“Uzagrostar xolding” компаниясы шөлкемлестириледи

    18 ақпан 2025 595

    “Uzagrostar xolding” компаниясы жумысын шөлкемлестириў ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-57-санлы, 14.02.2025 ж.) қабыл етилди.

    Қарарға бола, “Uzagrostar xolding” компаниясы жуўапкершилиги шекленген жәмийет түринде шөлкемлестириледи.

    Сыртқы ҳәм ишки базарларда талап жоқары болған аўыл хожалығы өнимлери кесиминде базалық ҳәм қамтып алынатуғын районларды белгилеў ҳәм усы аймақлардағы мәҳәллелерде өним жетистириўдиң қәнигелесиўин тереңлестириў бойынша Холдинг компаниясының шөлкемлестириўинде қәнигелескен компаниялар шөлкемлестириледи.

    Бунда базалық районлар қәнигелескен компаниялардың тийкарғы жумысы ушын орай болып есапланады.

    Халықтың қыйтақ жерлеринде ҳәм дийқан хожалығы жер майданларында өним жетистириў бойынша қәнигелесиўди хошаметлеў мақсетинде төмендеги финанслық қоллап-қуўатлаў инструментлери енгизиледи:

    - жүзим нәлин шпалерге өткериўге ҳәр бир шпалер ушын 15 мың сумға шекем субсидия бериледи;
    - қыйтақ жердеги бағларды жаңалаў ушын “in-vitro” нәл сатып алыў қәрежетиниң 50 проценти қаплап бериледи;
    - 2025-жылы мийўе-палыз өнимлерин жетистириў ҳәм оларды сатып алыў ушын ажыратылатуғын жеңиллетилген кредитлерге 1 триллион сум қаратылады.