Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплери, сондай-ақ, жәмийетлик-сиясий ҳәм саўда-экономикалық тараўлардағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды. Өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған биргеликтеги басламаларды ислеп шығыўға айрықша итибар қаратылды.
Тәреплер илимий бирге ислесиўдиң, әсиресе, билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетин атап өтти. Ислам тарийхы ҳәм мәдений мийрасын үйрениўге арналған биргеликтеги изертлеў жойбарларын әмелге асырыў имканиятлары көрип шығылды.
Парламентлераралық байланысларды беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Еки мәмлекет парламентлери арасындағы өз-ара бирге ислесиўдиң нәтийжели платформасын жаратыў ушын дослық топарлары жумысын жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер еки тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыў ҳәм белгиленген басламаларды әмелге асырыўға таяр екенин билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.