Ырасында да бүгин кредит алмаған жерлесимиз қалды ма, екен? Хош, олар бул қаржыларды қандай мүтәжликлери ушын жумсамақта? Ҳәр қыйлы мақсетлерде алынып атырған кредитлер олардың машқалаларын шешпекте ме ямаса тәшўишке салмақта ма?
Статистикалық мағлыўматларға бола, усы жылдың январь айында банклер ажыратқан кредитлер 868 миллиард сумға артып, дерлик, 534 триллион сумға жеткен. Әлбетте, буның үлкен процентин исбилерменлик ямаса дәрамат келтиретуғын басқа да тараўлар ушын алынған қаржы қурайды.
Мәмлекетимизде исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегинде болған ўатанласларымызға кең имканиятлар жаратылмақта. Атап айтқанда, олар ушын усы жылдан баслап жеңиллетилген дәўир ҳәм процентлерде, онлайн тәризде, бир заматта 100 миллион сумға шекем кредит алыў имканияты жаратылғаны өз бизнесин баслаў ушын тийкар ўазыйпасын атқарады. Ең тийкарғысы, бундай инсанларға кредит алыў, қаржыдан дурыс пайдаланыў, табыслы бизнес түрлери ҳаққында усыныс бериў ушын "мәҳәлле жетилиги"нде зәрүр финанслық билимлерге ийе ҳәким жәрдемшиси, аймақларда мәҳәлле банкирлериниң жумысы жолға қойылған. Демек, исбилерменлик етиў ушын кредит алып атырғанлар утылмай атыр. Жаратылған имканияттан дурыс пайдаланып, өзин ҳәм басқаларды дәраматлы мийнет пенен бәнт етпекте. Сондай-ақ, адамлардың бирлемши мүтәжлиги - турақ жайға ийе болыў ямаса оны оңлаў ушын ажыратылып атырған ипотека кредитлери де халқымызға пайда келтирип атыр. Бул қаржылар есабынан қаншадан-қанша ўатанласларымыз "кишкене ўатаны"на ийе болып, турмысын жолға қоймақта.
Ипотека кредитлери ушын субсидия ҳәм басқа да түрли жеңилликлердиң қолланылыўы көплеген инсанлардың төлеў қәбилетин жақсыламақта. Бул болса социаллық қорғаўға мүтәж, кәмбағал шаңарақлардың да қалаларда бой тиклеп атырған заманагөй, барлық қолайлық ҳәм шараятларға ийе көп қабатлы турақ жайлардың ийеси болыўына тийкар жаратпақта. Әсиресе, кредитлердиң процент ставкасы жыл сайын азайтылып атырғаны мақсетке муўапық. Билимлендириў кредити, овердрафт сыяқлы кредитлер де ўатанласларымыздың машқалаларын сапластырмақта.
Бирақ, адамлар барлық кредит түрлеринен де нәтийжели пайдаланбақта, деп айтып болмайды. Мәселен, жоқары процент ставкаларында усыныс етилетуғын онлайн микроқарыз ямаса кредит карталарынан надурыс мақсетлерде пайдаланыў айырым ўатанласларымыз ушын қымбатқа түспекте. Тәшўиш үстине тәшўиш арттырып, гейде өмирин изден шығарып атыр.
Хош, буның тийкарғы себеби неде? Кредитлер процентин белгилеў қандай факторларға тийкарланады? Бүгин коммерциялық банклердиң орташа кредит процентлери қандай? Машқалалы кредитлер артыўының алдын алыў мүмкин бе? Келиң, төменде усы сораўларға жуўап излеп көремиз.
Дәслеп, кредит не екенлигине тоқтап өтсек. Кредит - кредит шөлкемлери, мысалы, банк тәрепинен ажыратылатуғын қарыз қаржысы. Банклер пулларды бир шөлкемнен қарыз алып, басқасына белгили мүддетке қарызға береди. Пулды қарыз сипатында алып ислеткени ушын процент төлейди ҳәм клиентлерине қарызға бергени ушын процент өндиреди. Төленген ҳәм өндирилген процентлер арасындағы парық ҳәм түрли финанслық хызметлер ушын төлемлер банктиң дәраматы есапланади.
