Өзбекстан Омбудсманы Евроазия Омбудсманлар альянсының Х юбилей мәжилисинде қатнасты

    2025-жыл 22-октябрь күни Москва қаласында Евроазия омбудсманлар альянсының алыс ҳәм аўыллық аймақларда жасаўшы пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў мәселелерине бағышланған Х юбилей мәжилиси болып өтти.

    Мәжилисте Россия, Армения, Бахрейн, Қырғызстан, Қазақстан, Сербия, Монголия, Тәжикстан, Иран, Шри-Ланка ҳәм Өзбекстан Омбудсманлары қатнасты. Буннан тысқары, илажда Түркия, Мьянма, Иордания, Пакистан, Индонезия, Оман, Түркменстан, Ирақ, Вьетнам, Камбоджа ҳәм Ливан ўәкиллери бақлаўшы сыпатында қатнасып, өз тәжирийбелери менен ортақласты.

    Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Феруза Эшматова шығып сөйлеп, Өзбекстанда пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

    Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде елимизде әмелге асырылып атырған "Абат аўыл" бағдарламасы, аўыл инфраструктурасын раўажландырыў бойынша комплексли илажлар алыс аймақларда жасап атырған халықтың турмыс шараятын жақсылаўға хызмет етип атырғанын атап өтти.

    Буннан тысқары, Омбудсман "мәҳәлле кесиминде ислесиў" системасының енгизилиўи орынларда пуқаралардың машқалаларын анықлаў ҳәм мәнзилли шешимлер қабыл етиўде қосымша имканиятлар жарататуғынын атап өтти.

    Феруза Эшматова халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, пуқаралардың мүрәжатларында көтерилген әҳмийетли мәселелерди үйрениў ҳәм оларды системалы шешиўге қаратылған "Омбудсман мектеби" жойбарының жумысына айрықша итибар қаратты. Оның айтыўынша, бул жойбар алыс аймақлардағы халық пенен пикирлесиў ушын ашық платформаға айланған.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates