Кейинги жылларда мәмлекетимизде тәбиятты қорғаў, атмосфера ҳаўасының сапасын жақсылаў, жасыл аймақларды көбейтиў, климат өзгерислерине бейимлесиў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бирақ, әмелдеги басқарыў системасы тарқалған: жуўапкершилик ҳәм ўәкилликлер түрли уйымлар арасында бөлистирилген, бул болса өткерилип атырған илажлардың нәтийжелилигин төменлетпекте.

Сонлықтан мәжилисте тараўды басқарыўды жетилистириў бойынша усыныслар көрип шығылды.

Қалаларда қоршаған орталық ҳәм атмосфера ҳаўасының жағдайын жақсылаў, жасыл аймақларды кеңейтиў, экологиялық мәдениятты раўажландырыў ҳәм тәбийғый мийрасты сақлаў бойынша экологиялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм қаржыландырыўды бирден-бир басқарыў системасына бирлестириў усынысы билдирилди. Ресурслардан мақсетли ҳәм ашық-айдын пайдаланыўды тәмийинлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Экологиялық қадағалаўды күшейтиў, тараўға қәнигелескен структуралардың ўәкилликлерин кеңейтиў режелери таныстырылды. Ҳуқықбузарлықларға оператив мүнәсибет билдириў, тереклердиң нызамсыз кесилиўи, ҳаўаның патасланыўының алдын алыў, экологиялық қадағалаўда жәмийеттшиликтиң қатнасын кеңейтиў механизмлери, сондай-ақ, санаатта экологиялық тәртипке салыўды жетилистириў ҳәм елатлы пунктлерде жасыл аймақлардың сақланыўын тәмийинлеў илажлары көрип шығылды.

Президентимиз билдирилген усынысларды мақуллап, басқарыўдың сапасы ҳәм нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, тараўда қадағалаў ҳәм жуўапкершиликти күшейтиў бойынша жетилистириў бойынша тапсырмалар берди.