Банклердиң кредит процентлери Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы, мәмлекеттеги жыллық инфляция дәрежеси ҳәм банклердиң аманатқа алған пуллары ушын пуқараларға төлейтуғын процентинен келип шығып белгиленеди. Базар экономикасында ҳәр бир коммерциялық банк исбилерменлик субъекти сыпатында кредит процентлерин белгилеўде өзи еркин қарар шығарады.
Орайлық банк мағлыўматларына бола, коммерциялық банклер тәрепинен физикалық тәреплерге ажыратылып атырған кредит процентлериниң орташа баҳасы өткен жылдың декабрь айында 24,9 процентти қураған. Бул көп пе ямаса аз ба? Дүнья мәмлекетлери менен салыстырғанда бул орташа көрсеткиш. Бирақ, итибарлы тәрепи сонда, 2021-жылдың тап усы дәўиринде мәмлекетимизде бул көрсеткиш 21,3 процент еди. Өткен дәўир даўамында көрсеткиш дерлик 3 процентке көтерилген.
Бирақ, жоқарыда санап өтилген кредит процентин қураўшы элементлер, яғный Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы, инфляция, аманатқа төленетуғын процентлерде бундай көтерилиў жүз бермеген.
Бир ғана Орайлық банктиң тийкарғы ставкасын алатуғын болсақ, ҳәзирги күнге келип 13,5 процентке түсирилген. Мәмлекеттеги инфляция дәрежеси, аманатқа берилетуғын процентлерде улыўма 1-2 процент көтерилиў бар. Бир сөз бенен айтқанда, тийкарғы ставка жыллар даўамында бираз төменлетилген болса да, коммерциялық банклердиң халыққа ажыратып атырған кредитлеринде бул қолайлық өз көринисин таппаған.
Сондай-ақ, бул санлар орташа процент ставкасы көрсеткиши. Жеке бақлаўларыма бола, ҳәзирги ўақытта онлайн микроқарызларды коммерциялық банклер 28 проценттен 49 процентке шекем, айырымлары болса оннан да жоқары процентлерде бермекте. Негизинде бул машқала емес. Жоқарыда айтқанымыздай, банклер процентлерди белгилеўде еркин қарар қабыл етиўи мүмкин. Себеби тараўда саламат бәсеки орталығы жаратылған. Барлық банклер ушын бирдей шараят ҳәм имканиятлар берилген. Пуқараларда болса төмен процентли кредитлерди таңлаў ҳуқықы бар. Саламат бәсеки процентлер тәбийий түрде төменлеўине алып келиўи зәрүр. Бирақ, кейинги жылларда процентлер төменлеўи емес, керисинше, көтерилиўи бақланбақта. Неге? Буған бир неше себеп бар. Олардың ең тийкарғыларынан бири халықтың финанслық саўатлылығы төменлиги ҳәм коммерциялық банклер бул кемшиликтен қадаған етилмеген усыллар менен пайдаланып киятырғаны болып есапланады.
Мәселен, түрли реклама, пиар қураллары, акциялар арқалы өзине пуқараларды тартпақта. Олар тез ҳәм үлкен муғдарда кредит бериўин айтады, бирақ бул саўға ямаса сыйлық емес, ал қарыз екени ҳаққында бир аўыз да сөз айтпайды.
Сондай-ақ, процент ставкасы жоқары болған көпшилик банклерге мүрәжат еткениңизде, сизге алмақшы болған кредитиңиз проценти ҳаққында дерлик мағлыўмат бермейди. Банк хызметкерлеринен процентлер ҳаққында сорасаңыз, бизде буны сизиң финанслық жағдайыңызға қарап компьютердиң өзи белгилейди, деген жуўапты еситесиз. Онлайн тәризде мобил қосымша арқалы қарыз алғаныңызда процент ҳаққындағы мағлыўматларды әдетте узыннан-узақ шәртнама қағазының бир мүйешинде жайластырады. Көпшилик буған итибар да бермейди.
