Атап айтқанда, БМШ Раўажланыў бағдарламасының (UNDP) Женевадағы ўәкилханасының директоры Аги Вереш, Инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлар глобаллық альянсының (GANHRI) хаткери, Арқа Ирландия Инсан ҳуқықлары бойынша комиссиясының бас комиссары Элисон Килпатрик, Инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша миллий институтлар Азия-Тыныш океаны форумының (APF) атқарыўшы директоры Туи Доан-Смит, сондай-ақ, БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссары Басқармасының (OHCHR) Миллий институтлар ҳәм регионаллық механизмлер секциясының инсан ҳуқықлары бойынша хызметкери Маттиас Клеттермайер менен сөйлесиўлер өткерилди.

Ушырасыўларда тәреплер инсан ҳуқықларын тәмийинлеў тараўында халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, институционаллық қарым-қатнасты беккемлеў, инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша миллий институтлардың халықаралық майдандағы ролин арттырыў, регионаллық ҳәм әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерин додалады.

Сөйлесиўлер ўақтында Омбудсман Өзбекстанда инсан ҳуқықларын тәмийинлеў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланғанын айрықша атап өтти. Атап өтилгениндей, әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў механизмлери сезилерли дәрежеде жетилистирилди, Омбудсман институтының жумыс нәтийжелилиги сезилерли дәрежеде артты.

Институтты Париж принциплерине муўапық және де жетилистириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Атап өтилгениндей, Глобал альянс тәрепинен 2020-жылы "В" статусы берилгеннен соң ҳуқықый базаны беккемлеў, жуўапкерлик илажларының көлемин кеңейтиў, регионаллық ўәкиллердиң жумысын күшейтиў, санлы шешимлерди енгизиў, мүрәжат етиўшилер ушын және де ашық-айдын ҳәм қолайлы механизмлерди жаратыў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Сырт елли шериклер, өз гезегинде, халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм жеделлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтип, усыныслары менен бөлисти.

Ушырасыўлар дослық ҳәм ашық-айдынлық руўхында өтти.