Оманлы исбилерменлер аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеўде бирге ислеседи

    Оманлы ири ширкет пенен Өзбекстанда аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеўге қаратылған кәрхана шөлкемлестириў мәселеси додаланды.

    Өзбекстан елшиси Абдусалом Хатамов Оманда өсимлик майлары ҳәм олардың туўындылары, маргаринлер, арнаўлы майлар, аспазлық майлары, сары май, кетчуп ҳәм майонез ислеп шығарыўға қәнигелескен ири компания «Areej Vegetable Oil & Derivatives SAOC» атқарыўшы директоры Салем Нассер ал-Бортмани менен ушырасыў өткерди.

    Ушырасыўдан гөзленген тийкарғы мақсет аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеп шығарыўға бағдарланған қоспа ширкет шөлкемлестириў ҳәм бул тараўдағы кәрханаларға инвестиция киргизиў болды.

    Сөйлесиў ўақтында «Areej Vegetable Oil & Derivatives SAOC» тәрепинен Самарқанд ўәлаятына инвестиция киргизип, кетчуп ислеп шығарыўға қаратылған кәрхананы шөлкемлестириў ҳәм томат пасталарын Оманға импорт етиўди жолға қойыў мәселелери додаланды.

    Оманлы шерик пенен жақын күнлерде дәслеп өзбекстанлы исбилерменлердиң қатнасыўында онлайн ушырасыў өткериў ҳәм кейин ала компания ўәкиллериниң Өзбекстанға сапарын шөлкемлестириўге келисип алынды, деп хабар береди "Дунё" ХА.