Сондай-ақ, тараўдағы машқалалардың және бир себеби айырым ўатанласларымыздың артықша дәбдебе, той-тамашаға өшлиги болып есапланады. Халқымызда пул табыў мийнет, оны жумсаў болса өнер, деген нақыл бар. Бирақ, бул сөзлердиң мәнисине жетпеген досларымыз арасында жыллап маңлай тер, мийнет пенен пул таўып, оны бир күнлик салтанатлы той-мерекеге жумсап жибериўди қәдирият дәрежесине көтергенлер бар. Ямаса саўлатлы жай салыў ушын жигирма-отыз жыл ўақты, күши, мийнетин аямайтуғынлар да көп. Көп жыллардан берли әдетке айланған биймәни қәрежетлерди талап ететуғын бундай иллетлердиң санына жетип болмайды. Жақында Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң мәжилисинде Президентимиз коррупцияның тийкарғы тамыры артықша дәбдебелик екенин айтты. Ҳақыйқатында да, бул иллет өзиниң артынан басқа тәшўиш ҳәм машқалаларды жетеклеп келмекте.
Ең жаманы, алдын бундай өткинши ҳәўеслер ушын тийинди тийинға қосып, жетпеген жерине бираз қарыз алған инсанлар ҳәзир банклерден микроқарыз ямаса басқа түрдеги кредит алып, әйне усы мақсетлерде жумсамақта. Жоқары процент ставкасына ийе кредитлерди режесиз жумсаў болса шаңарақлардың машқалалар батпағына түсип қалыўына себеп болмақта.
Турмыслық мысал. Ҳәр ай қарыз сораўды әдет еткен достыма дәслеп жәрдем берип жүрдим. Соң өзимше мәсләҳәт берген болып, "Жас шаңарақсыз, ақшаға мүтәжлик көп болыўы тәбийий. Бирақ, шаңарақ бюджетин дурыс бөлистирип алыў керек. Қәрежетлерди айлық мийнет ҳақыға қарап режелестириңиз керек, бул сизге кәсиплес сыпатында мәсләҳәтим", дедим. Достым қатты гүрсинип, "Сиз булар еле жас, ойын-заўыққа пул сарыплап атыр деп ойлап турған шығарсыз. Бирақ олай емес, той ушын азырақ кредит алған едим. Соны төлеў менен әўеремен", деди. "Тойға да кредит ала ма адам. Оннанша, той қәрежетлерин кемейтсеңиз болмай ма", деп сорадым. Достым "Не қылайын, үйдегилер тойдың кемисин толтырыў керек", деп ҳал-жаныма қоймады. Телевизорда той өткериўиңиз ушын жәрдем беремиз, деген банк рекламасын көрген екен. Соннан алмасаң болмайды, деп турып алды", деди. "Ал, ондай болса, ата-анаңызға айтың, алыўға көндирипти, енди төлеўге де жәрдем берсин", деген мәсләҳәтимге "Айта алмайман, олар да той ушын кредит алған, соны төлеп атыр" деген жуўап алдым.
Оның бул сөзлерин еситип, ағартыўшы бабамыз Маҳмудхожа Беҳбудий тәрепинен 100 жыл алдын айтылған "Биз түркстанлыларды кемириўши иллетлер туберкулёз, сифилис сыяқлы ҳәр қыйлы жуқпалы кеселликлерден де жаманырақ ўайран ҳәм ғарип етиўши бир дәрт - кризис ҳәм қәўипке салыўшы той, аза деп атаған еки жаўыз..." мазмунындағы сөзлери ядыма түсти. Бул бир ғана мысал. Есиңизге түсирип көриң, көшеде, дос-яранларыңыз арасында да усындай аўҳалға түскен адамларды ушыратқан болсаңыз керек. Ең жаманы, олардың саны күн сайын артып, қарызға батып қалып атырғанлар көбеймекте. Машқалалы кредитлер көлеми артып бармақта. Бул статистикалық мағлыўматларда да өз дәлилин таппақта. Орайлық банк мағлыўматларына бола, усы жылдың январь айында машқалалы кредитлер 2,6 триллион сумға көбейип, 23,8 триллион сумға жеткен. Машқалалы кредитлер улыўма кредит көлеминиң дерлик 4,5 процентин қурамақта.
