Тоғай ҳәм жасыл аймақларды көбейтиў, шөллениўге қарсы гүресиў агентлиги шөлкемлестириледи

    3 маусым 2025 982

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде ҳәм тоғайларды басқарыў системасында реформаларды избе-из даўам еттириў, жасыл аймақларды кеңейтиў илажлары ҳаққында"ғы 90-санлы Пәрманы қабыл етилди.

    Пәрманға бола, 2026-жыл 1-январьдан "Жасыл мәкан" жойбары шеңберинде егилип атырған терек ҳәм пута нәллериниң көгерип шығыўы, өмиршеңлиги, кеселлик ҳәм зыянкеслерге шыдамлылығын арттырыў мақсетинде:

    - мәмлекетлик тоғай хожалықларында республика аймақларының климат шараятына сәйкес терек түрлериниң заманагөй селекция усылларынан пайдаланып, сапалы ҳәм кепилленген туқымларды жетистириў көлеми 1,5 есеге арттырылады;

    - туқымгершилик лабораторияларында республика аймақларының климат шараятына бейимлескен өсимлик түрлеринен аналық плантациялары шөлкемлестириледи;

    - мәмлекетлик тоғай хожалықлары тәрепинен жеткерип берилип атырған нәллер көлеми 2 есеге арттырылады.

    Сондай-ақ, 2025-жыл 1-октябрьден "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарында жәмийетшиликтиң қатнасын арттырыў, "Жасыл мәкан" электрон платформасында ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде:

    - халықтың басламасы менен терек егиў мүмкин болған анық аймақ, суў тәмийнаты, кейин ала тәрбиялаў имканияты ҳәм тереклердиң түрлери көрсетиледи;

    - "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарына мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар есабынан исленетуғын жумыслар жәмийетшиликке "ҳәр бир тийин жумсалыўын бақлаў" принципи тийкарында онлайн жеткериледи;

    - терек ҳәм путаларды кесиўге рухсатнама бериў ушын мүрәжат еткен шахс ҳаққындағы мағлыўмат, көширилиўи ямаса кесилиўи усыныс етилип атырған терек ҳәм көшириў (кесиў) себеби, анық мәнзили, жайласыўы, фото ҳәм видео көринислери сәўлелендириледи;

    - тоғай фондына кирмейтуғын терек ҳәм путалардың баҳалы сортларын нызамға қайшы түрде кескен ямаса жоқ еткен шахслар тәрепинен компенсация сыпатында егилген терек ҳәм пута нәллериниң есабын жүргизиў системасы енгизиледи;

    - тереклерди нызамға қайшы түрде кескен физикалық ҳәм юридикалық тәреплер, бул ҳуқықбузарлықлар ҳәм оларға байланыслы көрилген шаралар бойынша "Жасыл мәкан" электрон платформасына турақлы түрде мағлыўматлар киргизип барылады.

    Қалаберди, "Мениң бағым" жойбары шеңберинде жасыл бағлар жаратыўға кеминде бир гектар, жасыл жәмийетлик парклер ушын ярым гектардан жер майданлары ажыратылады.

    Пәрманға бола, Тоғай хожалығы агентлиги негизинде Тоғай ҳәм жасыл аймақларды көбейтиў, шөллениўге қарсы гүресиў агентлиги шөлкемлестириледи. Агентлик "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў, нәлшиликти раўажландырыў, терек ҳәм пута нәллериниң питомнигин көбейтиў бойынша республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымы есапланады.

    Жаңа тәртипке бола, 2025-жыл 1-ноябрьден тоғай фонды жер майданлары айрықша қорғалады ҳәм олардың категориясын өзгертиў Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарына муўапық әмелге асырылады.

    Буннан тысқары, 2025/2026-оқыў жылынан баслап Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети ("Grin universiteti") ҳәм оған бириктирилген "жасыл техникумлар"да:

    - оқыў процеси дуал билимлендириў системасы тийкарында жолға қойылады;

    - илимий-әмелий шынығыўларды шөлкемлестириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда ботаника ҳәм дендрология бағлары қурылады;

    - туқымгершилик, нәлшилик, климат өзгериўи тараўларында қысқа мүддетли оқыў курслары шөлкемлестирилип барылады.

    Бул Пәрман "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңбериндеги илажлардың нәтийжелилигин арттырыў, тоғайлар ҳәм жасыл аймақлар майданын кеңейтиў, олардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм шөллениўге қарсы гүресиўди системалы әмелге асырыўға хызмет етеди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates