Сын көзқарас руўхында өткен илажда тараўға "мақсет - ҳәрекет - нәтийже" принципи тийкарында стратегиялық режелестириў ҳәм раўажландырыў бойынша жаңа система зәрүр екенлиги атап өтилди. Химия өнимлерин ислеп шығарыў көлемин арттырыў, жаңа қуўатлықларды иске қосыў ҳәм экспорт потенциалын кеңейтиў бойынша анық көрсеткишлерди белгилеў бойынша тапсырмалар берилди.
Атап айтқанда, усы жылы тармақ экспортын 720 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды. Аўыл хожалығында режелестирилген өнимдарлықты тәмийинлеў ушын азотлы төгинлерди 1 миллион 120 мың тоннаға, фосфорлы төгинлерди 135 мың тоннаға, калийли төгинлерди 222 мың тоннаға жеткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Атап өтилгениндей, усы жылы тармақ ҳәм аймақлар кесиминде улыўма баҳасы 9,5 миллиард доллар болған 133 жойбарды әмелге асырыў шеңберинде 2,5 миллиард доллар инвестиция тартыў режелестирилген. Атап айтқанда, 24 стратегиялық жойбар шеңберинде химия санааты кәрханалары ҳәм аймақларда 1,3 миллиард доллар инвестицияларды өзлестириў, 7 жаңа қуўатлылықты иске қосыў режелестирилген.
Қоңырат сода заводында өндиристи кеңейтиў, "Самарқандкимё" кәрханасында минерал төгинлер ислеп шығарыўды жолға қойыў, Дийқанабад калий заводының қуўатлылығын арттырыў жойбарларының орынланыўы сын көзқарастан көрип шығылды. Мүддетлердиң мүмкин болмаған дәрежеде созылыўы көрсетип өтилди. Жуўапкерлерге инвесторлар менен биргеликте бул жойбарларды жедел жуўмақлаўды тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.
"Аммофос-Максам" кәрханасының жумысы даўамында топланған фосфогипс санаат шығындыларын қайта ислеў мәселесине де итибар қаратылды. Олардан қосымша өнимлер, соның ишинде, сульфат кислотасы ислеп шығарыў имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди.
Химия санаатын стратегиялық раўажландырыў ушын заманагөй илимий-технологиялық инфраструктураны қәлиплестириў мәселелери де көрип шығылды.
Атап айтқанда, Қубла Кореяның жетекши компаниялары менен биргеликте химия-технология инновациялық орайын шөлкемлестириў режелери ҳаққында мәлимлеме берилди. Бул орай газ ҳәм көмир химиясы, тереңлестирилген химиялық анализ, сорбентлер, катализаторлар, нано ҳәм композит материаллар сыяқлы бағдарларда илимий изертлеўлер алып барыўға қәнигелестириледи ҳәм Орайлық Азияда бирден-бир илимий-изертлеў институтына айланады.
Презентацияда еритиўшилер, қурғақ цианидлер, каустикалық сода, силикон ҳәм минерал төгинлер ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, "Ферғанаазот" кәрханасында аммиак, карбамид ҳәм аммиаклы селитра қуўатлықларын модернизациялаў, "Наўайыазот"та аммоний нитрат, Ташкент ўәлаятында турмыслық химия өнимлерин ислеп шығарыў, Биринши резинотехника заводында жаңа түрдеги шиналар ислеп шығарыў жойбарларының орынланыўы ҳаққында да мағлыўмат берилди.
Соның менен бирге, "Өзхимиясанаат" акционерлик жәмийетинде жойбарларды басқарыў нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы режелер көрип шығылды.
Атап айтқанда, жәмийетте ҳәм оның қурамындағы кәрханаларда 21 министрлик ҳәм уйымлар, сатып алыў операторларының базалары менен интеграцияласқан ERP системасы енгизилип, 16 мәлимлеме системасы бирден-бир санлы платформаға бирлестирилди. Финанслық жағдайды таллаў ҳәм прогнозлаў, минерал төгинлерге болған талапты болжаў процесслерине жасалма интеллект технологияларын басқышпа-басқыш енгизиў режелестирилген.
Сондай-ақ, минерал төгинлер ҳәрекетиниң барлық басқышларын - кәрханадан фермерге шекем санлы қадағалаў менен қамтып алыў нәзерде тутылған.
Есап палатасы менен биргеликте энергия ҳәм шийки зат қәрежетлерин қысқартыў, санластырыў илажлары арқалы химия санааты өнимлериниң өзине түсер баҳасын 10-15 процентке азайтыў ўазыйпасы қойылды.
Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге химия санаатында ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў, машқалалы мәселелерди жедел шешиў ҳәм жаңа өндирис қуўатлықларын белгиленген мүддетлерде иске қосыў бойынша тапсырмалар берди.