Салыстырыў керек болса, олардың көлеми өткен жыл даўамында 0,5 процентке артқан еди. Быйыл болса тек ғана бир, еки айдың ишинде усы муғдарға көтерилди. Есаплап көриң, жылдың ақырына шекем машқалалы кредитлер көлеми қаншаға артыўы мүмкин. Көрсетилген санлар бир қарағанда кишкене болып көриниўи мүмкин, бирақ жоқарыда айтқанымыздай, күнделикли турмыста да бундай инсанлардың саны артып атырғаны бақланбақта.
Ҳәзирги базар экономикасы дәўиринде адам жақсы жасаўы ушын финанслық өзгерислер, дәраматты қәрежеттен қәрежетти кемшиликтен ажырата алыў зәрүр. Әсиресе, қарыз алып атырғанда ямаса кредиттен пайдаланып атырғанда финанслық саўатлылық жүдә зәрүр. Айырым ўатанласларымыз дифференциал, аннуитет төлеў усыллары түўе жыллық процент ставкасы не екенин де толық түсинбейди. Үлкен ақша ҳаққында еситип, қызбалық пенен кредит алып қояды да, айма-ай төлемге келгенде неге буншама көп, деп бас қатырып отырады.
Бул болса финанслық саўатлылық мәселеси және де әҳмийетли екенлигин көрсетеди. Сол себепли, Дания, Уллы Британия сыяқлы мәмлекетлерде финанслық саўатлылық мектеп оқыў бағдарламасына киргизилген. Мәмлекетимизде де бул бағдарда бир неше жыллардан берли тийисли жумыслар исленбекте. Атап айтқанда, Президентимиздиң 2021-жыл 13-апрельдеги "Капитал базарын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманында улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары ҳәм экономикалық емес бағдардағы жоқары билимлендириў шөлкемлериниң студентлери ушын "финанслық саўатлылық" оқыў курсын пән сыпатында енгизиў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, бизнес коворкинг орайлары, Орайлық банк тәрепинен шөлкемлестирилген “Finlit.uz” веб-сайты ҳәм түрли медиа өнимлер арқалы халықтың саўатлылығы арттырылмақта. Халықтың саўатлылығын арттырыў бойынша коммерциялық банклерге де жуўапкершилик жүклеў мүмкин. Өз кредит қаржыларын реклама етип атырған коммерциялық банклер социаллық видеороликлер таярлап, кеңнен үгит-нәсиятлаўы мүмкин.
Бирақ, халықтың саўатлылығын арттырыў бир-еки күн, ҳәттеки бир-еки жылда күтилген нәтийжени беретуғын аңсат жумыс емес. Жыллар даўамында системалы алып барылған әмелиятлардың нәтийжеси болады. Бирақ, халықтың финанслық саўатлылығы артқанда, машқала өз шешимин табады, деп қол қаўсырып күтип отырыў да мүмкин емес. Оған шекем қанша пуқара машқалалы кредит батпағына түсип қалады ҳәм бул аўыр ақыбетлерге алып келеди.
Мәмлекетимиз басшысы 2025-жыл кәмбағаллықты қысқартыўда әҳмийетли болатуғынын атап өтпекте. Ҳәзирги ўақытта бул бағдарда мәмлекетимизде кең көлемли, системалы жумыслар исленбекте. Усындай бир дәўирде онлайн микроқарызлардан надурыс пайдаланылыўы артынан айырым ўатанласларымыздың дәраматы кескин түсип, кәмбағал шаңарақлар қатарына кирип қалыўы ашынарлы жағдай болады.
