"Дүнё" ХАның хабар бериўинше, сөйлесиў ўақтында мәдений-ағартыўшылық тараўда Өзбекстан-Оман қатнасықларының жағдайы ҳәм перспективалары, еки мәмлекет музейлери арасындағы байланысларды жеделлестириў, атап айтқанда, биргеликте көргизбелер шөлкемлестириў, экспонатларды сақлаў бойынша тәжирийбе алмасыў, қәнигелер ушын семинарлар өткериў, биргеликте илимий-изертлеў жумысларын алып барыў ҳәм басқалар ҳаққында пикир алысылды.

Сондай-ақ, тәреплер Игорь Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейи ҳәм Оман Миллий музейи арасында бирге ислесиў байланысларын орнатыў перспективаларын додалады.

Мәмлекетимиз елшиси Оман Миллий музейи басшылығын Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының болажақ ашылыў мәресиминде елимиздиң тарийхына байланыслы экспонатлар менен қатнасыўға мирәт етеди.

Оман тәрепи бул илажда қатнасыўға таяр екенин билдирди ҳәм Өзбекстан музейлери менен бирге ислесиўди жолға қойыўдан мәпдар екенин тастыйықлады.