Орайлық Азия – Буғаз бирге ислесиўи

    адамлар ҳәм пуқаралық жәмийетлери арасында турақлы жақынласыўға қарай жол

    Өзбекстан басшылығында өтетуғын Буғаз бирге ислесиў кеңеси ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери (GCC – C5) арасындағы екинши саммит еки регион қатнасықларын жаңа басқышқа алып шығыў ушын әҳмийетли сиясий майдан ўазыйпасын атқарады.

    Бүгинги қыйын шараятта тек ғана ҳүкиметлераралық емес, ал жәмийетлераралық жақынласыў да турақлылық ҳәм өз-ара исенимниң тийкарғы тийкарына айланбақта. Саммит шеңберинде адамлар арасындағы байланысларды беккемлеў, пуқаралық жәмийети институтлары, атап айтқанда, ақыл орайлары арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў және де айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

    Кейинги жыллары Орайлық Азия ҳәм Буғаз мәмлекетлери арасында энергетика, саўда, транспорт ҳәм қәўипсизлик тараўларында бирге ислесиў избе-из раўажланбақта. Бирақ бул сиясий келисимлердиң беккем ҳәм узақ мүддетли болыўы адамлар арасындағы мүнәсибетлер арқалы қоллап-қуўатланыўы лазым. Жәҳән тәжирийбесине бола, инсанлар арасындағы байланыслар дипломатиялық қарым-қатнас ушын социаллық тийкар жаратады. Турақлылық орталығын тәмийинлейди ҳәм өз-ара исенимди беккемлейди. Соның ушын бул мәселе саммит күн тәртибиниң тийкарғы бағдарларынан бири етип белгиленген.

    Орайлық Азия ҳәм Буғаз мәмлекетлери ислам цивилизациясының әҳмийетли орайлары болып есапланады. Бухара, Самарқанд ҳәм Хийўа сыяқлы қалаларды Мекке, Мадина ҳәм Дубай менен байланыстырыўшы басламалар тек ғана туризм емес, ал руўхый ҳәм тарийхый бирликти де беккемлейди. Бул халықларымыздың өз-ара бай мәденияты ҳәм тарийхы менен жақыннан танысыў имканиятын арттырады, жәмийетшиликтиң мәмлекетлераралық бирге ислесиўди жақсы қабыл етиўине хызмет етеди.

    Өзбекстан бул бағдарда бир қатар әмелий басламаларды әмелге асырмақта. 2023-жылы Саудия Арабстаны пуқаралары ушын визасыз режим енгизилди. 2024-жылдан БАӘ менен өз-ара визадан азат етиў ҳаққындағы келисим күшке кирди. Қалаберди, Басқа да Буғаз мәмлекетлери менен де усындай тәртипти енгизиў бойынша сөйлесиўлер алып барылмақта.

    Пуқаралық жәмийети институтлары, әсиресе, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер адамлар арасындағы қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейди. Мәмлекетлер аралық қатнасықларда белгили шеклеўлер болыўы мүмкин, бирақ МКШлар жәмийеттеги әҳмийетли машқалаларға инновациялық қатнас жасаў, кең жәмийетшиликти тартыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў имканиятына ийе.

    Қоршаған орталықты қорғаў, инклюзив билимлендириў, жаслар мәселелери, санлы теңлик, гендер теңлик сыяқлы тараўларда МКШлар нәтийжели қарым-қатнасты тәмийинлеў қуралына айланбақта. Бул шөлкемлер арқалы ҳүкимет ҳәм жәмийетшилик арасындағы қарым-қатнасты тереңлестириў, бирге ислесиўди институционаллық дәрежеге алып шығыў зәрүр. Айырым жағдайларда пуқаралық жәмийети институтлары рәсмий додалаўлардан алдын нәзик мәселелерди жәмийеттиң додалаўына шығарыў арқалы көпир ўазыйпасын атқарыўы мүмкин. Бул процессте экспертлер жәмийетшилиги ҳәм ақыл орайларының орны шексиз.

    Геосиясий турақсызлық ҳәм глобал машқалалар шараятында ақыл орайлары арасындағы бирге ислесиў стратегиялық әҳмийетке ийе болмақта. Буғаз ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлеринде жумыс алып барып атырған таллаў орайлары турақлылық, қәўипсизлик, экономикалық диверсификация ҳәм социаллық сиясат мәселелеринде интеллектуаллық тийкар болып хызмет етиўи мүмкин. Биргеликтеги таллаўлар, илимий мақалалар, экспертлер алмасыўы арқалы өз-ара түсинисиў ҳәм сиясий қарарлар сапасы артады.

    Миллетлераралық бирге ислесиўди раўажландырыўда ҳәр қыйлы баслама ҳәм жойбарлар қатарында шегараға жақын аймақлар арасында бирге ислесиўди раўажландырыўға да итибар қаратыў керек.

    Кейинги жыллары регионымызда бақланып атырған унамлы өзгерислер себепли шегара алды аймақларда өз-ара бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары қәлиплеспекте. Усы көзқарастан еки регион мәмлекетлери арасында шегараға жақын аймақлар дәрежесиндеги байланысларды буннан былай да жеделлестириў мәселеси айрықша әҳмийетке ийе. Бул, бәринен бурын, бундай аймақлар өз-ара тәжирийбе алмасыў имканиятын жаратыўы, сондай-ақ, олардың өзине тән тәреплеринен келип шыққан ҳалда ҳәр қыйлы социаллық-экономикалық жойбарларды әмелге асырыўға тийкар жаратыўы мүмкин.

    Буннан тысқары, жергиликли дәрежедеги бирге ислесиў тийкарында мәдений фестиваллар, жаслар алмасыўы бағдарламалары, билимлендириў бағдарындағы шериклик ҳәм муниципиаллық бирге ислесиўди кеңейтиў имканиятлары бар. Бундай басламалар тек ғана шегара аймақларындағы жедел байланысларды беккемлеп қоймастан, ал халықлар арасында өз-ара исеним ҳәм жақынлықты күшейтиўге де хызмет етеди. Бул аймақлар халық дипломатиясының үлгили орайларына айланып, стратегиялық келисимлерди әмелиятқа енгизиўде үлкен орын ийелейди.

    Саммит шеңберинде додаланатуғын мәселелердиң унамлы нәтийжелери ҳәр бир регион халқы ушын айрықша әҳмийетке ийе. Бул процессте жәмийетлер, инсанлар ҳәм идеялар арасындағы жақынласыў әҳмийетли фактор сыпатында көринбекте. Усы көзқарастан рәсмий дәрежедеги ҳәрекетлердиң нәтийжели әмелге асырылыўы ҳәм кең жәмийетшилик тәрепинен дурыс түсинилиўи ушын МКШлар ҳәм ақыл орайлары арқалы конструктивлик сөйлесиўди раўажландырыў еки регионның келешегин белгилейтуғын әҳмийетли ҳәм перспективалы ресурс болып хызмет етеди.

    Элдор ТУЛЯКОВ,

    “Тараққиёт стратегияси” орайы атқарыўшы директоры