Бир сөз бенен айтқанда, өз кәсиплик шеберлиги ҳәм маманлығын арттырыўға турақлы умтылыў.
Ўақыт көрсетип атырғанындай, ҳәзирги ўақытта Япония жоқары оқыў орынларының питкериўшилери Күншығыс елинде алған билим ҳәм көнликпелерин жанажан Өзбекстанның раўажланыўы жолында табыслы әмелиятқа енгизбекте. Ал, питкериўшилер клубындағы жыллық ушырасыўлар, тәжирийбе ҳәм режелер алмасыў, өз кәсиплик жолында және де көбирек жетискенликлерге ерисиў ушын жақсы мотивация болады.
Қосымша етип айтқанда, 2014-жылдың июль айында шөлкемлестирилген Япония университетлери питкериўшилери клубы (UJUAC) бүгинги күнде 400 ге шамалас ағзаға ийе.











