Жавад Никбин кейинги жылларда Өзбекстандағы унамлы өзгерислер ҳәм кең көлемли реформалар, сондай-ақ, Президентимиздиң халықаралық майдандағы дана сиясаты себепли регионда дослық орталығы раўажланып атырғанын айрықша атап өтти.
Тәреплер, сондай-ақ, кейинги жылларда еки мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлери тийкарында Өзбекстан ҳәм Иран арасындағы көп қырлы бирге ислесиў жедел раўажланып, жаңа басқышқа көтерилгенин атап өтти.
Парламентлераралық бирге ислесиўди және де жеделлестириў ҳәм еки мәмлекет арасындағы парламентлераралық байланысларды беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Кейинги жылларда парламентлераралық байланыслар жеделлескени - парламентлер басшыларының турақлы сөйлесиўлери ҳәм өз-ара сапарлары еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеўге хызмет етип атырғаны атап өтилди.
Ушырасыўда қәўипсизлик, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт ҳәм туризм тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, мәмлекет басшылары ҳәм ҳүкиметлер арасында ерисилген келисимлердиң орынланыўы үстинен қатаң парламентлик қадағалаўды орнатыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Соның менен бирге, Иран менен медицина ҳәм нанотехнологиялар тараўында тәжирийбе алмасыў, Өзбекстанның теңизге шығыўында Иран портларынан пайдаланыў имканиятлары бойынша пикир алысылды.
Өзбекстан ҳәм Иран аймақлары арасында мәдений-гуманитарлық, экономикалық ҳәм социаллық бағдарлардағы байланысларды жолға қойыў мәселелери де додаланды.
Ушырасыў жуўмағында перспективалы реже ҳәм жойбарларды әмелге асырыў бойынша бирге ислесиўди және де беккемлеўге келисип алынды.