Сол себепли, кредит алыў ушын онлайн ямаса банкке барып мүрәжат етип атырған пуқараларға мақсетсиз кредит финанслық жағдайын төменлетиўи түсиндирилиўи керек. Кредит саўға ямаса сыйлық емес, ал миннетлеме екенин, оны неге жумсаўдан алдын қалай төлеў ҳаққында бас қатырыў кереклигин түсиндириў зәрүр.
Бир күни жеңгем қасыма келип телефонын услатты. "Қәйним, ертең әжапамның қызының тойы, соған кийим сатып алыўым, анаў-мынаў нәрсе алып барыўым керек. Мине бул мобил қосымшадан онлайн микроқарыз алыўды түсинбей атырман", деди. "Қанша алмақшысыз", деп сорасам, "Билмеймен, қанша береди, бергенинше ала бериң", деди. Мен жеңгеме кредит процентлери, оны қайтарыў зәрүрлиги ҳаққында түсиндирип бердим. Бир әмеллеп бундай мақсетсиз кредит алыў надурыс екенин айтып, оны пәтинен қайтардым.
Әжағамның гәпи болса оннан да асып түсти. "Иним, банк пәлен суммаға шекем кредит берип атыр екен, маған алып бермейсең бе", деп қалды. "Кредитти не қыласыз", деп сорадым. "Жақын достымнан қарыз алған едим, және машинаны да оңлатыў керек, үйдиң ояқ-буяғына қараў керек, сен ала бер, кейини менен исиң болмасын. Пул болса, сарыплайтуғын жер табылады", деди. "Сарыплайтуғын жер табылады ғой, бирақ оны қайтарыўы не болады", деп сорадым. "Әй, еплеп бөлип-бөлип төлермиз-дә", деди.
Бундай режесиз, асығыслық пенен кредит алып атырған бир ғана әжағам ямаса жеңгем емес шығар. Бундай адамларды азғана сергеклендириў ушын кредит ҳаққындағы рекламаларда да "Мақсетсиз кредит алыў сизди финанслық аўыр жағдайға түсирип қойыўы мүмкин", деген ескертиў берилиўи зәрүр. Бәлким, адамлар кредит алыўдан алдын және бир мәрте терең ойланса, шын мәнисиндеги мүтәжлиги ҳәм төлеў қәбилети барлар онлайн микроқарызға мүрәжат еткен болар ма еди?
Себеби дәри рекламасында қәнигелердиң мәсләҳәтин алыў зәрүр екени, ҳәр қыйлы алкоголь ҳәм денсаўлық ушын қәўипли басқа да өнимлердиң рекламасында олардың зыянлы екени айтылмақта. Базар экономикасы дәўиринде халық машқалалы кредитке оралып қалмаўы денсаўлыққа зыянлы болмаса да, олардың турмысын изден шығарыўы мүмкин. Бир адамның өмирине тәсир етсе, мейли, бирақ пүткил шаңарақты кәмбағаллар қатарына киргизип қойыўы, барып барып халықтың абаданлығына, мәмлекеттиң раўажланыўына үлкен зыян жеткериўи итималы бар.
Тарийхшы устазымнан әдалат сүйиўши Әмир Темур дәўириндеги халықшыл қағыйдалардан бири ҳаққында еситкен едим. Сол дәўирдеги базарларға ерте таңда алып сатарлар киргизилмеген екен. Буннан узақ аўылдан келген дийқанлар баҳаны билмей, алып сатарларға алданып, бар-жоғын арзан баҳада сатпаўы, қала халқы да дийқанның өзинен өнимди сатып алыў имканиятына ийе болыўы мақсет етилген. Күн шыққаннан кейин, алып сатыўшылар да өз дәраматын ислей береди екен.
Бүгинги күнде көп тараўда мәмлекет бас реформатор, тәртипке салыўшы сыпатында, биринши гезекте, әпиўайы халықтың мәплерин қорғап келмекте. Жоқарыда атап өтилген жағдайларға да жақында айрықша итибар қаратылса тәәжип емес.
Санжар ЭШМУРОДОВ
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы