Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тийисли буйрығына бола, ҳәзирги ўақытта медициналық жәрдемниң кепилленген бөлими дизимине шаңарақлық шыпакер пунктлери, шаңарақлық поликлиникалар, көп тармақлы орайлық поликлиникалардағы 28 диагностикалық тексериў, 22 лабораториялық анализ, 138 түрдеги дәри қураллары, 57 медициналық буйымлар, ең көп ушырасатуғын 110 диагноз, сондай-ақ, район (қала) лық орайлық емлеўханаларында 28 диагностикалық тексериў, 46 лабораториялық анализ, 235 түрдеги дәри қураллары, 76 медициналық буйымлар, 27 оператив емлеў және ең көп ушырасатуғын 257 диагноз киргизилген болып, мәмлекет есабынан бийпул бериледи.
Сондай-ақ, жаңа нызам жойбары менен "Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы нызамына басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелеринде халыққа бийпул көрсетилетуғын медициналық жәрдемниң кепилленген бөлиминен тысқары қосымша хызмет есапланатуғын медициналық жәрдем түрлерин белгилеўди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымша киргизилмекте.
Яғный бул арқалы басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелеринде халыққа мәмлекет тәрепинен кепилленген бийпул медициналық жәрдем пакетине кирмейтуғын қосымша хызметлерди тәртипке салыў нәзерде тутылған.
Бул нызам жойбарына бола, кепилленген бөлимге киргизилген медициналық хызметлерди мәмлекет есабынан ямаса бийпул алыў ушын наўқас белгиленген мүддетлерде басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелеринде тийисли медициналық тексериўлерден өтиўи, шаңарақлық шыпакер ямаса медицина бригадасына мүрәжат етиўи талап етиледи. Буған қыстаўлы ҳәм тез медициналық жәрдем көрсетиў кирмейди.
Наўқастың тар тараў қәнигесине барып емлениўи ушын шаңарақлық шыпакер тәрепинен жоллама берилгеннен соң кепилленген көлем шеңберинде медициналық хызметлер бийпул көрсетиледи.
Онда шаңарақлық шыпакер емлеў ҳәм диагностика стандартларына муўапық тар тараў шыпакерлерине, зәрүр жағдайларда емлеўханаларға электрон жоллама береди ҳәм наўқас усы жоллама тийкарында тар тараў шыпакери тәрепинен көриктен өткериледи ҳәм (ямаса) оның усынысына бола, емлеўханаға жатқарылады. Усы тәртипке әмел етилмеген жағдайларда медициналық хызметлер төлемли тийкарда көрсетиледи.
Соның менен бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелеринде кепилленген медициналық жәрдем көлеминен артықша медициналық ҳәм басқа да хызметлерди көрсетиў қосымша хызметлер болып, төлемли тийкарда әмелге асырылады.
Онда шаңарақлық шыпакер ямаса медицина бригадасының жолламасы болмай мүрәжат еткен пуқараларға көрсетилетуғын медициналық жәрдем қосымша хызмет есапланатуғыны (буған қыстаўлы ҳәм тез медициналық жәрдем көрсетиў кирмейди) белгиленбекте.
Бир сөз бенен айтқанда, нызамшылыққа киргизилип атырған бул жаңалық мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлериниң нәтийжелилигин арттырыў, басланғыш медицина мәкемелеринде шаңарақлық шыпакерлер ямаса медицина бригадалары тәрепинен халыққа медициналық жәрдемниң кепилленген бөлимине киретуғын хызметлердиң бийпул ҳәм сапалы көрсетилиўине зәрүр шараятлар жаратады.









