Ушырасыўда Япония халықаралық бирге ислесиў банки (JBIC) басқарыўшысы Нобумицу Хаяси ҳәм Япония
халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA) үлкен
вице-президенти Масао Яхара да қатнасты.
Сөйлесиў алдында жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз
басшысына Япония Бас министри Санаэ Такаичтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин
жеткерди.
Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл декабрь айында Японияға
сапары еки тәреплеме қатнасықларда жаңа дәўирди баслап бергени атап өтилди.
Ушырасыўда экономикалық бирге ислесиўдиң унамлы пәти атап
өтилди. Товар алмасыў көлеми артпақта, Японияның жетекши компанияларының
қатнасыўында ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Президенти мәмлекетимиздиң финанс системасын
модернизациялаў, соның ишинде, ғазна тараўына жасалма интеллектти енгизиў,
қаржыны санлы трансформациялаў ҳәм бул бағдарда жоқары маманлықтағы қәнигелерди
таярлаўға қаратылған бир қатар перспективалы басламаларды алға қойды.
Қайта тиклениўши энергетика, медицина, мәлимлеме технологиялары,
транспорт ҳәм аўыл хожалығы тараўларында социаллық әҳмийетке ийе жойбарларды
әмелге асырыўды жеделлестириўге келисип алынды.