Сөйлесиўде мәмлекетлик аудит тараўында еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, аудитке заманагөй қатнасларды енгизиў ҳәм басқарыўдың мәлимлемеге бағдарланған әмелиятын раўажландырыў мәселелери додаланды.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Есап палатасы ҳәм Латвия Аудит жоқары уйымы арасында қол қойылған бирге ислесиў ҳаққындағы келисим әмелий нәтийжелер берип атырғаны, соның ишинде, биргеликте оқыў семинарларын өткериў ҳәм тәжирийбе алмасыў жеделлескени атап өтилди.
Сондай-ақ, Латвияның Жоқары аудит уйымы ҳәм Өзбекстан Республикасы Есап палатасы парламент пенен тығыз бирге ислесип, турақлы түрде есабатлар берип барып атырғаны, тараўға байланыслы комитетлердиң мәжилислеринде қатнасып атырғаны атап өтилди.
Эдгарс Кочагинс Латвиядағы заманагөй аудит әмелияты ҳаққында мағлыўмат берип, мәмлекетте нәтийжелилик ҳәм муўапықлық аудитине айрықша итибар қаратылып атырғаны, турақлы басқарыў системасы себепли финанслық аудитке талап азайғанын атап өтти. Сондай-ақ, мәмлекетлик аудит системасында жеке меншик аудиторлар ҳәм ишки аудит хызметлериниң қатнасыўы айрықша атап өтилди.
Латвияда бюджет процесинде мәмлекетлик аудит усынысларынан пайдаланыў тәжирийбеси келтирилген. Атап айтқанда, ҳәр жылы бюджет дәраматларын көбейтиў ямаса қәрежетлерди қысқартыўға хызмет ететуғын усыныслар бойынша арнаўлы мәлимлеме таярланып, ҳүкимет ҳәм парламент тәрепинен қарарлар қабыл етиўде қолланылатуғыны атап өтилди.
Латвия тәрепи Өзбекстанда стратегиялық басқарыў, мониторинг ҳәм баҳалаў системаларын жетилистириў бойынша әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалады. Data-based governance принциплерине өтиў мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин арттырыў жолындағы әҳмийетли қәдем екени атап өтилди.
Ушырасыўда мәмлекетлик бағдарламалардың нәтийжелерин таллаў ҳәм мәлимлеме системаларын интеграциялаў тараўындағы бирге ислесиў перспективалары да додаланды.
Ушырасыў жуўмағында нәтийжелилик аудити, рисклерди баҳалаў ҳәм ишки аудиторлар менен бирге ислесиў әмелияты бойынша тәжирийбе алмасыўға келисип алынды.