Аралбойы регионында қолайлы тәбийий орталық жаратыў, аймақтың бийбаҳа мәденияты ҳәм тарийхый мийрасын қәстерлеп сақлаў және кеңнен ғалаба ен жайдырыў, усы бағдарларда илимий-изертлеў жумыслары, инновациялық жойбарлар ҳәм дөретиўшилик басламаларды әмелге асырыў ушын халықаралық бирге ислесиў ҳәм қарым-қатнасты буннан былай да кеңейтиў мақсетинде қарар етемен:
1. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң 2023-жыл 22-24-март күнлери Нью-Йорк қаласында (АҚШ) болып өткен суў ресурсларына бағышланған конференциясында Өзбекстан Республикасы тәрепинен Арал мәденият саммити жойбарын әмелге асырыў басламасы алға қойылғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2025-жылдан баслап ҳәр он сегиз айда - бәҳәр ямаса гүз мәўсимлеринде Арал мәденият саммити (кейинги орынларда - Саммит) өткерип барылыўы жолға қойылсын.
Биринши Арал мәденият саммити Самарқанд ықлым форумы менен үнлес ҳалда 2025-жыл 4-6-апрель күнлери Самарқанд ҳәм Нөкис қалаларында жоқары дәрежеде шөлкемлестирилсин.
Төмендегилер Саммиттиң тийкарғы мақсетлери ҳәм бағдарлары етип белгиленсин:
а) Аралбойында ҳәм дүньяның басқа да регионларында жүзеге келген экологиялық машқалаларды додалаў ҳәм ақылға уғрас шешимлерди усыныў ушын глобал платформа жаратыў;
б) Аралбойы машқалаларын шешиўде пәнлераралық қатнасты раўажландырыў;
в) турақлы шешимлер ҳәм стратегиялар жаратыўға қаратылған билимлендириў бағдарламасы тийкарында Арал мектебин шөлкемлестириў;
г) заманагөй технологиялар ҳәм дәстүрий архитектура тийкарында "Истиқлол" мәденият ҳәм дем алыў бағы, бағ аймағында жайласқан балалар китапханасын қайта қурыў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыўды жолға қойыў;
д) жетекши жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелери және шөлкемлер менен биргеликте Аралбойы регионында суў ҳәм топырақ изертлеўлерин алып барыў;
е) Аралбойы аймағының топырақ ҳәм ықлым шараятына сәйкес болған аўыл хожалығы егинлерин үйрениўге қәнигелескен лабораториялық платформаны жаратыў ҳәм оны усы бағдарда әмелге асырылатуғын илимий изертлеўлердиң оқыў-әмелий майданына айландырыў;
ж) Аралбойы регионында әсирлер даўамында қәлиплескен сийрек ушырасатуғын мәденият ҳәм дәстүрлерди сақлаў, қорғаў ҳәм кеңнен ғалаба ен жайдырыў;
з) халықаралық көлемде турақлы сөйлесиўлер, әмелиятлар, семинарлар, изертлеў бағдарламаларын шөлкемлестириў.
Арал мәденият саммитине таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитети (кейинги орынларда - Шөлкемлестириў комитети) 1-қосымшаға муўапық қурамға муўапық дүзилсин.
Шөлкемлестириў комитети (А.Н. Арипов):
а) усы қарарда белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырып барсын;
б) Саммитке таярлық көриў ҳәм оны өткериўде жүзеге келетуғын шөлкемлестириў мәселелерин жеделлик пенен шешсин;
в) Саммит шеңбериндеги илажлар өткерилетуғын орынлардың техникалық ҳәм телекоммуникация үскенелери менен тәмийинлесин;
г) Саммит пенен байланыслы илажлар ҳәм сырт елли мийманлардың саяхатын шөлкемлестирсин;
д) Саммитте қатнасыўшылардың Өзбекстанға келип-кетиўи, оларға виза рәсмийлестирилиўи, транспорт ҳәм медициналық хызмет көрсетиў мәселелерин муўапықластырсын;
е) Саммит шеңбериндеги илажлар өткерилетуғын аймақларда абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларының әмелге асырылыўын және объектлер ҳәм мийманхана фондының таярлығын тәмийинлесин;
ж) зәрүр жағдайларда, Саммитти жоқары дәрежеде шөлкемлестириўге байланыслы оператив қарарлар қабыл етсин.
7. Төмендегилер:
а) Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры (кейинги орынларда - Қор) Шөлкемлестириўши комитеттиң жумысшы уйымы есапланады;
б) Министрлер Кабинети тәрепинен Саммитти қаржыландырыў дәреклери белгиленеди ҳәмде қәрежетлер сметасы тастыйықланады.
Арал мәденият саммитине таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша илажлар режеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Ишки ислер министрлиги:
а) Миллий гвардия менен биргеликте Саммит шеңбериндеги илажлар өткерилетуғын аймақларда, соның ишинде, қатнасыўшы ҳәм мийманлар топланатуғын орынларда, мийманханаларда және олардың әтирапында жәмийетлик тәртипти сақлаў;
б) Саммитке баратуғын делегация ағзаларының қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде жол ҳәрекети қағыйдаларына муўапық бирге алып барыў илажларын көрсин.
10. Айрықша жағдайлар министрлиги Саммит шеңбериндеги илажлар өткерилетуғын аймақлардағы обектлер ҳәм олардың әтирапында айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў жумысларын шөлкемлестирсин.
11. Денсаўлықты сақлаў министрлиги Саммит шеңбериндеги илажлар өткерилетуғын орынларда тез медициналық жәрдем бригадаларының жумысын шөлкемлестириўди, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў, сондай-ақ, санитариялық нормалар, қағыйдалар ҳәм гигиеналық нормативлерге әмел етилиўи бойынша зәрүр илажлар көрсин.
Санлы технологиялар министрлиги Қордың мүрәжатына тийкарланып Саммит шеңбериндеги илажлар өткерилетуғын конференция ҳәм көргизбе заллары, баспасөз ханаларын белгиленген тәртипте зәрүр техникалық қураллар, синхрон аўдарма үскенелери ҳәм интернет тармағы менен тәмийинлесин.
13. Қордың талабына тийкар төмендегилерге:
а) “Uzbekistan Airways” АЖға сырт елли қатнасыўшылар ушын халықаралық ҳәм жергиликли рейслерге авиабилетлердиң бәнт етилиўин тәмийинлеў;
б) "Өзбекстан темир жоллары" АЖға сырт елли қатнасыўшылар ушын қатнаўдағы поездлардың барлық түрлерине темир жол билетлериниң резервин жаратыў ҳәм рәсмийлестириў илажларын көриў усыныс етилсин.
Сыртқы ислер министрлиги Қордың виза талапнамаларына бола, Саммитте қатнасатуғын сырт елли қатнасыўшыларға Өзбекстан Республикасына кириў визалары консуллық жыйымлары ҳәм ҳақыйқый қәрежетлердиң орнын қаплаў есабынан жыйымлар өндирилместен, зәрүр жағдайларда, Ташкент ҳәм Самарқанд халықаралық аэропортында рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
15. Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Қор менен биргеликте ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын барлық зәрүрли болған шараятларға ийе болған Саммит баспасөз орайының жумысын нәтийжели жолға қойсын, сондай-ақ, илажды жоқары дәрежеде халықаралық көлемде кеңнен сәўлелендириў ушын сырт ел ғалаба хабар қуралларын тартыў илажларын көрсин.
Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының баслығы Г.О.Умерова және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.У.Эрманов белгиленсин.
17. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президент Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2025-жыл 28-март